Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2270 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 96fbd7f8-0b13-4068-9e21-b74f21d51989 Claim ID PDF Hash 3479e008b4ada9c4... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2270-санлы экономикалық ис судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер банк ўәкили *** (2025-жыл 8-август күнги 11/11-санлы исеним хат тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер *** мәпинде жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер пайдасына 79 325 635 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 27 323 802 сом пайыз қарызын, 382 212 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: *** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 79 325 635 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 27 323 802 сом пайыз қарызын, 382 212 сом пеня өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкили даўаны қоллап-қуўатлап, даўаны қанаатландырыўды сорады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128-статьясына көре, егер суд экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўрысында суд мәжилиси басланғанына шекем мағлыўматларға ийе болса, усы қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Экономикалық суд ислерин жүритиў қатнасыўшысы төмендеги жағдайларда да суд тәрепинен тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады, егер: уйғарыў жолланған шахс уйғарыўдың көширме нусқасын алыўдан бас тартқан ҳәм усы бас тартыў ҳаққында жазыў бар болса; суд тәрепинен юридикалық шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили), пуқараның жасаў орны бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен болса; уйғарыўдың көширме нусқасы суд тәрепинен электрон почта арқалы яки хабардар етилгенлик фактин тастыйықлаўшы басқа байланыс қуралларынан пайдаланған ҳалда жиберилген күннен баслап үш күн өткен болса. 2 Палата суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына қарамастан суд мәжилисине ўәкили келмеди. Лекин, өз даўа арзасында исти өз ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Жуўапкердиң судқа мәлим болған ақырғы жайласқан орны (почта мәнзили) бойынша жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳәм бул ҳаққында байланыс мәкемеси судты хабардар еткен. Бул жағдайда жуўапкер тийисли тәртипте хабардар етилген есапланады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Сонлықтан, суд ЭПКниң 128, 170-статьяларына тийкар исти Палата, жуўапкердиң қатнасыўысыз көриўди мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмесин тыңлап, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа арзаны қанаатландырыўды лазым тапты. Ис материалларына қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 14февраль күни кредит шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға тийкар жуўапкерге айланба қаржыларын толтырыў ушын 2026-жыл 13-август күнине шекем толық қайтарыӯ, жыллық 25,99% төлеў шәрти менен 500 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы шәрт. ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. Кредит шәртнамасының 2.4, 5.2-бәнтлерине муўапық, шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер кредит қарыздарлығын ҳәм оған есапланған пайызларды төлеп барыў миннетлемесин алған. Кредит шәртнамасының 5.4-бәнтине көре, пайызлар өз ўақтында қайтарылмағанда, “Қарыз алыўшы” “Банк”ке кешиктирилген ҳәр бир күн ушын өз мүддетинде төленбеген пайыз суммасының 0,1% муғдарында пеня төлейди. Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде, 2025-жыл 29-сентябрь жағдайына жуўапкердиң мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы 79 325 635 сом, пайыз қарызы 27 323 802 сом, есапланған пеня 382 212 сомды қураған. Сонлықтан, даўагердиң даўа талабы тийкарлы есапланады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. 3 Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 79 325 635 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызын, 27 323 802 сом пайыз қарызын, 382 212 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 2 140 633 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырылсын. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер *** пайдасына 79 325 635 сом мүддети өткен тийкарғы кредит қарызы, 27 323 802 сом пайыз қарызы, 382 212 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине 2 140 633 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарарға наразы тәреп ол қабыл етилген күннен баслап бир ай мүддет ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов