Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2257 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d87944c8-8f10-42a5-8542-1f3750116536 Claim ID PDF Hash a32ce6c7bf0ab268... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2257-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер Ташкент қаласы “*****” ЖШЖниң жуўапкер Нокис каласы “*****” ЖШЖнен 30 006 400 сом қарыз, 15 003 200 сом пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер “*****” ЖШЖти жуўапкер “*****” ЖШЖнен 30 006 400 сом қарыз, 15 003 200 сом пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисине даўагер келмеди. Бирақ судқа усынылған илтимаснамасында исти даўагер ўәкилисиз көрип шығыў соралған. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы екинши, үшинши бөлимлерине тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан келип шыққан. ПК 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ға мүлк етип тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын белгиленген пул суммасы (баҳасын) төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 01-апрель күни 44-санлы алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине көре, сатыўшы-даўагер тәреп сатып алыўшы-жуўапкерге тәрепке есапбет-фактурада көрсетилген товарды мүлк сыпатында тапсырыў, ал сатып алыўшы болса оны қабыллаў ҳәм ҳақысын төлеў миннетлемелерин алған. Шәртнаманың 2.2-бәнтинде товарлар жеткизилиўинен соң сатып алыўшы оларды қабыллаўы ҳәм 100% төлемди 60-күн ишинде төлеп бериўи шәрт болған. Шәртнама жүзесинен қарыздарлық келип шыққаны себепли даўагер жуўапкерден қарыз, пеня өндириў мақсетинде судқа мүрәжат еткен. ЭПК 72-статьясында нызамшылықа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Иске қосылған 2025-жыл 25-апрель күнги 76-санлы электрон есапбетфактурада жәми 40 006 400 сомлық фармацевтика өнимлерин жуўапкердиң алғаны тастыйықланады. Бул қарыз суммасы қысман төленгени даўа арзада мәлим етилген. Нәтийжеде қалдық 30 006 400 сомның талап қылынғаны тийкарлы табылады. Шәртнаманың 5.2-бәнтинде мүлкий жуўапкершилик Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси ҳәм Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызам талаплары менен шешилиўи нәзерде тутылған. Усы Нызамның 32статьясы екинши бөлимине көре, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасының 50% аспаған жағдайда пеня талап қылыныўы мүмкин. Сонлықтан даўагер жәми 15 003 200 сом пеня есаплаған ҳәм оны өндириўди талап қылған. ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 4 000 000 сом ондириўди мақул табады. Солай етип, суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 30 006 400 сом қарыз, 4 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Жеңиллик тийкарында алдын ала толенген 450 096 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагер пайдасына өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза қысман қанаатландырылсын. Нокис каласы “*****” ЖШЖнен Ташкент қаласы “*****” ЖШЖниң пайдасына 30 006 400 сом қарыз, 4 000 000 сом пеня, 450 096 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов