Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1597 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 80eb5866-77b0-4f16-9667-fda672400952 Claim ID PDF Hash de9a196debff354c... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1597-санлы экономикалық ис Судья З.Х.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 18 ноябрь Шымбай районлараралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтыӊ хәткерлигинде, даўагер ўәкили “ХХХХХ” адвокатлык бюросы адвокаты ХХХХХ (2025 жыл 08 май күнги 3-санлы ордер тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 17 ноябрь күнги 13-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң, жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 20 000 000 сом тийкарғы қарыз, 2 000 000 сом пеня, адвокат хызмети ушын төленген 6 000 000 сом ҳәм почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти Шымбай районлар аралық экономикалық суды имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қл а д ы: Даўагер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 20 000 000 сом тийкарғы қарыз, 2 000 000 сом пеня, адвокат хызмети ушын төленген 6 000 000 сом ҳәм почта қәрежетлерин өндириўди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен. Даўагер ўәкили суд мәжлисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлады. Жуўапкер ўәкили даўа талабын кысман тән алып, ҳақыйқатында даўагер тәрепинен 20 000 000 сомлық жойбар-смета ҳүжжетлери ислеп берилгенин, бирақ жәмийеттиң финанслық жағдайына байланыслы көрсетилген хызметлер ушын ҳақысын төлеў имканияты болмағанлығын, даўаның адвокат хызметин өндириў ҳаққындағы талабы тийкарсыз екенлигин билдирип, даўаның усы тәрепин қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд, тәреплердиң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ҳак есесине хызмет көрсетиӯ шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң 236-статьясына муўапық мәжбуриятлар мәжбурият шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. 1 ПКниң 703-статьясының биринши бөлиминде ҳак есесине хызмет көрсетиӯ шәртнамасы бойынша орынлаӯшы буюртпашының тапсырмасы менен мүлкий түрде болмаған хызметти көрсетиӯ, буйыртпашы болса усы хызмет ушын ҳақы төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген. ПКниң 705-статьясының биринши бөлиминде буйыртпашы өзине көрсетилген хызметлер ҳақысын ҳакы есесине хызмет көрсетиӯ шәртнамасында көрсетилген мүддетлерде ҳәм тәртипте төлеӯи шәртлиги белгиленген. Истеги хүжжетлерден анықланыӯынша, тәреплердиң ортасында 2022 жыл 01 май күни жойбар-смета ҳүжжетлерин таярлаў хызметин көрсетиӯ ҳақкында 40-22-санлы шәртнамасы дүзилген. Усы шәртнаманың 1.1, 2.3 - бәнтлерине муўапық даӯагер-хызмет көрсетиўши тәрепинен Қараөзек районы, “Есим” МПЖ аймағында бес этажлы көп каббатлы 2-1 – санлы жайдың қурылыс жумысларын алып барыў ушын жойбар-смета ҳүжжетлерин таярлаў хызметин көрсетиӯ, жуӯапкербуюртпашы көрсетилген хызметлер ушын ҳақысын төлеӯ мәжбуриятын алған. Шәртнама бойынша даўагер тәрепинен 20 000 000 сомлық ҳызметлер көрсетилген. Бирақ, жуўапкер көрсетилген хызметлердиӊ ҳақысы толық төлемегенлиги нәтийжесинде даўагердиң алдында 20 000 000 сом тийкарғы қарыздарлығы пайда болған. Даӯагер тәрепинен жуӯапкерге жиберилген талапнамасы жуӯапсыз қалдырылған ҳәм қарыздарлық төленбеген. Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул истеги шәртнама, счёт-фактура ҳәм баскада хүжжетлер менен толық тастыйыкланады. Сонлықтан, даӯа арзаның тийкарғы қарыздарлықты өндириӯ талабы тийкарлы ҳәм қанаатландырылыӯы лазым. Даўагер даўа арзасында жуўапкер тәрепинен шәртнамасы бойынша алынған миннетлемелер мүддетинде толық орынланбағанлығы себепли 2 000 000 сом пеня өндириўди сораған. ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп береди, Нызамыныӊ 32-статьясында жеткерип берилген товарлар (ислер, хызметлер) ҳакысын өз ўақытында төлемегенлик ушын сатып алыўшы (буйыртпа бериўши) жеткерип бериўшиге өткерип жиберген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлеў суммасыныӊ 0,4% муғдарында, бирақ, 2 кешиктирилген төлем суммасыныӊ 50% артық болмаған муғдарда пеня төлейди деп белгиленген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнди бойынша, пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ, кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги көрсетилген. Талап қылынған пеня талабы тийкарлы. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июндағы «Мәжбүриятларды орынламағанлығы ямаса лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде Пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен мәжбүриятлардың орынланыў дәрежесин, мәжбүриятта қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аҳыўалы, сондайақ, кредитордың мәплерин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтириўге ҳақылы екенлиги, соның менен бирге, судлардың итибары неустойканың ең кем муғдары ПК-ниң 327-статьясында көрсетилген пайызлар муғдарынан кем болмаўы лазымлығы белгиленген. Суд, пеняның толық көлемде қанаатландырылыўы жуўапкердиң мүлкий аўҳалына кери тәсир ететуғынлығын, сондай-ақ, даӯагер тәрепинен мүддетинде өндириӯ шаралары көрилмегенлигин итибарға алып, пеняны кемейтирип 500 000 сомға қанаатландырыўды, пеняның қалған бөлегин қанаатландырыӯсыз қалдырыӯды мақул тапты. Буннан тысқары, даўагер даўа арзасында 6 000 000 сом адвокат хызметлери ушын төленген пул қаржыларды өндириўди сораған. 2025 йил 09 сентябрьдеги 1655-санлы электрон төлеў тапсырықнамасы менен 3 000 000 сом, 2025 йил 16 октябрьдеги 1677-санлы электрон төлеў тапсырықнамасы менен 3 000 000 сом, жәми 6 000 000 сом “ХХХХХ” адвокатлык бюросына өткизип берилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетилиўи лазым. 3 Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа талабын қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 20 000 000 сом тийкарғы қарыз, 500 000 сом пеня, адвокат хызмети ушын төленген 6 000 000 сом ҳәм 41 200 сом почта қарежетин, Республика бюджетине 560 000 сом мәмлекетлик бажы, ис видеоконференция байланыс режиминде көрилиӯи менен байланыслы болған 103 000 сом суд қарежетлерин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есабына өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар етти : Даўа талабы қысман қанаатландырылсын. “ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан "ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 20 000 000 сом тийкарғы қарыз, 500 000 сом пеня, адвокат хызмети ушын төленген 6 000 000 сом ҳәм 41 200 сом почта қарежети өндирилсин. Даӯаның қалған бөлеги қанаатландырыӯсыз қалдырылсын. “ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети Республика бюджетине 560 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. “ХХХХХ" жуўапкершилиги шекленген жәмийети Өзбекстан Республикасы Жоқарғы Суды депозит есабына 103 000 сом суд қарежетлери өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты а ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 4