Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2268 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID d87fe9f6-15b1-4608-a019-89b82c060533 Claim ID PDF Hash 71acda45ddda413a... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2268-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ Нөкис қаласы 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ***** (2025-жыл 12-ноябрь күнги 70-санлы исеним хат тийкарында), адвокат ***** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 18-санлы ордер тийкарында), И.Панаев, үшинши шахс ўәкили ***** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 874/8-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер “*****” жеке кәрханасының бурынғы шөлкемлестириўшиси *****тиң жуўапкер “*****” жеке кәрханасы, үшинши шахслар ***** ҳәм “*****” ЖШЖти орталарында нотариал тәртипте 2022жыл 20-июнь күнги Ksh№041829QR- анлы ипотека шәртнамасының 3.1бәнтиндеги 1-киши бәнтин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: “*****” жеке кәрханасының бурынғы шөлкемлестириўшиси ***** (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) экономикалқ судына даўа арзасы менен мүрәжат етип, “*****” жеке кәрханасы (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи), үшинши шахслар ***** ҳәм “*****” ЖШЖти орталарында нотариал тәртипте 2022-жыл 20-июнь күнги Ksh№041829QRанлы ипотека шәртнамасының 3.1-бәнтиндеги 1-киши бәнтин ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Судтың 2025-жыл 03-ноябрь күнги уйгарыўы менен “*****, “*****” ЖШЖти, Нөкис қаласы жеке нотариал практикасы менен шуғылланыўшы нотариус ***** ҳәм Нөкис қаласы Әдиллик бөлими-Мәмлекетлик хызметлер орайы үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисине даўагер тәрептен қатнасқан *****, ўәкили ҳәм адвокат даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Үшинши шахс Нөкис қаласы Әдиллик бөлими-Мәмлекетлик хызметлер орайының ўәкили нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Қалған үшинши шахслар ўәкиллери, нотариус суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды лазым тапты. Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкиллериниң түсиниклнрин, ўәжлерин тыңлап, топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, даўа арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 30статьясына муўапық, корпоратив келиспеўшиликлер бойынша ислер қатарына төмендегилер киреди: 1) юридикалық шахсты шөлкемлестириў, қайта шөлкемлестириў ҳәм сапластырыў менен байланыслы келиспеўшиликлер; 2) хожалық жәмийетлери ҳәм ширкетлериниң устав фондындағы (устав капиталындағы) акциялардың, үлеслердиң, кооперативлер ағзаларының пайларының тийислилиги, оларға жүклемелер белгилеў ҳәм олардан келип шығатуғын ҳуқықларды әмелге асырыў менен байланыслы келиспеўшиликлер, хожалық жәмийетлери ҳәм ширкетлериниң устав фондындағы (устав капиталындағы) акцияларды, үлеслерди, кооперативлер ағзаларының пайларын өз ишине алыўшы мийрас мүлкти ямаса ерлизайыплының улыўма мүлкин бөлиў менен байланыслы келип шығатуғын келиспеўшиликлер буған кирмейди; 3) юридикалық шахс қатнасыўшыларының (шөлкемлестириўшилериниң, ағзаларының) юридикалық шахс тәрепинен дүзилген питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳәм (яки) бундай питимлердиң ҳақыйқый емеслиги ақыбетлерин қолланыў ҳаққындағы даўалары бойынша келиспеўшиликлер; 4) қымбат баҳалы қағазлар эмиссиясы менен байланыслы, соның ишинде эмитенттиң басқарыў органлары қарарлары үстинен келиспеўшилик пенен, эмиссиялы қымбат баҳалы қағазларды жайластырыў процессинде дүзилген питимлер, эмиссияли қымбат баҳалы қағазлар шығарыў (қосымша түрде шығарыў) нәтийжелери бойынша есабатлар (хабарнамалар) үстинен келиспеўшилик пенен байланыслы келиспеўшиликлер; 5) қымбат баҳалы қағазлардың номинал сақлаўшыларының акцияларға ҳәм басқа қымбат баҳалы қағазларға болған ҳуқықларды есапқа алыў, нызамда нәзерде тутылған басқа ҳуқық ҳәм миннетлемелерди қымбат баҳалы қағазларды жайластырыў ҳәм (ямаса) олардың айланысы мүнәсибети менен қымбат баҳалы қағазлардың номинал сақлаўшылары тәрепинен әмелге асырыў менен байланыслы жумысынан келип шығатуғын келиспеўшиликлер; 6) юридикалық шахс қатнасыўшыларының улыўма жыйналысын шақырыў ҳаққындағы келиспеўшиликлер; 7) юридикалық шахс басқарыў органлары қарарлары үстинен шағым етиў ҳаққындағы келиспеўшиликлер. Нызамға муўапық корпоратив келиспеўшиликлер бойынша ислер қатарына басқа келиспеўшиликлер де киргизилиўи мүмкин. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк филиалы, кредит алыўшы шахс“*****” ЖШЖти ҳәм гиреўге қойышы-“*****” жеке кәрханасы орталарында 2022022-жыл 20-июнь күни ипотека шәртнамасы дүзилген. Бул шәртнаманың 3.1-бәнтине тийкар, истеги даўагер жеке кәрханасына тийисли Нөкис қаласы, Наўрыз МПЖ, Қызкеткен гузары 2/2-жайда жайласқан имараты банк пайдасына гиреўге қойылған. Даўагер ипотека шәртнамасының өзине тийисли бөлегин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы талабы менен суд келисе алмайды. ЭПК 25-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, экономика тараўында юридикалық шахслар ҳәмде юридикалық шахс шөлкемлестирмеген жағдайда исбилерменлик жумысын әмелге асыратуғын ҳәм жеке тәртиптеги исбилермен статусын нызамда белгиленген тәртипте алған пуқаралар, сондайақ корпоратив даўалар бойынша ислер көрилгенде тәреплер болған пуқаралар ортасындағы пуқаралық, ҳәкимшилик ҳәм басқа ҳуқықый мүнәсибетлерден жүзеге келетуғын даўаларға байланыслы ислер экономикалық судында қаралады. Өзбекстан Республикасы "Жеке кәрхана ҳаққында"ғы Нызамының 3статьясы биринши бөлимине муўапық, мүлк ийеси бирден-бир физикалық шахс тәрепинен дүзилген ҳәм басқарылатуғын коммерциялық шөлкем жеке кәрхана деп тән алынады. Жеке кәрхана исбилерменлик субектлериниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый формасы болып табылады. Усы Нызамның 8-статьясы биринши бөлимине көре, жеке меншик кәрхана мүлк ийеси тәрепинен дүзиледи, мүлк ийеси оған тийисли мүлкти береди ҳәм оның уставын тастыйықлайды. Суд бул жағдайда мүлк ийеси бирден-бир физикалық шахс тәрепинен дүзилетуғын жеке меншик кәрхана болыўы себепли корпоратив қатнасықлар субъектине даўагер кирмейди деп есаплайды. Бул даўа корпоратив қатнасықлар емеслиги ушын даўа талабына ҳәм тийкарына анықлық кириткен ҳалда нызамшылықта белгиленген тәртипте тийисли судқа мүрәжат қылыныўына тосқынлықлар жоқ. ЭПК 110-статьясы 1-бәнтине муўапық, ис экономикалық судқа, пуқаралық ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа тийисли болмаса, ис жүритиў қысқартылады. Сонлықтан даўа арза бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылады. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 5-бәнтине тийкар, егер ис судқа тийисли болмаса, ис жүритиў қысқартылғанда, бунда ис тийислилиги бойынша басқа судқа көрип шығыў ушын өткерилген жағдайлардан тысқары мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Төленген почта қәрежети даўагер мойынында қалдырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети даўагерден өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 110, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд УЙҒАРДЫ: “*****” жеке кәрханасының бурынғы шөлкемлестириўшиси *****тиң жуўапкер “*****” жеке кәрханасы, үшинши шахслар ***** ҳәм “*****” ЖШЖти орталарында нотариал тәртипте 2022-жыл 20-июнь күнги Ksh№041829QR- анлы ипотека шәртнамасының 3.1-бәнтиндеги 1-киши бәнтин ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша ис жүритиў өндиристен қысқартылсын. “*****” жеке кәрханасының бурынғы шөлкемлестириўшиси ***** пайдасына мәмлекет бюджетинен 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы қайтарылсын. Белгиленген тәртипте мағлыўматнама берилсин. “*****” жеке кәрханасының бурынғы шөлкемлестириўшиси ***** есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты пайдасына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов