← Назад
Решение #2845564 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
2302-2501/XXX-санлы экономикалық ис
судья XXX
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 18-ноябрь
Беруний районлар аралық экономикалық судының судьясы XXX
басшылығында, судья жәрдемшиси XXXның хаткерлигинде, даўагер XXXның
XXXның жуўапкер «XXX» НТМ менен XXX-жыл X-июнь күнги XXX-санлы
дүзилген ижара шәртнаманы бийкар етиӯ, бес күн ишинде ижара объектти
тапсырыў миннетлемесин жүклеўди ҳәм жуўапкерден 2 937 823,8 сўм ижара
төлемин өндириўди сораған даўа арзасын суд имәратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
XXXның XXX (кейинги текстлерде даўагер деп жүритиледи) судқа даўа
арза менен мүрәжат етип, «XXX» НТМ (кейинги текстлерде жуўапкер деп
жүритиледи) менен 2024-жыл 26-июнь күнги XXX-санлы дүзилген ижара
шәртнаманы бийкар етиӯ, бес күн ишинде ижара объектти тапсырыў
миннетлемесин жүклеўди ҳәм жуўапкерден 2 937 823,8 сўм ижара төлемин
өндириўди сораған.
Даўагер даўа арзасында исти өзиниң қатнасыўысыз көрип шығыўды
сораған.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисине келмеди ҳәм ѳзиниң жазба пикирин
усынбады. Истеги ҳүжжетлерде жуўапкердиң “қабыл қылып алыўшы
көрсетилген мәнзилде жасамайды” деген белгиси менен почта ҳызмети
тәрепинен қайтарылған, ЭПКниң 128-статьясы 2-бөлими 3-хат басында суд
тәрепинен юридик шахстың судқа мәлим болған ақырғы жайласқан жери (почта
мәнзили) пуқараның жасаў орны бойныша жиберилген уғарыўдың көширме
нусҳасы алыўшы көрсетилген мәнзилде жоқлығы себепли тапсырылмаған ҳам
бул ҳаққында байланыс шөлкеми судты хабардар еткен болса тийисли тәртипте
хабардар етилген деп есапланады. Сондай-ақ, жуўапкердиң дизимге алынған
юридик мәнзили XXX районы “XXX” МПЖ, XXX көшеси X жай деп
корсетилген. Сонлықтан, суд 128, 170-статьяларына муўапық жуўапкер ўәкили
қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги жағдайларға
тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда –
ПК) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери ижара шәртнамасынан келип
шыққан.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПКниң 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын,
егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса,
жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине
байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп
табылады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер, жуўапкер ҳәмде XXX районы
мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы XXX-санлы
улыўма орта билимлендириў мектеби (кейин-баланста сақлаўшы) орталарында
мәмлекетлик көшпес мүлкин ижараға бериў ҳаққындағы 26.06.2024-жылда
дүзилген XXX-санлы тийкарғы шәртнамасына қосымша 2024-жыл 29.06.2024жылы XXX-санлы шәртнама (келисиў) дүзилген.
Шәртнама шәртлерине көре XXXның XXX, XXX районы мектепке
шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы XXX-санлы улыўма
орта билимлендириў мектеби балансында болған XXX районы “XXX” МФЙ,
XXX кошеси X-уй мәнзилиндеги улыўма майданы 68,44 м2 болған объектин
ижараға бериў, «XXX» НТМ-ти болса пайдаланған объект ушын шәртнамада
көрсетилген ўақытта ҳәм муғдарда ижара ҳақын төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 5.1, 5.2-бәнтлерине ҳәм шәртнаманың қосымшасына
муўапық ижара төлеми 2 816 406,67 сўм муғдарында белгиленген.
Бирақ жуўапкер тәрепинен пайдаланған объект ушын ижара ҳақы төленбей
миннетлемелери ѳз ўақтында ҳәм лазым дәрежеде орынланбаған.
Жуўапкердиң ижара шәртнамасы бойынша 2 937 823,8 сўм қарыздарлығы
жүзеге келген.
Бул жағдайлар истеги шәртнама, талапнама, мағлыўматнама ҳәм басқа да
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан, даўаның жуўапкерден ижара шәртнамасы бойынша
2 937 823,8 сўм қарыздарлығын өндириў талабын толық қанаатландырыўды
лазым табады.
Даўагер жуўапкер менен дүзилген 2024-жыл 26-июнь күнги XXX-санлы
ижара шәртнаманы бийкар етиӯди ҳәм бес күн ишинде ижара объектти
тапсырыў миннетлемесин жүклеўди сораған.
ПКниң 384-статьясы екинши бөлимине муўапық, бир тәреп шәртнаманы
өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы усынысқа екинши тәрептен қарсы жуўабы
алғаннан кейин яки усыныста көрсетилген ямаса нызамда, болмаса шәртнамада
белгиленген мүддетте, бундай мүддет бөлмаса-өтыз күнлик мүддетте жуўап
алмағаныдан кейин шәртнаманы өзгертиў яки бийкарлаў ҳаққындағы талапты
судқа усыныўы мүмкин.
Шәртнаманың 8.5-бәнтинде «ижараға бериўши» нызамлы тийкарларға
көре «Қосымша шәртнама(келисиў) «Тикарғы шәртнама» менен бирге
мүддетинен алдын бийкар етиў қәлеўи ҳаққында кеминде 10 күн алдын «ижараға
алыўшы»ны жазба түрде ескертеди деп көрсетилген.
Даўагер тәрепинен 2025-жыл 26-август күни мәмлекетлик көшпес мүлкин
ижараға бериў ҳақкындағы 26.06.2024-жылдағы XXX-санлы тийкарғы
шәртнаманы ҳәм 29.06.2024-жылдағы XXX-санлы қосымша шәртнаманы
тәреплер келисиўине тийкар бийкарлаўды билдирген усыныс жуўапкер
тәрепинен ақыбетсиз қалдырылған.
Ижара төлемлери төлебегенлиги себепли ижара шәртнамасын бийкар етиў
талабы ПКниң 382-статьясына муўапық тийкарлы табылып, ижараға бериўши XXXның XXX, қарыйдар - «XXX» НТМ-ти ҳәм шәртнама қатнасыўшысы Беруний районы мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине
қараслы 71-санлы улыўма орта билимлендириў мектеби орталарындағы
мәмлекетлик көшпес мүлкин ижараға бериў ҳақкындағы 26.06.2024-жылдағы
XXX-санлы тийкарғы шәртнама ҳәм 29.06.2024-жылдағы XXX-санлы қосымша
шәртнамасы бийкар етилиўге жатады. Себеби даўагер шартнама бийкар
етилетуғыны ҳаққында берген усынысы арқалы жуўапкерди жазба түрде
ескерткен, бирақ жуўапкер тәрепинен тийисли жуўмақ шығарылмаған.
ЭПКниң 26-статьясы биринши бөлими 7-бәнтинде мүлкдар яки мүлктиң
басқа нызамлы ийеси тәрепинен мал-мүлкти басқа шахстың нызамсыз
ийелигенен талап қылыў алыў туўрысындағы даўалар экономикалық суды
тәрепинен шешиледи деп белгиленген.
Даўагердиң шәртнаманы бийкарлаў туўрысындағы усынысы жуўапкер
тәрепинен ақыбетсиз қалдырылғанлығы истеги ҳүжжетлер, даўагер ўәкилиниң
суд мәжилисиндеги көрсетпелери менен өз тастыйығын табады.
Сонлықтан даўагердиң шәртнаманы бийкарлаў даўа талабы тийкарлы
есапланады ҳәм оны қанаатландырыў, тәреплер арасындағы ижара шәртнамасын
бийкар етиў лазым.
Шәртнаманың 5.4-бәнтинде ижара мүддети тамам болганда, шәртнама
мүддетинен алдын бийкар қылынғанында яки ҳақыйқый емес деп табылғанда
«ижараға алыўшы» «объект»ти 5 ис күн ишинде «ижараға бриўши» қатнасында
«баланста сақлаўшы»ға өз ҳалында ҳәм пүтинлей жағдайда дәлалатнама менен
қайтарып тапсырады, деп белгиленген.
Бул жағдайда ижара объектин Беруний районы мектепке шекемги ҳәм
мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 71-санлы улыўма орта
билимлендириў мектебине тапсырыў талабы тийкарлы табылады.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
ЭПКниң 118-статьясы биринши, екинши ҳәм бесинши бѳлимлерине
муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған
даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, тәреплер
ортасындағы 26.06.2024-жылдағы XXX-санлы тийкарғы шәртнаманы ҳәм
29.06.2024-жылдағы XXX-санлы қосымша шәртнаманы бийкар етиӯди,
жуўапкерден даўагерге 2 937 823,8 сўм қарыздарлығын, 41 200 сўм почта
қәрежетин өндириўди, жуўапкерден республика бюджетине қарыз өндириў
талабы бойынша даўа талабының 2 пайызы муғдарында 412 000 сўм,
шәртнаманы бийкар етиӯ талабы бойынша 4 120 000 сўм жәми 4 532 000 сўм
мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер «XXX» НТМнен Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик
активлерин басқарыў Агентлиги жанындағы мәмлекетлик мүлк объектлеринен
нәтийжели пайдаланыў орайының XXXның пайдасына 2 937 823,8 сўм
қарыздарлығы ҳәм 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Даўагер XXX, жуўапкер
«XXX» НТМ ҳәм Мәмлекетлик мүлк
объектлеринен нәтийжели пайдаланыў орайының XXX орталарында дүзилген
26.06.2024-жылдағы XXX-санлы тийкарғы шәртнаманы ҳәм 29.06.2024жылдағы XXX-санлы қосымша шәртнама бийкар етилсин.
Ижара объекти бес күн ишинде Беруний районы мектепке шекемги ҳәм
мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 71-санлы улыўма орта
билимлендириў мектебине тапсырылсын.
Жуўапкер
«XXX»
НТМнен
республика
бюджетине
4 532 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин бир айлық мүддет ѳткеннен
соң нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд
арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
XXX