← Назад
Решение #2845572 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2271-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили
**** (2025-жыл 17-ноябрь күнги 01/67/01-05-32/1687-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (2025-жыл 17-ноябрь күнги 1711-санлы
исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер ****ның жуўапкер Хожели
районы “****” ЖШЖти түриндеги қоспа кәрханасынан 14 029 114.8 сом пенсия
қаржыларын, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** жуўапкер “****” ЖШЖти түриндеги қоспа кәрханасынан
14 029 114.8 сом пенсия қаржыларын, төленген 37 500 сом почта қәрежетин
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде кәрхана баслығының жеке пластик
картасы арқалы зыян сыпатында жәми 50 000 000 сом толеп берилгенин билдирип,
даўаның талабы болған пенсия қаржыларын өндириў бойынша нызамлы шешим
қабыл етиўди сорады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Усынылған хүжжетлерге қарағанда, жуўапкер-жәмийетинде ислеген
даўиринде, пуқара *****тиң 2025-жыл 25-июнь күни жумыс орнында техникалық
қаўипсизлик қағыйдаларына әмел қылмағаны себепли қайтыс болған.
Бул жағдай иске қосылган акт-Н-1 тийкарында тастыйықланады. Нәтийжеде
****тың өмирлик жолдасы *****ға перзентлериниң тәмийинаты ушын
бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы төленип келинген.
Иске қосылған мағлыўматқа көре, даўагер тәрепинен 2025-жыл август,
сентябрь, октябрь айылары ушын жәми 14 029 114,8 сом төленгени көрсетилген.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге жиберилген талапнама толық орынланбаған
яғный, талап қылынған қарыз төленбеген.
Өзбекстан Республикасы «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийинаты
ҳаққында»ғы Нызамының 66-статьясы биринши бөлимине тийкар, усы Нызамға
муўапық тайынланған пенсияларды төлеў Өзбекстан Республикасы Финанс
министрлиги жанындағы бюджеттен тыскары Пенсия қоры қәрежетлери есабынан
әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы
бюджеттен тыскары Пенсия қорын қәлиплестириў тәртиби Өзбекстан
Республикасы нызамшылығы менен белгиленеди. Пенсияларды төлеў ушын
Өзбекстан Республикасы Финанс министрлиги жанындағы бюджеттен тыскары
Пенсия қорына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен трнасфертлар
ажратылыўы мүмкин. Усы статьяның 2-бөлимине тийкар, мулкшилик формасынан
қандай болыўына қарамастан кәрханалар ҳәм шөлкемлер пенсияларды төлеў ушын
ис ҳақы төлеўге арналған қаржылар есабынан Өзбекстан Республикасы финанс
министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қорына қәрежетлерди
өткизеди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кенесиниң 2023-жыл 14-декабрь
күнги “Социаллық салықты бөлистириў, пенсия ҳәм басқа төлемлерди төлеў ушын
ажратылған қәрежетлерди қаплаў тәртиби туўрысындағы режени тастыйықлаў
ҳакқында”ғы 661-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 31,32-бәнтлерине
тийкар даўаның талабы тийкарлы табылады.
Суд топланған ҳүжжетлерди шығып, даўагердиң төленген пенсия
қаржыларын өндириў бойынша талабын тийкарлы екенлигин итибарға алып,
жуўапкерден даўагер пайдасына 14 029 114,8 сом пенсия қаржыларын, 41 200 сом
почта қәрежетин өндириўди макул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
КАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Хожели районы “****” ЖШЖти түриндеги қоспа кәрханасынан ****ның
пайдасына 14 029 114.8 сом пенсия қаржылары, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
“****” ЖШЖти түриндеги қоспа кәрханасынан мәмлекет бюджетине
412 000 сом мамлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест
келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов