← Назад
Решение #2845579 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2243-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов,
Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
(кейин-палата) даўагер *****ниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы
“*****” ЖШЖнен мүддети өткен 5 444 794,52 сом процент, төленген почта
қәрежетин ондириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
Палата даўагер *****ниң мәпин қорғап, жуўапкер “*****” ЖШЖнен
мүддети өткен 5 444 794,52 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириўди
сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата
бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип
шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк филиалы ҳәм жуўапкер орталарында
2025-жыл 25-декабрь күни дүзилген 483/2024-санлы кредит шәртнамасына
тийкар, банк тәрепинен жуўапкерге 81-ай мүддетке, жыллық 22% ставкада
жәми 100 000 000 сом кредит қаржылары ажыратылған.
Усынылған даўа арзада жуўапкердиң 2025-жыл 10-октябрь күнине
мүддети өткен 5 444 794,52 сом процент қарызлары көрсетилген.
Кредит шәртнамасының 5,6,7-бөлимлерине муўапық, жуўапкер кредит
ҳәм процент төлемлерин төлеп барыў миннетлемесин алған болсада, шәртнама
шәртлери лазым дәрежеде орынланбаған.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк яки
басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын процентлер төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Жуўапкер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы қарызды төлеў
ҳаққындағы даўагер банктиң ескертиў хатлары жуўапсыз қалған яғный,
төлемлер лазым дәрежеде әмелге асырылмаған. Сонлықтан процент өндириў
талабы тийкарлы табылады.
Суд даўа талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер банк
пайдасына мүддети өткен 5 444 794,52 сом процент, 41 200 сом почта
қәрежетин өндириўди мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Базалық есаплаў мугдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы “*****” ЖШЖнен *****ниң пайдасына мүддети өткен
5 444 794,52 сом процент, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
“*****” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
ондирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов