← Назад
Решение #2845588 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2248-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили ***** (2025-жыл 08-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили **** (2025-жыл 17-ноябрь күнги 58-санлы
исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер *****ниң жуўапкер Нөкис
қаласы «*****» ЖШЖнен 2 628 397 537 сом қарыз өндириў ҳаққындағы даўа
арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер ***** жуўапкер «*****» ЖШЖнен 2 628 397 537 сом қарыз
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўаның талабын тән алатуғынын
ҳәм оны сөндириў илажлары көрилип атырғанын билдирип, нызамлы шешим
қабыл етиўди сорады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң
түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа талабын қанаатландырыўды
мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип алып ислеў (пудрат)
шәртнамасынан келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 27-май
күни 16-санлы кесип алып ислеў шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға көре, жуўапкер Шымбай районы, «Көнши» МПЖ
аймағындағы жайласқан оператив ўәзипаларды орынлаўшы мобилизация
отряды ҳәм үшинши аймақлық муўапықластырыў орайы имаратын қурып
бериў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 4-бөлимине көре, жумыслар
көлеми баҳасы 19 758 893 880 сом муғдарында белгиленген. Шәртнаманың
17-бөлиминде алдын ала 30% муғдарында ҳәр айға 15% аванс төлем әмелге
асырылыўы нәзерде тутылған.
Белгиленген тәртипте 2 234 188 000 сомнан еки рет аванс пулларының
төленгени иске қосылған ҳүжжетлер менен тастыйықланады. Сондай-ақ,
орынланған қурылыс ислерине төлемлер әмелге асырылған. Нәтийжеде жәми
7 885 475 000 сом пул қаржылары өткерилген.
Шәртнаманың 15-бөлиминде объект қурылыс ислери мүддети 245-күн
болып белгиленген. Бирақ қабыл етилген қаржылар есабынан жуўапкер
тәрепинен жумыслар көлеми белгиленген мүддет ишинде орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкер тәрепинен 5 257 077 463 сомлық қурылыс ислери
әмелге асырылған, қалған 2 628 397 537 сомлық қурылыс ислери
орынланбаған.
ПК 382-статьясы биринши бөлимине тийкар, егер усы Кодексте, басқа
нызамларда яки шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса,
шәртнама тәреплердиң келисимине муўапық өзгертилиўи ҳәм бийкар
қылыныўы мүмкин.
Иске қосылған тәреплер орталарында 2025-жыл 21-август күни дүзилген
қосымша келисимде дәслепки болған 2024-жыл 27-май күни 16-санлы кесип
алып ислеў шәртнамасы бийкар етилгени тастыйықланады.
Бул жағдайда даўагердиң 2 628 397 537 сом қарызың талап қылғаны
тийкарлы табылады.
Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа арзаны
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 2 628 397 537 сом қарыз,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым.
Даўа суммасының 2% есабынан 52 567 950,74 сом мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «*****» ЖШЖнен *****ниң пайдасына 2 628 397 537 сом
қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
«*****» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 52 567 950,74 сом мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов