Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/2259 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 4a684f19-6d80-4f8d-b113-464d16333afe Claim ID PDF Hash 9591b07e74c4de75... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2259-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья С.Ниязов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили *** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 23/25-159-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 14-ноябрь күнги исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, арза бериўши ***ниң жуўапкер ***на берилген 2022-жыл 27-сентябрьдағы №040570-санлы рухсатнаманың әмел етиўин 6 айға тоқтатып турыў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: *** (буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи) экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)на берилген 2022-жыл 27-сентябрьдағы №040570санлы рухсатнаманың әмел етиўин 6 айға тоқтатып турыўды сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арзасы тийкарлы екенлигин, лекин жуўапкер тәрепинен кемшиликлер сапластырылғанлығын билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, почта қәрежетин өндириўди сорады. Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили арзаның тийкарлы екенлигин, анықланған кемшиликлер толық сапластырылғанлығын билдирип, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги тийкарларға көре арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасының “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы” Нызамының 32-статьясына көре, лицензияның ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжеттиң әмел етиўи төмендеги жағдайларда тоқтатып турылыўы мүмкин: лицензиат ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжетти алған шахс тәрепинен лицензия ҳәм рухсат бериў талаплары ҳәм шәртлериниң бузылғанлығы анықланғанда; лицензиат ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжетти алған шахс тәрепинен ўәкилликли уйымның анықланған қағыйдабузыўшылықларды сапластырыў миннетлемесин оның мойнына жүклеўши қарары орынланбағанда. Лицензияның ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжеттиң әмел етиўин он күнге шекемги мүддетке тоқтатып турыў ўәкилликли уйым 2 тәрепинен, он күннен артық, бирақ алты айдан көп болмаған мүддетке болса - суд тәрепинен әмелге асырылады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 22февральдағы 86-санлы қарары менен тастыйықланған “Арнаўлы электрон система арқалы рухсат бериў характерине ийе айырым ҳүжжетлерди бериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында бирден-бир” Режениң 4-қосымшасының 9қатарында төмендегилер рухсат бериў талаплары ҳәм шәртлери екенлиги белгиленген: - автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшасы (АЖҚШ)ның жойбар ҳүжжетлериниң бар екенлиги ҳәм орнатылған әсбап-үскенелер ҳәм технологиялық процесслердиң жойбар ҳүжжетлерине муўапықлығы; АЖҚШның техникалық паспорты ҳәм тастыйықланған технологиялық схемасы бар екенлиги; - нефть өнимлерин автоцистерналардан қуйып алыўда технологиялық үскенелер ҳәм қубырлар менен тәмийинленгенлиги; - сыйымлықларға орнатылған әсбап-үскенелердиң техникалық жағдайы, ашық реңлерге боялғанлығы, трафарет жазыўларының бар екенлиги, сыйымлықларға шығыў зәңберлери менен тәмийинленгенлиги, дем алыў үскенеси менен үскенеленгенлиги ҳәм де өлшеў ҳәм үлги алыў люклери менен тәмийинленгенлиги; - орнатылған ҳәр бир сыйымлық ушын техникалық паспорттың бар екенлиги; - сыйымлықларға ҳәм трубаларға көлемлестириўши кестелериниң бар екенлиги ҳәм әмел етиў мүддети өтпегенлиги; - ыдысларды тазалаў кестелери ҳәм тазалаў актлериниң бар екенлиги; - жанылғы тарқатыў колонкаларында пистолет-дәстеклердиң тәртип номери ҳәм тарқатылып атырған жанылғы маркасының жазылғанлығы, олар арқалы тарқатылып атырған өнимлердиң муғдар жағынан дурыс қуйылғанлығы; - ўәкилликли уйым тәрепинен тастыйықланған Нефт, газ конденсаты ҳәм нефть өнимлерин қабыл етиў, тасыў, шығарыў ҳәм есабын жүргизиў қолланбасында белгиленген формадағы смена есабатының ҳәм де нефть өнимлерин есапқа алыў журналының бар екенлиги; - 2000 мл ге шекем киши сыйымлылықтағы суйықлық өлшегишлер ямаса 2000 мл ден жоқары сыйымлылықтағы суйықлық өлшегишлер, қәдди өлшеў қуралы ҳәм ареометр бар екенлиги; - АЖҚШда үлги алыўшы ҳәм суў сезгиш пастасының бар екенлиги; - ислеп турған АЖҚШларға алып келинген нефть өнимлеринен алып қойылған үлгилердиң рәсмийлестирилиўи ҳәм сақлаў шкафларының бар екенлиги; - нефть базаларынан алынған нефть өнимлериниң сапасын таллаў ушын белгиленген тәртипте аккредитациядан өткен лаборатория менен шәртнаманың бар екенлиги; - тарқатылып атырған нефть өнимлерине сапа сертификатларының бар екенлиги ҳәм өнимниң сапа көрсеткишлерине муўапықлығы; 3 - өлшеў қуралларының белгиленген мүддетте қыяслаўдан өткерилгенлиги; - Министрлер Кабинетиниң 1994-жыл 6-майдағы 240-санлы қарары менен тастыйықланған Автомобил жанылғы қуйыў шақапшаларының ислеў қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жумыс алып барыўы; - Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 30-июньдағы 152-санлы қарары менен тастыйықланған “Техноген қәўипи жоқары болған зоналар мәмлекетлик кадастрын жүргизиў тәртиби ҳаққында”ғы Режеге муўапық техноген қәўипи жоқары болған зоналардың кадастр паспорты ислеп шығылғанлығы ҳәм мәмлекетлик реестрден өткерилгенлиги. Исте анықланған жағдайларға қарағанда, “Өзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен жуўапкер ***на 2022-жыл 27-сентябрь күни 2022-жыл 27-сентябрден 2027-жыл 27сентябрге шекем әмел етиў мүддетине ийе болған №040570-санлы рухсатнама берилген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 19июльдағы 473-Ф-санлы бийлигине тийкар жуўапкерде өрттиң алдын алыў, пуқаралар қәўипсизлиги ҳәм мийнетти қорғаўды тәмийинлеў бойынша комплекс ис-илажларды әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық исши топары тәрепинен үйрениў өткерилген ҳәм нәтийжеде санаат қәўипсизлиги саласындағы инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы 14 жағдайда рухсат бериў талаплары ҳәм шәртлери бузылғанлығы анықланған ҳәм жуўапкерге кемшиликлерди сапластырыў тапсырылған. Сонлықтан, суд арза бериўшиниң талабын тийкарлы деп есаплайды. Лекин, ис судта көрилиўи барысында жуўапкер тәрепинен анықланған кемшиликлер толық сапластырылған. Бул жағдайда, жуўапкер тәрепинен кемшиликлер толық сапластырылғанлығы себепли арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады. ЭПКниң 118-статьясыныӊ бесинши бөлимине муўапық, даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат еткенинен соң жуўапкер тәрепинен ықтыярый рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып, суд арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, арза бериўде төлеген 41 200 сом почта қәрежетин жуўапкерден арза бериўши пайдасына өндириўди, ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик бажы пул өндирилмеслигин инабатқа алыўды лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179, басшылыққа алып, суд Қ А Р А Р Е Т Т И: Арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Жуўапкер *** есабынан арза бериўши *** пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. 4 Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы. Судья С.Ниязов