← Назад
Решение #2845723 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
судья З.Хасанова
4-2304-2503/1605-санлы экономикалық ис
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 18 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанова,
Өзбекстан Республикасы Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы, Өзбекстан Республикасы Акционерлик
Коммерциялық "ХХХХХ" мәпинде, жуӯапкер жеке исбилермен ХХХХХ uli
есабынан 2 950 000 сом мүддети өткен пайыз қарызын ҳәм төленген почта
қәрежетин өндириӯ ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған
ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып,
төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Өзбекстан Республикасы Саўда санаат палатасы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи),
Өзбекстан Республикасы Акционерлик Коммерциялық "ХХХХХ" (буннан
кейин текстте Банк деп жүритиледи) мәпинде, жуӯапкер жеке исбилермен
ХХХХХ uli (буннан кейин текстте жуӯапкер деп жүритиледи) есабынан 2 950
000 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын ҳәм почта қәрежетин
өндириӯди сорап экономикалық судқа даӯа арза менен мүрәжат еткен.
Өзбекстан Республикасының Экономикалық процессуал кодекси
(буннан кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи) 2034-статьясы екинши ҳәм
төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба пикирин
даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы уйғарыў
шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи
тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда
усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге
жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады.
Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте хабардар
қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир
усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби
бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды.
Суд, жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир
усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў
тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар
даўа арза талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 130-статьясына муўапық
Өзбекстан Республикасында әдил судлаў тек ғана суд тәрепинен әмелге
асырылады.
Ис материалларына қарағанда, Банк пенен жуўапкер ортасында 2024жылы 09 сентябрь күни кредит линиясын ашпастан 3343-санлы кредит
1
шәртнамасы дүзилген. Шәртнама бойынша жуўапкерге 84 ай мүддетке,
соннан 24 ай жеңилетилген даўири менен, жылына 17.50 % төлеў шәрти менен
70 000 000 сўм муғдарында кредит ажратылған.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте
ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер
ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте
қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 744-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - банк
яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға)
шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул
қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын
қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў мәжбуриятын алыўы белгиленген.
Тәреплер
ортасында
дүзилген
кредит
шәртнамасының
5.2-бәнтине муўапық, жуўапкер кредит ҳәм пайыз төлемлерин белгиленген
график бойынша төлеп барыў миннетлемесин алған, бирақ шәртнама шәртлери
лазым дәрежеде орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкердиң 2 950 000 сом мүддети өткен пайыз
қарыздарлығы қураған. Бул халат банк филиалыныӊ 10/640-санлы
мағлыўматнамасы менен тастыйықланады.
Банк филиалының 2025 жыл 18 ноябрь күни берилген 10/698-санлы
мағлыўматнамасында жуўапкердиң пайыз қарыздарлығы 3 954 000 сомды
қурайтуғынлығы көрсетилген. Демек кредит бойынша пайыз қарыздарлығы
өскен.
Бул жағдайда, даўа арза талабы толық қанаатландырылыўы лазым.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бөлимине муўапық суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Жоқарыдағылардан келип шығып, суд даўа арза талабын
қанаатландырыўды, исти көриў нәтийжеси менен жуўапкерден даӯагер
пайдасына 2 950 000 сом мүддети өткен пайыз қарызы, төленген 41 200 сом
почта
қәрежетин,
Республика
бюджет
есабына
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға
тийкар
ҳәм
Өзбекстан
Республикасының
1
Экономикалық процессуал кодекси 118, 176-179, 203 -2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
етти:
Даўа арза талабы қысман қанаатландырылсын.
Жеке исбилермен ХХХХХ uli есабынан Өзбекстан Республикасы
Акционерлик Коммерциялық "ХХХХХ" пайдасына 2 950 000 сом мүддети
өткен пайыз ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның
қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылысын.
Жеке исбилермен ХХХХХ uli есабынан республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
2
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң нызамлы
күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
3