Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2245 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 917b910d-d713-46f2-84b1-149f462031ec Claim ID PDF Hash 62a4e23c8feaf56a... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2245-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 18-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер ўәкили **** (2025-жыл 27-октябрь күнги исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер Ташкент қаласы «****» ЖШЖниң жуўапкер Нөкис районы “****” ЖШЖнен 15 000 000 сом қарыз, 7 500 000 сом пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: «****» ЖШЖти (кейинги орынларда даўагер деп жүритиледи) экономикалық судына мүрәжат етип, “****” ЖШЖнен (кейинги орынларда жуўапкер деп жүритиледи) 15 000 000 сом қарыз, 7 500 000 сом пеня, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арза талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды мақул тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол айыпсыз деп табылады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2022жыл 05-май күни ОС-44-санлы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтинде истеги жуўапкер-буйыртпашының тапсырмасына көре даўагер- шөлкемлестириўши мағлыўматларды жыйнаў, қайта ислеў (обработка) қылыў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 2.2-бәнтинде алдын ала 100% төлем әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Даўагер тәрепинен 2022-жыл 28-июль күни 0013604-санлы муўапықлық серитификаты берилген. Сондай-ақ, иске қосылған 2022-жыл 22-август күнги 139-санлы электрон есапбет-фактурада даўагердиң жәми 21 500 000 сомлық хызметлерди корсеткени тастыйықланады. Бул қарыз кысман төленген. Нәтийжеде қалдық 15 000 000 сом төленебестен қалған. Сонлықтан қарыз өндириў талабы тийкарлы табылады. Шәртнаманың 4.2-бәнтинде мүлкий жуўапкершилик әмелдеги нызамшылық талапларына муўапық шешилиўи нәзерде тутылған. Өзбекстан Республикасы «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында»ғы Нызамының 32-статьясы екинши бөлимине көре, төлеўди кешиктиргени ушын даўагер қарыз суммасы 50% аспаған жағдайда пеня талап қылыўы мүмкин. Сонлықтан даўагер жәми 7 500 000 сом пеня есаплаған ҳәм оны өндириў талап қылған. Даўагер шәртнамаға көре алдын ала 100% төлемди қабыл етпестен жуўапкерге хызметлерди көрсетиўине жол қойған. Демек шәртнама талаплары даўагер тәрепинен лазым дәрежеде орынланбаған. Нәтийжеде тийкарсыз осирилген пеня талабы келип шыққан. ПК 326-статьясы екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде түсиник берилген. Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 1 200 000 сом өндириўди мақул табады. Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 15 000 000 сом қарыз, 1 200 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Жеңиллик тийкарында алдын ала төленген мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагер пайдасына ҳәмде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозиты есабына видеоконференция байланысы ушын жуўапкерден 103 000 сом суд қәрежети өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176- 179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талаплары қысман қанаатландырылсын. Нөкис районы “****” ЖШЖнен Ташкент қаласы «****» ЖШЖниң пайдасына 15 000 000 сом қарыз, 1 200 000 сом пеня, 412 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын. “****” ЖШЖнен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды пайдасына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов