← Назад
Решение #2845793 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2260-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, арза
бериўши ўәкили **** (2025-жыл 18-ноябрь күнги 23/25-160-санлы исеним
хат тийкарында), жуўапкерден баслық **** қатнасыўында, арза бериўши
*****ның жуўапкер Нөкис қаласы "*****" жеке кәрханасына берилген 2022жыл 11-ноябрь күнги 047814-санлы рухсатнаманың әмел етиўин 6-айға
тоқтатып турыў ҳаққындағы арзасы бойынша қозғатылған экономикалық
исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
*****
(буннан кейин текстте арза бериўши деп жүритиледи)
экономикалық судқа арза менен мүрәжат етип, "*****" жеке кәрханасына
(буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)не берилген 2022-жыл 11ноябрь күнги 047814-санлы рухсатнаманың әмел етиўин 6-айға тоқтатып
турыўды сораған.
Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арзасын қоллап-қуўатлап,
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат,
радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң Қарақалпақстан аймақлық
бөлиминиң 2025-жыл 12-август күнги 13-143-санлы мүрәжатында
Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 19-июльдағы 473-Ф-санлы бийлигине
тийкар жуўапкерде өрттиң алдын алыў, пуқаралар қәўипсизлиги ҳәм
мийнетти қорғаўды тәмийинлеў бойынша комплекс ис-илажларды әмелге
асырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық исши топары
тәрепинен өткерилген үйрениў нәтийжелерине көре санаат қәўипсизлиги
саласындағы инсан өмири ҳәм ден-саўлығына жоқары қәўип салыўшы
кемшиликлер
анықланғанлығы
ҳәм
анықланған
кемшиликлерди
сапластырғанға шекем оған берилген рухсатнаманың әмел етиўин тоқтатып
турыў соралғанлығын, нызамшылыққа муўапық техноген қәўипи жоқары
болған зоналар кадастр паспорты ислеп шығылғанлығы ҳәм мәмлекет
реестринен өткерилгенлиги рухсат етиўге байланыслы талап ҳәм шәртлерге
киритилгенлигин, лекин жуўапкер тәрепинен бул талап ҳәм шәртлер
бузылғанлығын, кемшиликлер сапластырылмағанлығын билдирип, арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисинде арзаның тийкарлы екенлигин, анықланған
кемшиликлердиң биразы сапластырылғанлығын, кадастр паспорты бойынша
да шәртнама дүзилип атырғанын, барлық кемшиликлер тез арада
сапластырылыўын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
2
Суд, исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелерин тыңлап, ис
бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги
тийкарларға көре арзаны қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасының “Лицензиялаў, рухсат бериў ҳәм хабардар
етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы” Нызамының 32-статьясына көре,
лицензияның ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжеттиң әмел етиўи
төмендеги жағдайларда тоқтатып турылыўы мүмкин:
лицензиат ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжетти алған шахс
тәрепинен лицензия ҳәм рухсат бериў талаплары ҳәм шәртлериниң
бузылғанлығы анықланғанда;
лицензиат ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжетти алған шахс
тәрепинен ўәкилликли уйымның анықланған қағыйдабузыўшылықларды
сапластырыў
миннетлемесин
оның
мойнына
жүклеўши
қарары
орынланбағанда.
Лицензияның ямаса рухсат бериў характерине ийе ҳүжжеттиң әмел
етиўин он күнге шекемги мүддетке тоқтатып турыў ўәкилликли уйым
тәрепинен, он күннен артық, бирақ алты айдан көп болмаған мүддетке болса
- суд тәрепинен әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 22февральдағы 86-санлы қарары менен тастыйықланған “Арнаўлы электрон
система арқалы рухсат бериў характерине ийе айырым ҳүжжетлерди бериў
тәртип-қағыйдалары ҳаққында бирден-бир” Режениң 4-қосымшасының 9қатарында төмендегилер рухсат бериў талаплары ҳәм шәртлери екенлиги
белгиленген:
- автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшасы (АЖҚШ)ның жойбар
ҳүжжетлериниң бар екенлиги ҳәм орнатылған әсбап-үскенелер ҳәм
технологиялық процесслердиң жойбар ҳүжжетлерине муўапықлығы;
АЖҚШның
техникалық
паспорты
ҳәм
тастыйықланған
технологиялық схемасы бар екенлиги;
- нефть өнимлерин автоцистерналардан қуйып алыўда технологиялық
үскенелер ҳәм қубырлар менен тәмийинленгенлиги;
- сыйымлықларға орнатылған әсбап-үскенелердиң техникалық
жағдайы, ашық реңлерге боялғанлығы, трафарет жазыўларының бар
екенлиги, сыйымлықларға шығыў зәңберлери менен тәмийинленгенлиги, дем
алыў үскенеси менен үскенеленгенлиги ҳәм де өлшеў ҳәм үлги алыў люклери
менен тәмийинленгенлиги;
- орнатылған ҳәр бир сыйымлық ушын техникалық паспорттың бар
екенлиги;
- сыйымлықларға ҳәм трубаларға көлемлестириўши кестелериниң бар
екенлиги ҳәм әмел етиў мүддети өтпегенлиги;
- ыдысларды тазалаў кестелери ҳәм тазалаў актлериниң бар екенлиги;
- жанылғы тарқатыў колонкаларында пистолет-дәстеклердиң тәртип
номери ҳәм тарқатылып атырған жанылғы маркасының жазылғанлығы, олар
арқалы тарқатылып атырған өнимлердиң муғдар жағынан дурыс
3
қуйылғанлығы;
- ўәкилликли уйым тәрепинен тастыйықланған нефть, газ конденсаты
ҳәм нефть өнимлерин қабыл етиў, тасыў, шығарыў ҳәм есабын жүргизиў
қолланбасында белгиленген формадағы смена есабатының ҳәм де нефть
өнимлерин есапқа алыў журналының бар екенлиги;
- 2000 мл ге шекем киши сыйымлылықтағы суйықлық өлшегишлер
ямаса 2000 мл ден жоқары сыйымлылықтағы суйықлық өлшегишлер, қәдди
өлшеў қуралы ҳәм ареометр бар екенлиги;
- АЖҚШда үлги алыўшы ҳәм суў сезгиш пастасының бар екенлиги;
- ислеп турған АЖҚШларға алып келинген нефть өнимлеринен алып
қойылған үлгилердиң рәсмийлестирилиўи ҳәм сақлаў шкафларының бар
екенлиги;
- нефть базаларынан алынған нефть өнимлериниң сапасын таллаў
ушын белгиленген тәртипте аккредитациядан өткен лаборатория менен
шәртнаманың бар екенлиги;
- тарқатылып атырған нефть өнимлерине сапа сертификатларының бар
екенлиги ҳәм өнимниң сапа көрсеткишлерине муўапықлығы;
- өлшеў қуралларының белгиленген мүддетте қыяслаўдан
өткерилгенлиги;
- Министрлер Кабинетиниң 1994-жыл 6-майдағы 240-санлы қарары
менен тастыйықланған Автомобил жанылғы қуйыў шақапшаларының ислеў
қағыйдаларына әмел еткен ҳалда жумыс алып барыўы;
- Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 30-июньдағы 152-санлы қарары
менен тастыйықланған “Техноген қәўипи жоқары болған зоналар
мәмлекетлик кадастрын жүргизиў тәртиби ҳаққында”ғы Режеге муўапық
техноген қәўипи жоқары болған зоналардың кадастр паспорты ислеп
шығылғанлығы ҳәм мәмлекетлик реестрден өткерилгенлиги.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, “Ўзэнергоинспекция”
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы тәрепинен жуўапкерге
2022-жыл 11-ноябрь сәнесинен 2027-жыл 11-ноябрь сәнесине шекем әмел
етиў мүддетине ийе болған 047814-санлы рухсатнама берилген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 19июльдағы 473-Ф-санлы бийлигине тийкар жуўапкерде өрттиң алдын алыў,
пуқаралар қәўипсизлиги ҳәм мийнетти қорғаўды тәмийинлеў бойынша
комплекс ис-илажларды әмелге асырыў бойынша Қарақалпақстан
Республикасы аймақлық исши топары тәрепинен үйрениў өткерилген ҳәм
нәтийжеде санаат қәўипсизлиги саласындағы инсан өмири ҳәм денсаўлығына жоқары қәўип салыўшы 13 жағдайда рухсат бериў талаплары,
шәртлери бузылғанлығы анықланған.
Жуўапкер тәрепинен бүгинги күн жағдайына анықланған кемшиликлер
толық сапластырылмаған.
Сонлықтан, суд арза бериўшиниң талабын тийкарлы деп есаплайды.
ЭПК 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
4
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд арзаны қанаатландырыўды,
жуўапкерге берилген 2022-жыл 11-ноябрьдеги 047814-санлы рухсатнаманың
әмел етиўин анықланған кемшиликлер толық сапластырылғанға шекем лекин
3-айдан аспаған мүддетке тоқтатып турыўды, арза бериўде төлеген 41 200
сом почта қәрежетин жуўапкерден арза бериўши пайдасына өндириўди,
ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ҳаққындағы ислер бойынша мәмлекетлик
бажы пул өндирилмеслигин инабатқа алыўды лазым табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179, 222-статьяларын, Өзбекстан Республикасының “Лицензиялаў,
рухсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққындағы”
Нызамының 32-статьясын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Арза қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы "*****" жеке кәрханасына берилген 2022-жыл 11-ноябрь
күнги 047814-санлы рухсатнаманың әмел етиўи анықланған кемшиликлер
толық сапластырылғанға шекем лекин 3-айдан аспаған мүддетке тоқтатып
турылсын.
"*****" жеке кәрханасынан *****ның пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат
берилсин. Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм
шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он
күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция
тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Баймуратов