← Назад
Решение #2845830 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2274-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили **** (2025-жыл 28-октябрь күнги MR-01/01-12/2640-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер ****ның жуўапкер Нөкис қаласы «****»
ЖШЖнен 3 320 728 356.81 сом қарыз, 371 921 575.96 сом пеня, төленген суд
қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** жуўапкер «****» ЖШЖнен 3 320 728 356.81 сом қарыз,
371 921 575.96 сом пеня, төленген суд қәрежетлерин өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 04-ноябрь күнги уйғарыўы менен «****» ЖШЖти
қосымша жуўапкер сыпатында иске тартылған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўа арзаны қоллап-қуўатлады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
«****» ЖШЖниң ўакили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд
жуўапкерлер ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
түсинигин, ўәжлерин тыңлап, даўа арза талапларын қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 8, 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери алды-сатты шәртнамасынан
келип шыққан.
ПК 386-статьясына муўапық, алды-сатты шәртнамасы бойынша бир тәреп
(сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ға мүлк етип тапсырыў
миннетлемесин, сатып алыўшы болса бул товарды қабыл етиў ҳәм оның ушын
белгиленген пул суммасы (баҳасын) төлеў миннетлемесин алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2020-жыл 04ноябрь күни РК-381-Э-санлы алды-сатты шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың
1.1-бәнтине тийкар, Нөкис қаласы, Қубла санаат аймағында жайласқан улыўма
жер майданы 1,87 га, соннан қурылыс жер асты майданы 8 379,4 кв.м. болған
«****» ЖШЖниң Устав фондының 100% мәмлекет үлесин сатыўшы-даўагер
тапсырыўға, ал сатып алыўшы-жуўапкер мәмлекет мүлкин алыўға келискен.
Шәртнаманың 3.1-бәнтинде «мүлк» баҳасы 35 044 758 043 сомды қураған
ҳәмде жуўапкер усы сумманы бөлип-бөлип төлеўи нәзерде тутылған.
Бул шәртнамаға тәреплер 2021-жыл 20-май күни, 2023-жыл 30-март күни,
2024-жыл 25-июль күни ҳәм 2025-жыл 11-август күни дүзген қосымша
келисимлерде төлем кестесине (график) өзгерислер киритилген.
Кесте бойынша жуўапкер 2025-жыл 30-сентябрь айынан төлениўи тийис
сумманы лазым дәрежеде төлемеген. Нәтийжеде жуўапкердиң 3 320 728 356,81
сом қарызы төленбестен қалған.
Қарызды төлеў ҳаққындағы 2025-жыл 03-октябрь күнги даўагердиң
талапнамасы жуўапкер мәнзилине почта байланыс бөлими арқалы жиберилген
болсада, төлемлер әмелге асырылмаған. Сонлықтан даўа қарыз өндириў талабы
тийкарлы табылады.
ПК 260-статьясы биринши бөлимине көре, нызамшылық ҳүжжетлеринде
яки шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған яки
лазым дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул
суммасы неустойка есапланады.
ПК 261-статьясы биринши бөлимине муўапық, неустойка жәрийма яки
пеня формасында болады.
Шәртнаманың 5.1.1-бәнтинде жуўапкер шәртнама миннетлемлерин өз
мүддетинде әмелге асырыўы лазым екенлиги көрсетилген. Сондай-ақ,
шәртнаманың 6.2-бәнтине тийкар, төлемлер кешиктирилгенде 0.4% есабынан
бирақ қарыздын 50% аспаған жағдайда пеня талап қылыў ҳуқықы белгиленген.
Сонлықтан даўагердиң арнаўлы есабатында жәми 371 921 575,96 сом пеня
есапланған ҳәм талап қылынған.
ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәндинде
түсиник берилген.
Пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий аўҳалына
кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 55 000 000 сом ондириўди макул
табады.
Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 3 320 728 356.81 сом
қарыз, 55 000 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндириўди, даўаның
қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118-
статьясына муўапық, мәмлекетлик бажы жуўапкерден өндирилиўи лазым.
Суд талап қылынған сумма есабынан 2% яғный, 73 852 998,65 сом
мәмлекетлик бажыны жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндиреди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «****» ЖШЖнен Қарақалпақстан Республикасы
басқармасының пайдасына 3 320 728 356.81 сом қарыз, 55 000 000 сом пеня, 41
200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«****» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 73 852 998,65 сом мәмлекетлик
бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза
бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов