Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/1649 Дата решения 18.11.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 8dce8bc6-ab7a-4e07-942e-ef07c44273c7 Claim ID PDF Hash 87835b705a0a30d2... Загружено 10.04.2026 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья –**** Апелляция инстанциясында баянатшы судья –**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы **** жыл 18 ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья ****тың басшылығында, коллегия ағзалары судьялар**** ҳәм **** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, даўагер ўәкили жәмийет баслығы ****, ўәкили жәмийет ҳуқық-мәсләҳатшысы **** (**** жыл 10 июль күнги 1-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили жәмийет баслығы ****лардың қатнасыўында, Өзбекстан Саўда-санаат палатасы **** Республикасы басқармасы даўагер “**** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер “**** ****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****.77 сом қолдан берилген пайданы өндириўди сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 29 сентябрь күнги шешиўши қарарына Өзбекстан Саўда-санаат палатасы **** Республикасы басқармасы наразы болып берген апелляциялық шағымы ҳәмде қосымша ҳүжжетлерин экономикалық иси менен бирге **** Республикасы суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Саўда-санаатпалатасы **** Республикасы басқармасы(буннан кейин текстте Палатадеп жүритиледи) даўагер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер “**** ****”жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкердеп жүритиледи)нен ****,77 сом қолдан берилген пайданы өндириўди сораған Судтың уйғарыўы менен “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Биринши инстанциясы судының **** жыл29сентябрькүнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған. Шешиўши қарарға наразы болып Палата апелляция тәртибинде шағым берген. Шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған. Оған тийкар сыпатында, даўагертәрепинен усынылған қолдан берилген пайданың есабы ****қындағы мағлыўматы итибарға алынбағанлығын, тәреплер ортасында дүзилген **** жыл 8 август күни ****-санлы шәртнамаға көре жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлеринде көрсетилген үскене жетипкелмегенлиги себеплиў**** жумыс баслай алмағанлығын,үшинши шахслар менен брусчатка жеткерип бериў бойынша шәртнамалар дүзилгенлигин, **** алынған кредит пайызлары өсип баратырғанлығынкелтирген. Суд мәжилисинде қатнасқандаўагерўәкиллериапелляциялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкилиапелляциялық шағымда билдирген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады. Палата ҳәм үшинши шахслар “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетисуд мәжилисиниң **** ҳәм орны **** хабардар қылынған, **** суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги орынларда ЭПК депжүритиледи)ниң ****-статьясының төртинши бөлимине муўапық, апелляция инстанция судының суд мәжилисине суд додалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған апелляциялық арзаны (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы истиолардыңўәкиллериниң қатнасыўысыз көрип шығыўды лазым тапты. Судлаў коллегиясытәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап,ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК депжүритиледи)ниң ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себеплипуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген зиян, сондай-**** юридик шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан берилген пайдазыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында **** жыл 8 август күни үскенежеткизипбериў **** ****-санлы шәртнама дүзилген. Шәртнаманың 1.1-бәнтине тийкар, жуўапкер шәртнаманың 1.3-бәнтинде көрсетилгенхүжжетлерде аты көрсетилгенүскенелерди сатып алыўшыға мүлк етип тапсырыў, сондай-****, егер шәртнаманың1.2-бәнтинденәзерде тутылған үскенелерди ****ҳәм искетүсириўжумысларынөткериў, ал даўагерболса шәртнамада көрсетилген тәртиптеҳәммүддетлерде үскенелерди қабыллап алыўминнетлемесин алған. Шәртнаманың 1.2-бәнтинде **** ҳәм иске қосыў жумыслары бойынша жуўапкершилик истеги даўагерге жүкленген. Шәртнаманың 1.3-бәнтинде, шәртнаманың **** бөлеги болған 1-санлы қосымшаға муўапық үскене аты, саны, баҳасы ҳәм улыўма баҳасы көрсетилиўи нәзерде тутылған. ПК14-статьясының екиншибөлимине тийкар,зыян дегенде, ҳуқықы бузылған шахстың бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы керек болған қәрежетлери, оның мал-мүлкиниң жоғалыўы ямаса зыянланыўы (**** зыян), сондай-****, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында әдеттегипуқаралық қарым-қатнас шараятында алыўы мүмкин болған, **** ала алмаған дәраматлары (бой берилген пайда) түсиниледи. Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының **** жыл 15 июнь күнги“Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин қоллаўдын айрым мәселелери ****”ғы ****-санлы қарарының 19-бәнтинде зыянды қаплаў менен байланыслы даўларды шешиўде судлар соны нәзерде тутыўы керек, зыянға шәртнама миннетлемелериниң орынланбағанлығы ямаса тийисли дәрежеде орынланбағанлығы тәрептиң қылған қәрежетлери, мал-мүлктиң жоғалыўы ямаса зыянланыўы, сондай-**** егер екинши тәреп шәртнама миннетлемелерин орынлағанда тәреп алыўы мүмкин болған, **** оның ала алмаған дәраматлары, ҳуқықы бузылған шахстың ҳуқықын тиклеў ушын қылған ямаса қылыўы керек болған қәрежетлери киреди.Бундай қәрежетлердиң зәрүрлиги ҳәм олардың болжамлы муғдары тийкарланған есап-****, товар, жумыс, хызмет көрсетиўдеги кемшиликлерди сапластырыў ушын кететуғын қәрежетлер сметасы (калькуляция) сыпатындағы дәлиллер, миннетлемелерди бузғанлығы ушын жуўапкершилик дәрежесин белгилейтуғын шәртнама ҳәм басқалар менен тастыйықланған болыўы керек. Қолдан берилген пайданың муғдары, егер миннетлеме орынланғанда, кредитор қылыўы керек болған **** уғрас қәрежетлерди есапқа алған ҳалда анықланыўы шәрт.Атап айтқанда, шийки зат ямаса комплектлеўши буйымларды жеткерип бермеў нәтийжесинде алынбай қалған дәрамат түриндеги зыянды қаплаў **** талап бойынша бундай дәраматтың муғдары усы товарлардың қарыйдарлары менен дүзилген шәртнамада нәзерде тутылған таяр өнимлерди сатыў баҳасынан келип шыққан ҳалда, жеткерип берилмеген шийки зат ямаса комплектлеўши буйымлардың баҳасы, транспорт-таярлаў қәрежетлери ҳәм таяр өнимлерди ислеп шығарыў менен байланыслы болған басқа да қәрежетлерди шегирип таслаў жолы менен анықланыўы зәрүр, деп түсинтирилген. ****, даўагер ҳәм “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети, “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийети орталарында ****жыл16 октябрь күни, **** жыл 14 август күни шәртнамалардың дүзилгени тийкарсыз саналады.Себеби,жуўапкер тәрепинен шәртнамаға тийкар жеткизилип берилген үскени даўагер тәрепинен **** жыл 15 март күнине шекем қосылмаған, яғныйүскене жуўапкер тәрепинен **** жыл жеткизилген дәўиринен баслап иске түспеген. Бул жағдай истегидаўагердиң жуўапкерге жоллаған **** жыл 18 апрель күнги 4-санлы талапнамасы менен тастыйықланады. Бул жағдайда, шийки зат ямаса комплектлеўши буйымларды жеткерип бермеў нәтийжесинде алынбай қалған дәрамат түриндеги зыяндеп баҳалап болмайды. Сонлықтан, биринши инстанция судыдаўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў**** дурыс **** келгендеп есаплайды. Судлаў коллегиясы, апелляциялық шағымда билдирилген ўәжлер менен келисе алмайды. Себеби,жуўапкер тәрепинен жеткизилип берилиўи керек болған үскене кишиктирилип жеткизилип берилген болсада, оны иске түсириў даўагердиң миннетлемесиндеболған, буннан тысқары, даўагер ****тек усы үскененисатып алыў ушын кредит алғанлығы ҳүжжетлер менен тастыйықланбайды. ЭПК****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар,апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****. ЭПКниң****-статьясына тийкар, мәмлекетлик **** айыпкер шахстан өндирилиўи лазым. Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды,даўагерден республика бюджетине ****,65 сом мәмлекетлик **** өндириўди,жуўапкер тәрепинентөленген****сом почта қәрежетиноныңмойнында қалдырыўды лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң****, ****, ****-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 29 сентябрь күнги шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Даўагер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине ****,65 сом мәмлекетлик **** өндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** коллегия ағзалары: **** ****