← Назад
Решение #2845864 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2240-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов,
даўагер «*****» АЖниң жуўапкер Нөкис қаласы «*****» шаңарақлық
кәрханасынан 3 624 970,11 сом қарыз, 2 891 919,33 сом пеня, төленген почта
қарежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин көрип
шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «*****» АЖти жуўапкер «*****» шаңарақлық кәрханасынан 3
624 970,11 сом қарыз, 2 891 919,33 сом пеня, төленген почта қарежетин
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи) 2032-статьясы биринши бөлимине муўапық,
егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата
бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған
ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди
шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талапларын
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи) 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине
ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына муўапық
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке
энергия берип турыў мәжбуриятын алады, абонент болса қабыл қылынған
энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия
пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбуриятын алады.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 01октябрь күни 164966-санлы көтере тутыныўшыларға электр энергиясын
жеткизип бериў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр
энергиясы ушын алдын ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
ЭПК 72-статьясында, нызамшылыққа муўапық анық дәлиллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген.
Нәтийжеде даўагер тәрепинен бир тәреплеме дүзилген салыстырыў актинде
жуўапкердиң 3 624 970,11 сом қарыз, 2 891 919,33 сом пеня қарызлары
көрсетилген.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы жуўапкер тәрепинен
орынлаўсыз қалдырылған. Бул жағдайда даўаның қарыз өндириў талабы
тийкарлы табылады.
Шәртнаманың 3.12-бәнтине тийкар, төлеўди кешиктиргени ушын қарыз
суммасы 50% есабынан аспаған жағдайда пеня төлеў миннетлемеси жуўапкерге
жүкленген. Сонлықтан төлеўди кешиктиргени ушын қарыз суммасы 50%
есабынан аспаған жағдайда 2 891 919,33 сом пеня талап қылынған.
ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде
түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 500 000 сом
өндириўди мақул табады.
Солай етип, суд даўаның талапларын қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 3 624 970,11 сом қарыз, 500 000 сом пеня, 41 200
сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз
қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым. Бул жағдайда базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги
мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 2031–2035статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талаплары қысман қанаатландырылсын.
Нөкис қаласы «*****» шаңарақлық кәрханасынан «*****» АЖниң
пайдасына 3 624 970,11 сом қарыз, 500 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«*****» шаңарақлық кәрханасынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде
усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў
(прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор
протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов