← Назад
Решение #2845905 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2250-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 18-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер
ўәкили **** (2025-жыл 08-январь күнги 01/7-8/9-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, даўагер ****ниң жуўапкер Төрткуль районы
«****» ЖШЖнен 78 863 397 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер **** жуўапкер «****» ЖШЖнен 78 863 397 сом пеня
өндириўди сораған.
Суд мәжилисинде даўагер ўәкили даўаның талабы тийкарлы болыўы
себепли оны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти
көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте
хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа
олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд
исти көрип шығыўды мақул табады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагер ўәкилиниң
түсиниклерин,
ўәжлерин
тыңлап,
даўа
талабын
қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кесип алып ислеў (пудрат)
шәртнамасынан келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2025-жыл 13июнь күни 170636-санлы кесип алып ислеў шәртнамасы дүзилген.
Шәртнамаға көре, жуўапкер Шоманай районы, «Шоманай дийхан базары»
ЖШЖниң аймағындағы бос турған жер майданына қосымша жаңа саўда
орынларын қурып бериў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 4-бөлимине
көре, жумыслар көлеми баҳасы 981 927 382 сом муғдарында белгиленген.
Шәртнаманың 17-бөлиминде алдын ала 30% муғдарында ҳәр айға 15% аванс
төлем әмелге асырылыўы нәзерде тутылған.
Белгиленген тәртипте аванс пулларының төленгени иске қосылған
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Шәртнаманың 15-бөлиминде объект қурылыс ислери мүддети 90-күн
болып белгиленген. Бирақ қабыл етилген қаржылар есабынан жуўапкер
тәрепинен жумыслар көлеми белгиленген мүддет ишинде орынланбаған.
Нәтийжеде жуўапкер тәрепинен 606 387 395,59 сомлық қурылыс ислери
әмелге асырылған, қалған 375 539 986,41 сомлық қурылыс ислери
орынланбаған.
Шәртнаманың 64-бөлимине тийкар, орынланбаған қурылыс ислери
375 539 986,41 сомның 0,5% есабынан 1 877 699,93 сомды кешиктирилген 42күнге көбейткен жағдайда жәми 78 863 397,06 сом пеня өндириў талабы менен
даўагер судқа мүрәжат еткен.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағаны себепли даўагер пеня өндириў талабы менен судқа мүрәжат
етиўи мүмкин.
ПК 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 333-статьясы биринши бөлимине тийкар, қарыздар айыбы болған
тәғдирде миннетлеме орынламағаны яки лазым дәрежеде орынламағаны
ушын, егер нызамшылықта яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген
болса, жуўап береди. Қарыздар миннетлемени лазым дәрежеде орынлаў ушын
өзине байланыслы болған ҳәмме шараларын көргенлиги дәлилленсе, ол
айыпсыз деп табылады.
ПК 326-статьясының екинши бөлимине тийкар, суд қарыздар ҳәм
кредитордың мәпин есапқа алып, кредиторга төлениўи лазым болған
неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2007-жыл 15-июнь күнги
«Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам хүжжетлерин
қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 163-санлы қарарының 4-бәнтинде
түсиник берилген.
Талап қылынған пеня көлеми толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 12 000 000 сом
ондириўди мақул табады.
Солай етип, суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 12 000 000 сом пеня,
41 200 сом почта қәрежетин өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Даўа суммасының 2% есабынан 1 577 268 сом мәмлекетлик бажы
жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118,
176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўаның талабы қысман қанаатландырылсын.
Төрткуль районы «****» ЖШЖнен ****ниң пайдасына 12 000 000 сом
пеня, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
«****» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 1 577 268 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хатлар берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов