← Назад
Решение #2846104 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2147-санлы экономикалық ис
судья С.Ниязов
УЙҒАРЫЎ
(даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
Нөкис қаласы
2025-жыл 17-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жəрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
банк ўəкили *** (2025-жыл 8-январь күнги 01-101/01-санлы исеним хат
тийкарында)тың қатнасыўында, ***ның даўагер "***" AKSIYADORLIK
JAMIYATI мəпин қорғап жуўапкер "***" ЖШЖне қарата кредит
шəртнамасын бийкарлаў, мүддетинен алдын 100 000 000 сом кредит қарызын
ҳəм 3 835 067,89 сом пайыз қарыздарлықларын өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мəжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
АНЫҚЛАДЫ:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер "***"
AKSIYADORLIK JAMIYATI (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
мəпин қорғап экономикалық судқа даўа арза менен мүрəжат етип, жуўапкер
"***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)не қарата
кредит шəртнамасын бийкарлаў, мүддетинен алдын 100 000 000 сом кредит
қарызын ҳəм 3 835 067,89 сом пайыз қарыздарлықларын өндириўди сораған.
Даўагердиң ўəкили суд мəжилисинде өз-ара медиатив келисимге
келгенлигин билдирип, медиатив келисимди судқа усынып, даўа арзасын
көрместен қалдырыўды сорады.
Палата, жуўапкер ўəкили суд мəжилисине келмеди.
Бундай жағдайда суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкарланып палата, жуўапкер ўəкилиниң қатнасыўысыз
көриўди лазым табады.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўəкилиниң түсиндирмелерин тыңлап, исте
топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкарланып даўа
арзасын көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тəреплер орталарында 2025-жыл 17ноябрь күни медиатив келисим дүзилген.
ЭПКниң 107-статьясы 53-бəнтине муўапық, тəреплер орталарында
медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен қалдырылады.
Сол себепли, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасының "Мəмлекетлик бажы ҳаққында"ғы
Нызамының 18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бəнтине көре, егер тəреплер
орталарында медиатив келисим дүзилген болса, даўа арза көрместен
қалдырылса, мəмлекетлик бажы толық ямаса қысман қайтарылыўы керек.
Сол себепли, суд төленген 41 200 сум почта қəрежетин даўагердиң
мойнында қалдырыўды, мəмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты.
2
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳəм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 133, 107, 108, 118, 195статьяларына тийкарланып, суд
У Й Ғ А Р Д Ы:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Уйғарыўдан наразы тəреп уйғарыў үстинен усы уйғарыў шығарылған
күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы
судына апелляция тəртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген
тəртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов