← Назад
Решение #2846175 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2235-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 17-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер
***тиң жуўапкер жеке исбилермен “***” ҳәм қосымша жуўапкер "***"
ЖШЖнен солидар тәртипте кредит бойынша мүддети өткен 6 558 437 сом
тийкарғы қарызын, мүддети өткен 459 454 сом пайыз, 563 829 сом пеня
өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери
менен бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер *** (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер жеке
исбилермен “***” (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи) ҳәм
қосымша жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте қосымша жуўапкер
деп жүритиледи)нен солидар тәртипте кредит бойынша мүддети өткен
6 558 437 сом тийкарғы қарызын, мүддети өткен 459 454 сом пайыз, 563 829
сом пеня өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши
бөлимине муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата
базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги
исбилерменлерге қарата болса базалық есаплаў муғдарының бес есесинен
аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип
шығылады.
ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин
еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды мақул тапты.
Тәреплер орталарында 2024-жыл 11-сентябрь күни 1333-санлы кредит
шәртнамасы (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Кредит шәртнамасына тийкар жуўапкерге 12 ай мүддетке, жыллық 27
пайыз төлеӯ шәрти менен 70 000 000 сом муғдарында кредит ажыратылған.
Кредиттиң қайтарылыўын тәмийинлеў мақсетинде даўагер, жуўапкер
ҳәм қосымша жуўапкер орталарында 2024-жыл 11-сентябрь күни кепиллик
шәртнамасы имзаланған болып, қосымша жуўапкердиң миннетлемелер
бойынша қарыздар менен биргеликте солидар жуўапкершилиги белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Пукаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы шәрт.
2
ПКниң 744-статьясының биринши бөлиминде кредит шәртнамасы
бойынша бир тәреп - банк яки басқа кредит шөлкеми (кредитор) екинши
тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм
шәртлер тийкарында пул қаржылары (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса
алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў
миннетлемесин алыўы белгиленген.
ПКниң 293-статьясы биринши, екинши бөлимлерине муўапық,
қарыздар кепиллик пенен тәмийинленген миннетлемени орынламаған яки
зәрүрли дәрежеде орынламаған жағдайда кепил ҳәм қарыздар кредитор
алдында солидар жуўап береди, егер нызамда яки кепиллик шәртнамасында
кепилдиң субсидиар жуўапкер болыўы нәзерде тутылған болмаса.
Егер кепиллик шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылмаған
болса, кепил кредитор алдында қарыздар менен бирдей көлемде жуўап
береди, соның ишинде процентлер төлейди, қарызды өндирип алыў бойынша
суд қәрежетлерин ҳәм қарыздар мәжбүриятын орынламағанлығы ямаса
надурыс орынламағанлығы себепли кредитор көрген басқа да зыянларды
төлейди.
Кредит шәртнамасының 4.4 ҳәм 6.2.1-бәнтлерине муўапық
шәртнаманың ажыралмас бөлеги болған төлеў кестесине тийкар жуўапкер
кредит қарыздарлығын төлеп барыў миннетлемесин алған.
Жуўапкер тәрепинен шәртнама шәртлери лазым дәрежеде
орынланбағанлығы нәтийжесинде жуўапкердиң 2025-жыл 26-сентябрь
жағдайына мүддети өткен 6 558 437 сом тийкарғы қарызы, мүддети өткен
459 454 сом пайыз қарыздарлығы жүзеге келген, шәртнаманың 8.3-бәнтине
тийкар есапланған пеня 563 829 сомды қураған.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагер банктиң талапнамасы менен
жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер әмелге асырылмаған.
Шәртнаманың 8.3-бәнтинде қарыз алыўшы кредит төлемлерин өз
ўақтында төлемеген ҳәмде олар бойынша мүддети өткен қарызлар жүзеге
келген жағдайда төлем кешиктирилген ҳәр бир күн ушын банкке мүддети
өткен кредит қарыздарлығына қарата 0,2 пайыз, мүддети өткен пайыз
төлемлерине қарата 0,2 пайыз муғдарында пеня төлейди.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, жуўапкер тәрепинен кредит ҳәм оған
есапланған пайызларды төлеў кестесинен кешиктирип келинген.
Бул жағдайда, солидар тәртипте даўаның мүддети өткен тийкарғы
кредит қарызын, мүддет өткен пайыз қарызын ҳәм пеня өндириў талабы
тийкарлы болып есапланады.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған
неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги
көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар
миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып
атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери
итибарға алыныўы керек.
3
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007жыл 15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң
326-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң
орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий
аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын
кемейтиўге ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, пеня муғдарын
100 000 сомға кемейтириўди мақул табады.
Банк тәрепинен усынылған мағлыўматнамаға қарағанда, жуўапкер
тәрепинен мүддети өткен кредит қарыздарлығы қысман төленип, 2025-жыл
17-ноябрь жағдайына мүддети өткен кредит қарыздарлығы 4 212 250 сомды
қурайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ үшинши бөлимине муўапық, даўагер
төлеўден белгиленген тәртипте азат етилген мәмлекетлик бажы, егер
жуўапкер бажыдан азат етилмеген болса, қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес рәўиште жуўапкерден республика бюджет пайдасына
өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкер ҳәм қосымша жуўапкерден солидар тәртипте
даўагер пайдасына мүддети өткен 4 212 250 сом тийкарғы қарызын, мүддети
өткен 459 454 сом пайыз, 100 000 сом пеня өндириўди, жуўапкерден даўагер
пайдасына төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине
412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди, даўаның қалған бөлегин
қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер жеке исбилермен “***” ҳәм қосымша жуўапкер "***"
ЖШЖнен солидар тәртипте *** пайдасына мүддети өткен 4 212 250 сом
тийкарғы қарызы, мүддети өткен 459 454 сом пайыз,
100 000 сом пеня
өндирилсин.
Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен *** пайдасына 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
4
Жуўапкер жеке исбилермен “***”тен Республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип
нызамлы күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы
Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи
(прокурор протест келтириўи) мүмкин.
Судья
С.Ниязов