← Назад
Решение #2846181 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2163-санлы ис
судья Б.Баймуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025-жыл 17-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында,
судья
жәрдемшиси
С.Опаеваның
хаткерлигинде,
Қарақалпақстан Республикасы фермерлери Кеңеси (кейин-Кеңес) ўәкиллери
**** (2025-жыл 24,31-октябрьдеги 118,125-санлы исеним хатлар тийкарында),
даўагер ўәкили **** (2025-жыл 17-ноябрь күнги исеним хат тийкарында),
жуўапкерден баслық **** (2025-жыл 10-октябрьдеги 10-25/10-санлы исеним
хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили **** (2025-жыл 17-ноябрь күнги 7/253688-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Кеңес даўагер Хожели
районы "****" фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер Хожели районы
"F z gr kl st r" ЖШЖнен 173 293 555 сом келтирилген зыян өндириў
ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Кеңес даўагер "****" фермер хожалығының мәпинде жуўапкер "****"
ЖШЖнен 173 293 555 сом келтирилген зыян өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 17,31-октябрьдеги уйғарыўылары менен *****ти,
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат
комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы
басқармасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы Аўыл
хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайы даўа предметине өз алдына
талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске
тартылған.
Суд мәжилисинде Кеңес ўәкиллери Агросанаат комплекси үстинен
қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ****тиң усы
районлық фермер кеңеси атына жоллаған хатында истеги даўагердиң
атызларына егилген шигит қысман көгерип шыққаны даўаның талабына тийкар
болғанын, сонлықтан даўа арза тийкарлы екенин билдирип, оны
қанаатландырыўды сорады.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын тийкарлы деп
есаплайтуғынын, жуўапкерден тукымлық шигит алғанын, бирақ алатуғын
шигит қалталанған болғаны ушын оның қандай шигит екенин билмегенин,
өним шықпай қалғаны себепли зыян көрип турғанын, зыян талабы толық
өндирилиўи кереклигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер тәреп ўәкиллери суд мәжилисинде даўаның талабы тийкарсыз
екенин, себеби фермерге С-4727-сортлы R1 әўлады туқымлық шигит өнимлери
тарқатылғанын, бул шигит өниминиң муўапықлық сертификаты болғанын,
сондай-ақ, егер муўапықлық сертификатсыз тухымлық шигит өними
тарқатылған жағдайда бул сыпатсыз өним тарқатқанын аңлатпайтуғынын,
истеги даўагер тек 977 кг шигит алғанын, бул муғдардағы шигит нормативке
көре 16 га пахта атызларына егилиўи лазым болатуғынын, ал даўагер тәрепинен
шигиттен тысқары бийдай ҳәм басқада аўыл хожалық егинлери атызларына
егилгенин, барлық егинлерди тарбиялаўға жәми 173 293 555 сом шығынлары
кеткен деп есаплайтуғынын, сонлыктан шигит бойынша шығынлары анық
емеслигин билдирип, даўа талабын қанаатландырмаўды сорады.
Үшинши шахс Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайы
ўәкили **** суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында
хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд
мажилисинде тухымлық шигитлери ушын муўапықлық сертификатлары
берилгенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Үшинши шахс Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы **** бас қәнийгеси **** суд
мәжилисинде нызамшылыққа муўапық өткерилген тексериў нәтийжесинде
истеги жуўапкер тәрепинен район аймағындағы фермерлерге тарқатылған С4727-сортлы R2 әўлады туқымлық шигит өнимлерине муўапықлық
сертификаты болмағаны анықланғанын билдирип, нызамлы шешим қабыл
етиўди сорады.
Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,170-статьяларына тийкар суд исти
көрип шығыўды мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин,
ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза
талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп
жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан,
зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа
тийкарлардан келип шығады.
ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы бузылған
шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған
қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян),
сондай-ақ, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында пуқаралық қатнасық
шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары
тусиниледи.
ПК 985-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-ақ, юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан
берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы
лазым.
Даўаның талабы келтирилген зыян өндириў болып табылады.
Анықланыўынша, истеги тәреплер орталарында 2025-жыл 11-март күни
79790-санлы фьючерс шәртнама ы дүзилген. Шәртнамаға көре даўагер
жуўапкерге 376 888 200 сомлық пахта шийки затын жеткизип бериў
миннетлеме ин алған.
Суд даўаның келтирилген зыян өндириў талабы менен келисе алмайды.
ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир
шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды
дәлийллеўи керек.
ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен
тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Фьючерс шәртнамаларының шәртлерин орынлаў мақсетинде даўагер
жуўапкерден 2025-жыл 19,20,21-апрель күнлери жәми жәми 977 кг болған С4727-сортлы R1 әўлады туқымлық шигит өнимлерин алғаны товар-транспорт
жүк хатлары менен тастыйықланады.
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы Хожели районы бөлими хызметкери ****, жуўапкер
**** қатнасында 2025-жыл 22-май күни дүзилген акт мазмунында, *****нен
жуўапкерге келтирилген С-4727-сортлы R2 әўладының 61,360 тонна туқымлық
шигит партиясының муўапықлық сертификаты болмаған туқымлық шигитлери
фермерлерге тарқатылғаны анықланған.
Бирақ даўаның тийкары сыпатында көрсетилген С-4727-сортлы R1
әўлады туқымлық шигит өниминиң муўапықлық сертификаты болмаған
жағдайы анықланбаған. Демек истеги даўагердиң С-4727-сортлы R1 әўлады
туқымлық шигит өниминен зыян көрген деп баҳалаўға тийкар жоқ.
Сонлықтан суд даўа арзаны қанаатландырмаўды мақул табады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги
«Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары искерлигин
жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы
ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнти бесинши хатбасына муўапық фермер,
дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа
мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы
органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың
лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза
усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып
даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер
ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
9-статьясы биринши бөлими 18-бәнтине муўапық, усы истеги даўагер
мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы
өндирилместен қалдырылады.
Почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўына жатады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-
179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ:
Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине
киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке
кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
Б.Баймуратов