Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1564 Дата решения 17.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b4373185-7f50-4ddc-9e5a-04629f3404b4 Claim ID PDF Hash 2c5d0f011e799513... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис Судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 17 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер "ХХХХХ” ЖШЖниң сапластырыў басқарыўшысы Б.Утегеновтың жуўапкери жеке тәртиптеги исбилермен ХХХХХдан 14 630 000 сом қаржыларды өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер "ХХХХХ” ЖШЖниң сапластырыў басқарыўшысы Б.Утегенов (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер жеке тәртиптеги исбилермен ХХХХХ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)дан 14 630 000 сом қаржыларды өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Даўагер тәреп судқа илтимаснама усынып, илтимаснамасында истиң көрилиўин өзиниң қатнасыўысыз көриўди сораған. Жуўапкер суд мәжлисине тийисли тәртипте шақыртылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди. Сонлықтан, суд, Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (буннан кейин текстте ЭПК-деп жүритиледи) 170-статьясына муӯапық исти жуўапкердиң қатнасыўысыз көриў мүмкин деген жуўмаққа келди. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, Шымбай районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 22 май күнги 42304-2402/526-санлы шешиўши қарарына муўапық "ХХХХХ” ЖШЖти төлеўге қәбилетсиз деп табылған, сапластырыў өндириси ашылған. Сапластырыў басқарыўшысы етип Утегенов Бахытбек Ауеспаевич тайынланған. Сапластырыў басқарыўшысы Б.Утегенов судқа даўа арза менен мүражат етип, даўа арзасында 2022 жыл 31 август күни төлеў тапсырықнамасына муўапық жеке тәртиптеги исбилермен ХХХХХға 14 630 000 сом қаржылар финанс жәрдем сыпатында өткерилгенин, Өзбекстан Республикасы «Толеўге қәбилийетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының 243статьясына муўапық ҳуқыйқый тийкарларсыз басқа шахсларга пул қаржыларын қайтымсыз өткерилгени бул төлеўге қәбилийетсизликке алып келиўши халатлар деп есапланатуғынлығын көрсетип, жуўапкерден 14 630 000 сомды өндириўди сораған. Иске қосылған АК “Агробанк” Тахтакөпир районы филиалының 2022 жыл 31 август күнги 12-санлы төлеў тапсырықнамасында банкрот деп 1 табылған "ХХХХХ” ЖШЖти тәрепинен жуўапкерге 14 630 000 сом пул қаржылары өткерилген. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте - ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Төлеў тапсырықнамасының төлеў детальлары болып қайтарылмайтуғын финанслық жәрдем деп көрсетилген. Яғный жуўапкер финанслық жәрдемди қайтарыў миннетлемесин алмаған. Бул халатда даўа арза талабы тийкарсыз ҳәм қанаатландырыўсыз қалдырылыўы лазым. Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамына қосымша қылынған Мәмлекетлик бажы ставкалары муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар ушын даўа баҳасының 2 пайызы, бирақ базалық есаплаў муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда, 2-бәнди «б» киши бәндинде мүлкий түске ийе болмаған даӯа арзалар ушын базалық есаплаў муғдарының 10 есеси муғдарында мәмлекетлик бажы тѳленетуғынлығы кѳрсетилген. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025 жыл 2 июньдағы «Ис ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025 жыл 1 августдан баслап базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи. Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўагерден Республика бюджет есабына 412 000 сом мәмлекетлик бажы ондириўди, төленген суд қәрежетлерин даўагердиң мойнында қалдырыўды лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа талабы қанаатландырысыз қалдырылсын. "ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети есабынан республика бюджет пайдасына 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. 2 Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья З.Хасанова 3