← Назад
Решение #2846346 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
Судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 17 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
ўәкили юрисконсульт ХХХХХ (2025 жыл 17 февраль күнги ЖЕ-2-06/272санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ХХХХХ (2025 жыл 28 август
күнги 01-04/3638-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында,
даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "ХХХХХ»
акционерлик жәмийетинен 127 320 372 сом тийкарғы қарызы, 36 301 950 сом
пеня, жәми 163 622 322 сом қарыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша
исти
суд
имаратында
ашық
суд
мәжилисинде
видеоконференцбайланыс режиминде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер «ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте
даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ» акционерлик жәмийети (буннан
кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 127 320 372 сом тийкарғы
қарыздары, 36 301 950 сом пеня, жәми 163 622 322 сом қарыздарлықты
өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арза талабын қоллап-қуўатлап,
қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа арзаны тән алып, пеня
муғдарын кемейтиўди ҳәм даўа арзаны қысман қанаатландырыўды сорады.
Суд, тәреплердиң түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип
шығып, даўа талабын қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи) 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери энергия тәминаты
шәртнамасынан келип шыққан.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, даӯагер ҳәм жуӯапкер
орталарында 2024 жыл 05 январь күнги 102801-санлы электр энергиясын
жеткизип бериӯ шәртнамасы дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәндине муўапық, даӯагер жуӯапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электроэнергия жеткерип бериӯ мәжбүриятын алады, жуӯапкер
болса қабыл қылынған энергия ҳақын төлеў мәжбуриятын алған.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берген ҳәм өзиниң
шәртнамадағы мәжбүриятларын орынлаған, ал жуўапкер шәртнамаға муўапық
өз
ўақтында
тийсли
төлемлерди
төлемегенлиги
ушын
127 320 372 сом тийкарғы қарыздарлығы пайда болған.
1
ПКниң 236-статьясында мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм
нызам хүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанында болса – ис қатнасығы әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муӯапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәминаты шәртамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў мәжбүриятын алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
мәжбүриятын алады.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары толық орынланған, бул
истеги шәртнамалар, салыстырыӯ далалатнамасы ҳәм баскада хүжжетлер
менен толық тастыйыкланады.
“ N RGOSAVDO” филиалы Шымбай районы бөлими тәрепинен
көрсетилген хызметлердиң ҳақысын төлеп бериӯ бойынша жуӯапкерге 2025
жыл 03 октябрь күни талапнама жиберилген. Бирақ, жуӯапкер тәрепинен
талапнамаға жуӯап берилмеген ҳәм қарыздарлық толық төленбеген.
Салыстырыӯ далалатнамасына қарағанда жуӯапкердиң мүддети өткен
тийкарғы қарыздарлығы 2025 жыл 01 октябрь халатына 127 320 372 сомды
қураған.
Бул халатда даўа арзаның тийкарғы қарыздарлықты өндириў талабы
қанаатландырылыўы лазым.
Сондай-ақ, даўагер даўа арзасында шәртнаманың 3.12-бәнтине муўапық
жуўапкерден қабыл етилген энергия ҳақын өз ўақтында төлемегенлиги ушын
36 301 950 сом пеня өндирилиўи соралған.
Пеня талабы тийкарлы. Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29август күнги 670-I-санлы “Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ
шәртнамалық-ҳуқықый базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында
тәреплердиӊ бири шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым
дәрежеде орынламаған жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян
көрген тәрепке төлеп береди деп түсиник берилген.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени
қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң
мүлкий аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына
ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокарғы хожалық суды Пленумының 2007
жыл 15 июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки
лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик
2
туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым
мәселелери ҳаққында»ғы Қарарының 4-бәнтинде, Пуқаралық кодексиниң 326статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў
дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондайақ кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге
ҳақылы екенлиги түсиндирилген.
Бирақ, пеняны толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердин мүлкий
аўҳалына кери тәсирин тигизиўин есапқа алып, суд 7 000 000 сом пеня
ондириўди макул табады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниӊ 118статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы
шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде
олардың мойнына жүклетиледи, алтыншы бѳлиминде егер даўагер тәрепинен
билдирилген неустойканы ѳндириў ҳаққындағы талап тийкарлы болып, бирақ
оның муғдары нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ҳуқықтан пайдаланылған
ҳалда суд тәрепинен кемейтирилген болса, суд қәрежетлериниң
кемейтирилиўи есапқа алынбаған ҳалда ѳндирилиўи лазым болған неустойка
суммасынан келип шыққан ҳалда, суд қәрежетлери жуўапкердиң мойнына
жүклетилиўи лазым.
Исти көриў нәтийжеси менен суд даўа талабын қысман
қанаатландырыўды, жуӯапкерден даӯагер пайдасына 127 320 372 сом
тийкарғы қарызы, 7 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин,
Республика бюджет есабына 3 272 446,44 сом мәмлекетлик бажы ондириўди,
ис видеоконференцбайланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы болған
103 000 сом суд қарежетлерин Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды
депозит есабына өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
ЭПКниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа талабы қысман қанаатландырылсын.
"QARAQAL AQ SUW TÁ IYNATÍ" акционерлик жәмийети есабынан
«ХХХХХ»
акционерлик
жәмийети
пайдасына
127 320 372 сом тийкарғы қарызы, 7 000 000 сом пеня, төленген 41 200 сом
почта қәрежетин өндирилсин. Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
"QARAQAL AQ SUW TÁ IYNATÍ" акционерлик жәмийети есабынан
республика бюджет есабына 3 272 446,44 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
"QARAQAL AQ SUW TÁ IYNATÍ"
акционерлик жәмийети
есабынан Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозит есабына 103 000
сом суд қәрежетлери өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы
күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў
хат(лар) берилсин.
3
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм
апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы
күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў
(прокурор протест келтириў) мүмкин.
Судья
З.Хасанова
4