Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2160 Дата решения 17.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f6e352f1-ef28-4f7f-a9e9-522f75e8f844 Claim ID PDF Hash 58a40bd137cf1ee2... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2160-санлы ис Нөкис қаласы судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 17-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, Қарақалпақстан Республикасы фермерлери Кеңеси (кейин-Кеңес) ўәкиллери **** (2025-жыл 24,31-октябрьдеги 118,125-санлы исеним хатлар тийкарында), даўагер ўәкили **** (2025-жыл 31-октябрь күнги 5-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден баслық ***** (2025-жыл 10-октябрьдеги 10-25/10санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили **** (2025-жыл 17ноябрь күнги 7/25-3688-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, Кеңес даўагер Хожели районы "****" фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер Хожели районы "****" ЖШЖнен 109 441 137.66 сом келтирилген зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Кеңес даўагер "****" фермер хожалығының мәпинде жуўапкер "****" ЖШЖнен 109 441 137.66 сом келтирилген зыян өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 17,31-октябрьдеги уйғарыўылары менен ******АЖти, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайы даўа предметине өз алдына талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде Кеңес ўәкиллери Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Хожели районы баслығы ****тиң усы районлық фермер кеңеси атына жоллаған хатында истеги даўагердиң атызларына егилген шигит қысман көгерип шыққаны даўаның талабына тийкар болғанын, сонлықтан даўа арза тийкарлы екенин билдирип, оны қанаатландырыўды сорады. Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын тийкарлы деп есаплайтуғынын, пахта атызлары таптан шығып баратырғаны ушын кеш болсада май айында тез писер болған жәми 1 220 кг болған С-4727-сортлы R2 әўлады туқымлық шигит өнимлерин жуўапкерден алғанын, өним шықпай қалғаны себепли зыян көрип турғанын, зыян талабы толық өндирилиўи кереклигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер тәреп ўәкиллери суд мәжилисинде даўаның талабы тийкарсыз екенин, себеби муўапықлық сертификатсыз тухымлық шигит өними тарқатылғаны бул сыпатсыз өним тарқатқанын аңлатпайтуғынын, сертификат кеш алынғанын, Кеңес тәрепинен хатқа тийкар судқа надурыс даўа арза киритилиўине жол қойылғанын билдирип, даўа талабын қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайы ўәкили ***** суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хат пенен тастыйықланады. Алдын өткерилген суд мажилисинде тухымлық шигитлери ушын муўапықлық сертификатлары берилгенин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахс Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ***** суд мәжилисинде нызамшылыққа муўапық өткерилген тексериў нәтийжесинде истеги жуўапкер тәрепинен район аймағындағы фермерлерге тарқатылған С-4727-сортлы R2 әўлады туқымлық шигит өнимлерине муўапықлық сертификаты болмағаны анықланғанын билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,170-статьяларына тийкар суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары тусиниледи. ПК 985-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген зыян, сондай-ақ, юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым. Даўаның талабы келтирилген зыян өндириў болып табылады. Анықланыўынша, истеги тәреплер орталарында 2025-жыл 26-февраль күни 54227-санлы фьючерс шәртнама ы дүзилген. Шәртнамаға көре даўагер жуўапкерге 501 680 400 сомлық пахта шийки затын жеткизип бериў миннетлеме ин алған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Фьючерс шәртнамаларының шәртлерин орынлаў мақсетинде даўагер жуўапкерден 2025-жыл 11,14,15-май күнлердеги товар-транспорт жүк хатлары ҳәм сәнеси анық емес 281-санлы жүк хаты тийкарында жәми 1 220 кг болған С4727-сортлы R2 әўлады туқымлық шигит өнимлерин алғаны тастыйықланады. Бирақ даўа арзада 1 820 кг туқымлық шигит алынғаны көрсетилген. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы **** қатнасында 2025-жыл 22-май күни дүзилген акт мазмунында, “****” ЖШЖнен жуўапкерге келтирилген С-4727-сортлы R2 әўладының 61,360 тонна туқымлық шигит партиясының муўапықлық сертификаты болмаған туқымлық шигитлери фермерлерге тарқатылғаны анықланған. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1042-статьясы биринши бөлимине көре, аўыл хожалық өнимлерин ҳәм туқымлықларды қабыллаў, саклаў қайта ислеў ҳәмде олардан пайдаланыў тәртибин, сондай-ақ, агросаноат комплекси тараўында технологиялық процесслер талапларын бузыў - базалық есаплаў муғдарының он бес барабарынан жигирма барабары муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Сертификаты болмаған туқымлық шигит өнимлери фермерлерге тарқатылған жағдайы бойынша жынаят ислери бойынша Хожели районы судының 2025-жыл 12-июнь күнги 3-2307-2502/779(3-2307-2502/749)-санлы қарары менен истеги жуўапкер "****" ЖШЖниң баслығы - ҳуқықбузар ****қа Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы 2 кодексиниң 74-статьясы екинши ҳәм 104 -статьясы биринши бөлимлерине тийкар ҳәкимшилик жәриймасы қолланылған. Тарқатылған туқымлық шигитлерин егин майданларына егиў ушын даўагер тәрепинен жәми 109 441 137,66 сомлық қәрежет сарпланғаны себепли палата зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасын судқа берген. ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Өзбекстан Республикасы «Туқымшылық ҳаққында»ғы Нызамның 23статьясы биринши, үшинши бөлимлерине муўапық, егиў ушын пайдаланатуғын туқымлар сертификатластырылыўы лазым ҳәмде туқымларды сертификатластырыў техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер тийкарында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады. Усы Нызамның 26-статьясы биринши бөлимине көре, туқымлықларды реализациялаўға олардың генетикалық (сорт) ҳәм егислик сапалары көрсетилген муўапықлық сертификаты бар болған жағдайда жол қойылады. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайының мағлыўматында С-4727сортлы R2 әўладына тухымлық шигит 5-партиясына 2025-жыл 10-июнь күни муўапықлық сертификаты рәсмийлестирилгени тастыйықланады. Жуўапкер тәрепинен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилмеген туқымлық шигит онимлериниң тарқатылғаны даўа арзаның зыян талабын өндириўге тийкар болмайды. Себеби тухымлық шигит өнимлериниң әмелдеги норма талапларына жуўап бермейтуғыны рәсмий тәртипте анықланбаған. Сондай-ақ, даўагер жуўапкерден 1 220 кг туқымлық шигитлерин ҳуқыйқый мүнәсибетке кирискен ҳалда шәртнама тийкарында алмаған, яғный шәртнама шәртлери бойынша жуўапкершилик мәселеси шешилмеген. Солай етип, суд даўа арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнти бесинши хатбасына муўапық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының 9-статьясы биринши бөлими 18-бәнтине муўапық, усы истеги даўагер мәмлекетлик бажы төлеминен азат етилгенлиги себепли мәмлекетлик бажы өндирилместен қалдырылады. Почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылыўына жатады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов