Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2155 Дата решения 17.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID ae06fa15-12cf-4b87-a73b-09afa6cbe4f4 Claim ID PDF Hash d6fc69e64f746c22... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2155-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 17-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили **** (2025-жыл 04-ноябрь күнги 23/25-140-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкили ***** (2025-жыл 05-январь күнги 1-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши *****ның жуўапкер Тахыятас районы “*****” ЖШЖнен 82 400 000 сом финанс жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Арза бериўши ***** жуўапкер “*****” ЖШЖнен 82 400 000 сом финанс жәрийма, төленген 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде қәте-кемшиликлерге жол қойылып атырғаны бойынша ҳеш ким ескертпегенин, қала берсе Тахыятас районлық газ кәрханасы тәрепинен ҳеш қандай хабарлар келмегенин, жәмийет ҳәзирги дәўирде ҳәрекетсиз екенин, тек бир хызметкерге айлық есапланып турғанын, арза бериўши тәрепинен әмелдеги нызамшылық талапларына көре кемшиликлер анықланыўынан сон 5-күн ишинде судқа мүрәжат етилмегенин, сонлықтан арза талабын тийкарсыз деп есаплайтуғынын билдирип, сондай-ақ, егер мүмкин болса талап қылынған жәрийма муғдарын кемейтиўди сорады. Суд ис материалларын үйренип шығып, тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, арзаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Аппараты келисими (код-004-936-503) ҳәм арза бериўшиниң 2025-жыл 21-август күнги 18-2-23/29-186-санлы буйырығы тийкарында истеги жуўапкер-жәмийет баслығы **** қатнасында, жуўапкер тәрепинен тәбий газден пайдаланыў ушын руҳсат етиў ҳүжжетлери ҳәмде руҳсат етиўге байланыслы талаплардың ҳәм шәртлериниң орынланыўы бойынша тексериў өткизилген. Өткерилген тексериў нәтийжеси 2025-жыл 27-август күни 18-02-23/29186-санлы акт дүзилген. Бул актке жуўапкер тәрептиң наразалығы болмаған. Акт мазмунында анықланыўынша, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетниң 2022-жыл 22-февраль күнги «Арнаўлы электрон дизими арқалы руҳсат етиў қәсийетине ийе айрым ҳүжжетлерди бериў тәртиплери туўрысында бирден-бир режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы 86-санлы қарарының 5қосымшасы талабындағы «руҳсат» алынбастан 2023-жылдан тексериў басланған күнине шекем яғный, 2023-жылда 132 551 м3, 2024-жылда 142 475 м3 ҳәм 2025-жыл 26-август күнине шекем 1 167 м3 тәбий газден пайдаланғаны көрсетилген. Лицензиялаў, руҳсат бериў ҳәм хабардор қылыў тәртиплери тараўындағы ҳуқықбузарлықтың исленгени ушын жәрийма салыў ҳаққындағы арза бериўшиниң 2025-жыл 29-август күнги 231-санлы қарарында Өзбекстан Республикасы «Лицензиялаў, руҳсат бериў ҳәм хабардар қылыў тәртиплери ҳаққында»ғы Нызам талапларына жуўапкер әмел қылмағаны ушын оған базалық есаплаў муғдарының 200-есесиндеги жәриймасы салынған. Бул қарар нызамлы күшинде. Салынған жәрийма жуўапкер тәрепинен ыхтыяри түринде қапланбаған. Нәтийжеде арза бериўши судқа жәрийманы өндириў талабы тийкарында мүрәжат еткен. Жоқарыдағыларды есапқа алып, суд даўа талабын тийкарлы таўып, жуўапкерден арза бериўши пайдасына 82 400 000 сом жәрийма, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 68статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Суд жуўапкер ўәкилиниң наразылық ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби арза талабына рәсмий ҳүжжетлери тийкарында наразылығы дәлийлленбеди. Сондай-ақ, жазба пикириндеги ўәжлерин тийкарлы деп болмайды. Себеби тексериў откериў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил Аппараты келисими (код-004-936503) алынған. Бул жағдайда өткерилген тексериў нызамшылық талапларына әмел қылынбаған деп есаплаўға тийкар жоқ. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Талап қылынған сумманың 2% есабынан 1 648 000 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179, 221, 222-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : *****ның арзасы қанаатландырылсын. Тахыятас районы “*****” ЖШЖнен *****ның пайдасына 82 400 000 сом жәрийма ҳәм 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. “*****” ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 1 648 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар он күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья Б.Баймуратов