← Назад
Решение #2846683 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2503/ХХХ-санлы экономикалық ис
УЙҒАРЫЎ
Шымбай районы
судья З.Хасанова
(даӯа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында)
2025 жыл 17 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық суды судьясы З.Хасанованың
басшылығында, судья жәрдемшиси К.Данияровтың хәткерлигинде, даўагер
“ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ жуўапкер "ХХХХХ"
шаңарақ кәрханасынан 27 000 000 сом карыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа
арзасы бойынша исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер "ХХХХХ" шаңарақ кәрханасы
(буннан
кейин
текстте
жуўапкер
деп
жүритиледи)нан
27 000 000 сом карыздарлықты өндириў ҳаққындағы даўа арзасы менен
экономикалық судқа мүрәжат еткен.
Даўагер тәрепинен 2025 жыл 17 ноябрь күни МС-11/25-санлы медиация
келисимин судқа усынған.
Тәреплер суд мәжилисине келмеди.
Истиң усы күни көрилетуғыны ҳаққында даўагер ҳәм жуўапкер тийисли
тәртипте хабарландырылғанлығына карамастан суд мәжлисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 170статьясына муўапық суд исти даўагер ҳәм жуўапкер ӯәкиллери қатнасыўысыз
көриў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд, истеги топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге
тийкар даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Ис ҳүжжетлерден анықланыӯынша, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында
2023 жыл 02 январь күни 127-санлы куяш панеллерин жеткизип бериў
шәртнамасы дүзилген.
Усы шәрнамаға муўапық даўагер тәрепинен 27 000 000 омлық 1
комплект куяш панеллерин жеткизип бериў миннетлемесин, жуўапкер болса,
шәртнама шәртлерине муўапық жеткизип берилген товарлардың хақысын
төлеп бериў миннетлемесин алған.
Даўагер тәрепинен шәртнама шәртлери орынланып, жуўапкерге
шәртнама көрсетилген куяш панели жеткизип ҳәм орнатып берилген, бул ис
ҳүжжетлериндеги тәреплердиң ортасындағы 2023 жыл 08 декабрь күнги
орынланған жумысларды қабыл етиў акти пенен толық тастыйқланады.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен жеткизип берилген товарлардың ҳақысы
төленбеген.
ПКниң 437-статьясына муўапық, өним жеткерип бериў шәртнамасына
тийкар исбилерменлик жумысы менен шуғылланып атырған өним жеткерип
бериўши - сатыўшы шәртлесилген мүддетте яки мүддетлерде өзи ислеп
шығаратуғын яки сатып алатуғын өнимлерди сатып алыўшыға исбилерменлик
жумысында пайдаланыў ушын, жеке, шаңарақлық мақсетлерде, күндекли
1
турмыста ҳам соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы
болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы
болса өнимлерди қабыл етип алыў ҳәм олардың ҳақысын төлеў
миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм
талаплар болмағанда-ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Даўагер тәрепинен шәртнама мәжбуриятлары орынланған, бул истеги
ҳүжжетлер менен толық тастыйыкланады.
Нәтийжеде даўагер судқа жеткизип берилген товарлардың ҳақысын
өндириў бойынша даўа арза менен мүрәжат еткен.
Бирақ, тәреплердиң ортасында 2025 жыл 03 ноябрь күни медиация келисими
дүзилген.
Усы медиация келисимге муӯапық жуӯапкер кредит қарыздарлықты алты
ай ишинде даӯагерге төлеп бериӯ миннетлемесин алған.
Тәреплердиң ортасында медиация келисими Өзбекстан Республикасы
“Медиация ҳаққында”ғы Нызамының 29-статьясы биринши бөлими талапларына
муӯапық дүзилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107статьясы, 53-бәндине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа
арза көрместен қалдырылады.
Сонлықтан, суд даўа арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында” ғы 2020 жыл 6январь күнги ЎРҚ-600-санлы нызамының 18-статьясы 1-бөлиминиң 9-бәндине
тийкар егер тәреплер ортасында медиатив келисим дүзилген болса, арза
көрместен қалдырылса, мәмлекетлик бажы толық яки қысман қайтарылыўы
белгиленген.
Бул жағдайда даўагер тәрепинен төленген 540 000 сом мәмлекетлик бажы
республика бюджетинен даўагерге қайтарылыўы лазым.
Суд, даӯагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин даӯагердиң
мойнында қалдырыӯды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 108статьяларын басшылыққа алып, суд
У й ғ а р д ы:
Даўа арза көрместен қалдырылсын.
Республика бюджет есабынан “ХХХХХ” жуўапкершилиги шекленген
жәмийетине есабына 540 000 сом мәмлекетлик бажы қайтарылсын ҳәм бул
ҳақкында мағлыўматнама берилсин.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы
тәреп усы уйғарыў шығарылған күннен баслап бир ай ишинде Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза, прокурор протест
келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Хасанова
2
3