← Назад
Решение #2846691 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2148-санлы экономикалық ис
судья Б.Баймуратов
УЙҒАРЫЎ
Нөкис қаласы
2025-жыл 17-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов
басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер банк
ўәкиллери **** (2025-жыл 08-январь күнги 01-102/01-санлы ҳәм 2025-жыл 08январь күнги 01-101/01-санлы исеним хатлар тийкарында), жуўапкер ****
қатнасыўында,
Өзбекстан
Саўда-санаат
палатасы
Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (кейин-палата) даўагер ***** акционерлик
жәмийетиниң мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы “*****” жеке исбилермен
есабынан мүддетли 50 000 000 сом қарыз, мүддетли 221 917,81 сом процент,
мүддети өткен 691 712,33 сом процент, төленген почта қәрежетин өндириў
ҳәмде тәреплер орталарында 2025-жыл 28-май күни дүзилген 25/2025-санлы
кредит шәртнамасын мүддетин алдын бийкарлаў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм
қосымша ҳүжжетлерин уд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып,
төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Палата даўагер ***** акционерлик жәмийетиниң мәпинде жуўапкер
“*****” жеке исбилермен есабынан мүддетли 50 000 000 сом қарыз, мүддетли
221 917,81 сом процент, мүддети өткен 691 712,33 сом процент, төленген почта
қәрежетин өндириўди ҳәмде тәреплер орталарында 2025-жыл 28-май күни
дүзилген 25/2025-санлы кредит шәртнамасын мүддетин алдын бийкарлаўды
сораған.
Суд мәжилисине палата ўәкили келмеди. Бирақ усынылған даўа арзада
исти палата ўәкилиниң қатнасыўысыз көрип шығыў соралған. Сонлықтан, суд
исти палата ўǝкилиниӊ қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд мәжилисинде даўагер банк ўәкиллери ҳәм жуўапкер орталарында
дүзилген медиация келисим питимин усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди
сорады.
Суд тәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин тыңлап, истеги топланған
ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаны талапларын көрместен
қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, банк ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 28-май күни 25/2025-санлы кредит шәртнамасына тийкар, банк тәрепинен
жуўапкерге 84-ай мүддетке жыллық 18% ставкада 50 000 000 сом муғдарында
кредит ажыратылған.
Кредит шәртнамасы шәртлери лазым дәрежеде орынланбағаны себепли
қарыздарлық өндириўге ҳәм кредит шәртнамасын бийкарлаў талаплары
тийкарында палата банк мәпинде судқа мүрәжат еткен.
Бирақ экономикалық исиниң көрилиўи барысында, тәреплер орталарында
2025-жыл 17-ноябрь күни медиациялық келисим дүзилген.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107статьясы 53-бәнтине муўапық, тәреплер медиация келисимин дүзген болса, даўа
арза көрместен қалдырылады.
Тәреплердиң медиациялық келисим дүзгенин есапқа алып, суд даўа
арзаны көрместен қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамының
18-статьясы биринши бөлиминиң 9-бәнтине тийкар, егер тәреплер орталарында
медиатив келисим дүзилген болса, арза көрместен қалдырылса, мәмлекетлик
бажы толық яки қысман қайтарылыўы белгиленген.
Жоқарыдағылар есапқа алынғанда мәмлекетлик бажы өндирилмейди.
Төленген почта қәрежети даўагер банк мойнында қалдырылады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 107, 109статьяларын басшылыққа алып, суд
УЙҒАРДЫ:
Даўаның талаплары көрместен қалдырылсын.
Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы
тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртибинде арза бериўге, прокурор протест келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.Баймуратов