Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/1377 Дата решения 14.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 7aac0687-aab2-4051-acee-1d1975c7ac71 Claim ID PDF Hash 204d3a5bc8a793fd... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2304-2503/1377-санлы экономикалық ис судья З.Хасанова ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН ШЕШИЎШИ ҚАРАР Шымбай районы 2025 жыл 14 ноябрь Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова, судья жәрдемшиси К.Данияровтын хәткерлигинде, жуўапкер ўәкили ХХХХХ қатнасыўында, даўагер Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетиниң жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен 2 823 323 сом сомлық ишимлик суўы тутыныўшыларынан артықша алынған сумманы өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен 2 823 323 сом сомлық ишимлик суўы тутыныўшыларынан артықша алынған сумманы өндириўди сораған. Даўагер ўәкили суд мажилисине қатнаспады. Алдынғы суд мәжилислеринде қатнасқан даўагер ўәкили Ш.Юсуфов даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа арзадағы талабын тийкарлы екенлигин, себеби жуўапкер нызамшылық талапларына әмел қылмағанлығы истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, бирақ жуўапкер тәрепинен артықша алынған сумманы ықтыярлы төлемегенлигин билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сораған. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын толық тән алып, даўа талабын қанаатландырыўға қарсы емес екенлигин билдирди. Суд жуўпкер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен 2025 жыл биринши ярым жыллық ис режесине муўапық "ХХХХХ" акционерлик жәмийети тәрепинен ҳалыққа жеткерип берилип атырған ишимлик суўының сапасы, жағдайы, стандартлар ҳәм орнатылған талапларға муўапықлығы бойынша үйрениў өткерилген. Үйрениў нәтийжесинде 2024 жыл март-апрель айлары даўамында Нөкис қаласында жайласқан көшелерде жеткерип берилип атырған ишимлик суўының санитариялық-гигиеналық ҳәм бактериологиялық көрсеткишлерине муўапықлығын тексериў нәтийжесинде, суўдың улыўма қаттылығы бойынша Ө’zDST 950-2011 "Ишимлик суўы гигиеналық талаплар ҳәм сапасын 1 қадағалаў" стандарты талапларына жуўап бермейтуғынлығы, яғный суўдың қаттылық дәрежеси 10-11 мг қурағанлығы анықланған. Жуўапкер тәрепинен усынылған мағлыўматларға қарағанда, 2024 жыл март-апрель айларында Нөкис қаласындағы көшелерде суў өлшегиш үскенелери орнатылған 1 478 физикалық ҳәм 3 юридикалық шахсларга жәми 579,4 м3 ишимлик суўы жеткерип берилген болып, соннан, физикалық тәреплерге 2024-жыл март айында 78,4 м3 ушын 227 360 сом, апрель айында 192,0 м3 ушын 623 616 сом, сондай-ақ, 2024-жыл апрель айында 3 юридикалық шахсқа 309,0 м3 ушын 1 972 347 сом пайдаланылған ишимлик суўы ушын есапланған жәми сумма 2 823 323 сомды қураған. Өзбекстан Республикасы 1996 жыл 26 апрельдеги "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы 221-1-санлы Нызамының 12-статьясының биринши бөлиминде тутыныўшы өзи сатып алған товар (жумыс, хызмет) санитариялық-гигиеналық, соның ишинде, радиология, эпидемияға қарсы талапларға ҳәм әмелдеги басқа да нормалар менен қағыйдаларға бойсынған ҳалда ислеп шығарылған ямаса орынланған болыўына ҳәм оның өмири, денсаўлығы, қоршаған орталық ушын қәўипсиз болыўына, сондай-ақ, оның мүлкине зыян жеткермеўине кепиллик берилиўин талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014 жыл 15 июльдеги 194-санлы қарарына 2-қосымша "Тутыныўшыларға суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўды шығарыў хызметлерин көрсетиў қағыйдалары"ның 130бәнтинде тутыныўшы ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен, оның менен дүзилген шәртнама тийкарында, ишимлик суўы ҳәм ақаба суўды шығарыў хызметлериниң үзликсиз әмелге асырылыўын, өзиниң өмири ҳәм денсаўлығына, мүлкине қәўип туўдырмайтуғын дәрежеде сапалы ҳәм муғдарда ишимлик суў берилиўин талап етиў; тийисли сапа дәрежесиндеги ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларына хызмет көрсетиў талапларын орынламағаны ушын ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен нызамшылықта ҳәм шәртнама шәртлеринде көрсетилген муғдарда жәрийма (пеня) төлеўди талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген. 2025 жыл 17 июль күни стандарт талапларына жуўап бермеген ҳалда 1 478 физикалық ҳәм 3 юридикалық шахсларга жеткерип берилген баҳасы 2 823 323 сомлық ишимлик суўы тутыныўшыларға ықтыярлы түрде қайта есап-китап етиў бойынша 3-23-2025/7-санлы көрсетпе берилгенлигине қарамастан жуўапкер тәрепинен көрсетпе бәнтлери орынланбаған. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15майдағы 402-санлы қарарына 2-қосымша «Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы бюджеттен тысқары Бәсекини раўажландырыўға көмеклесиў қоры қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы 2-бап, 3-бәнти бесинши ҳатбасысында қор қәлиплестирилетуғын дәреклерге тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны, баҳалары тәртипке салыныўы белгиленген товарлардың баҳаларын (үстеме 2 ҳәм тарифлер) арттырғаны ушын өндирилген тийкарсыз алынған дәраматлар суммасының 100 проценти киретуғынлығы белгиленген. Бирақ, жуўапкер тәрепинен артықша алынған сумманы ықтыярый төленбеген. Бул жағдайда суд даўа арзаны қанаатландырыўды мақул деп есаплайды. ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерге тийкарланып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына ишимлик суўы тутыныўшыларынан артықша алынған 2 823 323 сомды, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд қарар е т т и: Даўа арза қанаатландырылсын. "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети пайдасына ишимлик суўы тутыныўшыларынан артықша алынған 2 823 323 сом ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар бир айдан күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы. Судья З.Хасанова Үйрениў нәтийжесинде 2024-жыл март-апрель айлары даўамында Нөкис қаласында жайласқан көшелерде жеткерип берилип атырған ишимлик суўының санитариялық3 гигиеналық ҳәм бактериологиялық көрсеткишлерине муўапықлығын тексериў ушын алынған ишимлик суўының нәтийжелери санитариялық-гигиеналық көрсеткишлеринен суўдың улыўма қаттылығы бойынша ӨзДСТ 950-2011 "Ишимлик суўы гигиеналық талаплар ҳәм сапасын қадағалаў" стандартының талапларына жуўап бермейтуғынлығы, яғный суўдың қаттылық дәрежеси норма бойынша 7-10 мг болыўы керек болған болса, ҳақыйқатында 10-11 мг.ды қурағанлығы анықланған. "Қарақалпақ суў тәмийнаты" АЖ тәрепинен усынылған 2025-жыл 24-март күнги 0218/959-санлы хаты менен усынылған мағлыўматларға тийкарланып, 2024-жыл мартапрель айларында Нөкис қаласындағы көшелерде суў өлшегиш үскенелери орнатылған 1 478 физикалық ҳәм 3 юридикалық тәреплерге жәми 579,4 м3 ишимлик суўы жеткерип берилген болып, соннан, физикалық тәреплерге 2024-жыл март айында 78,4 м3 ушын 227 360 сом, апрель айында 192,0 м3 ушын 623 616 сом, сондай-ақ, 2024-жыл апрель айында 3 юридикалық тәреплерге 309,0 м3 ушын 1 972 347 сом пайдаланылған ишимлик суўы ушын есапланған жәми сомма 2 823 323 сомды қураған. Өзбекстан Республикасы "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамының 12-статьясы "Тутыныўшының товар (жумыс, хызмет) ның қәўипсиз болыўын талап етиў ҳуқықы" биринши абзацында "Тутыныўшы өзи сатып алған товар (жумыс, хызмет) санитариялық-гигиеналық, соның ишинде, радиология, епидемияға қарсы талапларға ҳәм әмелдеги басқа да нормальар менен қағыйдаларға әмел еткен ҳалда ислеп шығарылған болыўы ямаса орынланған болыўы ҳәм оның өмири, денсаўлығы, қоршаған орталық ушын қәўипсиз болыўына, сондай-ақ, оның мүлкине зыян жеткермеўине кепиллик берилиўин талап етиў ҳуқықына ие" екенлиги белгиленген. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 15-июльдеги 194-санлы қарары менен тастыйықланған "Тутыныўшыларға суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўды шығарыў хызметлерин көрсетиў қағыйдалары"ны тутыныўшы Ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен, оның менен дүзилген шәртнама тийкарында, ишимлик суўы ҳәм ақаба суўды шығарыў хызметлериниң үзликсиз әмелге асырылыўын, өзиниң өмири ҳәм денсаўлығына, мүлкине қәўип туўдырмайтуғын дәрежеде сапалы ҳәм муғдарда ишимлик суў берилиўин талап етиў; тийисли сапа дәрежесиндеги ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларына хызмет көрсетиў талапларын орынламағаны ушын Ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен нызамшылықта ҳәм шәртнама шәртлеринде көрсетилген муғдарда жәрийма (пеня) төлеўди талап етиў ҳуқықына ие екенлиги белгиленген. Бул бойынша Арнаўлы комиссияның қарары бойынша Өзбекстан Республикасының "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамының 12-статьясы талабы бузылғанлығы бойынша 2025-жыл 17-июль күни 3 883 тутыныўшыға 3-23-2025/7 санлы Стандарт талапларына жуўап бермеген ҳалда жеткерип берилген баҳасы 2 823 323сомлық ишимлик суўы тутыныўшыларға ықтыярлы түрде қайта есап-китап етиў бойынша Бул бойынша Арнаўлы комиссия қарары бойынша Өзбекстан Республикасының "Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы Нызамының 12-статьясы талабы бузылғанлығы бойынша 2025-жыл 17-июль күни 3-23-2025/7-санлы Стандарт талапларына жуўап бермеген ҳалда 3 883 тутыныўшыға жеткерип берилген баҳасы 2 823 323сомлық ишимлик суўы тутыныўшыларға ықтыярлы түрде қайта есап-китап етиў бойынша көрсетпе берилгенлигине қарамастан "ҚАРАҚАЛПАҚ СУЎ ТӘМИЙНАТ" АЖ тәрепинен көрсетпе бәнтлери орынланбаған. 4 1. "ҚАРАҚАЛПАҚ СУЎ ТӘМИЙНАТ" АЖға, Стандарт талапларына жуўап бермеген ҳалда 1 478 физикалық ҳәм 3 юридикалық тәреплерге жеткерип берилген баҳасы 2 823 323 сомлық ишимлик суўы тутыныўшылары артықша алынған усы сомманы Өзбекстан Республикасы Бәсеки комитети жанындағы бюджеттен тысқары Бәсекини раўажландырыў қорының төмендеги есап бетине өндириўди: 5