Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2209 Дата решения 14.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 042ac8d9-b95e-431e-bd89-423e9d456807 Claim ID PDF Hash 7c16a83cc2e0284e... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2209-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 14-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов, даўагер «**» АЖниң жуўапкер Нөкис районы «**» фермер хожалығынан 1 802 482.13 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «**» АЖти жуўапкер «**» фермер хожалығынан 1 802 482.13 ом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 2032-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Усы Кодекстиң 468-статьясына көре, энергия тәмийинаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 05март күни 053521-санлы көтере тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясында, нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. Нәтийжеде даўагер тәрепинен бир тәреплеме дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 1 802 482,13 сом қарызы көрсетилген. Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң талапнамасы жуўапкер тәрепинен орынлаўсыз қалдырылған. Бул қарызлар төленбегенлиги себепли даўаның талаплары тийкарлы табылады. Солай етип, суд даўаның талабын қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 1 802 482.13 ом қарыз, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкерден өндирилиўи лазым. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 1 203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырылсын. Нөкис районы «**» фермер хожалығынан «**» АЖниң пайдасына 1 802 482.13 ом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «**» фермер хожалығынан мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов