Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2206 Дата решения 14.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 0edf7b5c-f6fd-43d0-b07b-75275a1a6b0a Claim ID PDF Hash 98e156a6a891f58f... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2206-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 14-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов, даўагер «**» АЖниң жуўапкер Хожели районы «**» ЖШЖнен 4 600 675,64 сом қарыз, 2 997 373,39 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер «**» АЖти жуўапкер «**» ЖШЖнен 4 600 675,64 сом қарыз, 2 997 373,39 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди сораған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи) 2032-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў муғдарының жигирма барабарынан жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата бөлса – базалық есаплаў муғдарының бес барабарынан аспаса, даўа арзалар бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым. ЭПК 2034-статьясы сегизинши бөлимине көре, суд әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен көрип шығады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўаның талабын қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 236-статьясына тийкар, мәжбүриятлар мәжбүрият шәртлерине ҳәм нызамшылық талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанында болса-ис әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. Усы Кодекстиң 468-статьясына көре, энергия тәмийинаты шәртамасына муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл 11декабрь күни 051456-санлы көтере тутыныўшыларға электр энергиясын жеткизип бериў шәртнамасы дүзилген. Шәртнаманың 3.6-бәнтинде электр энергиясы ушын алдын ала 50% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. Шәртнамаға көре, даўагер тәрепинен электр энергиясы жеткизилген. Нәтийжеде даўагер тәрепинен дүзилген салыстырыў актинде жуўапкердиң 4600 675,64 сом қарыз, 2 997 373,39 сом пеня қарызлары көрсетилген. Бирақ суд канцеляриясына 2025-жыл 12-ноябрь күни кирис болған даўагердиң мағлыўматында даўа арзада көрсетилген қарыздарлық 2025-жыл 31-октябрь күни толық төленгени мәлим етилген. Демек қарызлар төлениўи менен шешилген. Жоқарыдағыларды есапқа алып, суд даўа арзаның талабын қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин өндириўди мақул тапты. ЭПК 118-статьясының бесинши болимине муўапық, даўагердиң талаплары ол судқа мүрәжат кылғаннан соң жуўапкер тәрепинен ыхтыярий рәўиште қанаатландырылса, суд қәрежетлери жуўапкер мойнына жүкленеди. Базалық есаплаў муғдарының бир есесиндеги мәмлекетлик бажы жуўапкерден мәмлекет бюджетине өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 1 203 –2035-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР Е Т Т И: Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Хожели районы «**» ЖШЖнен «**» АЖниң пайдасына 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. «**» ЖШЖнен мәмлекет бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен он күннен кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хатлар берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов