Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2504/1666 Дата решения 14.11.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья NIYAZOV SPARTAK BAZARBAYEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID b3adffc7-0c05-4400-9ed2-9ae0b5ee752c Claim ID PDF Hash f8987e0fc07d0dae... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****1-****/****-санлы экономикалық ис Исти биринши инстанцияда көрген судья – **** Апелляция инстанциясында баянатшы судья –**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы **** жыл 14 ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья **** басшылығында, коллегия ағзалары судьялар ****ң ҳәм **** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси****ң хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери ****, **** (****-жыл 25-август күнги ****-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер фермер хожалығы баслығы ****лардың қатнасыўында,даўагер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жуўапкер **** фермер хожалығынан **** сом қарызын, **** сом жәрийма өндириў **** даўа арзасы бойыншақабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 11 сентябрь күнги шешиўши қарарына **** фермер хожалығының наразы болып берген апелляциялық шағымы ҳәмде қосымша ҳүжжетлерин экономикалық иси менен бирге **** Республикасы суды имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Даўагер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер **** фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан **** сом қарызын, **** сом жәрийма өндириўди сораған. Судтың ****-жыл 3-сентябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң **** сом жәрийма өндириў талабын **** сом пеня өндириў деп өзгертиў **** арзасы ис жүритиўге қабыл етилген. Судтың ****-жыл 3-сентябрь күнги уйғарыўы менен **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Биринши инстанциясы судының **** жыл11 сентябрькүнги шешиўши қарары менен даўа арзақысманқанаатландырылып, жуўапкерден даўагер пайдасына**** сом қарыздарлық, **** сом пеня, төленген **** сом мәмлекетлик ****, **** сом почта қәрежетиөндирилген. Шешиўши қарарға наразы болыпжуўапкерапелляция тәртибинде шағым берген.Шағымында шешиўши қарарды бийкар етип, жаңа қарар қабыл қылыўды сораған.Оған тийкар сыпатында,даўагер менен шәртнама имзаланғанлығын,үшинши шахстан аласы пуллары барлығын,үшинши шахс болса өнимди даўагерге жеткерип бериўи лазым болғанлығын, бул бойынша үш тәреплемешәртнама дүзилгенлигин, лекин бул шәртнамаға даўагер имза қоймағанлығын билмегенлигин, өзиниң пахта таласы жеткерип бериў ўәкиллиги жоқлығынкелтирген. Суд мәжилисинде қатнасқанжуўапкерўәкили хожалық баслығы 2 апелляциялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкиллери апелляциялық шағымда билдирген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан гуўа ****бүгинги күнде жәмийет баслығы емеслигин, **** жәмийеттиң жуўапкерден қарыздарлығы барлығын билдирди. Судлаў коллегиясытәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин, гуўаның көрсетпесин тыңлап,ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм ****-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери өним жеткерип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң ****-статьясына көре, өним жеткерипбериў шәртнамасына муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши - сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, **** ****, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа **** пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа **** пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың **** төлеў миннетлемесин алады. ПК ****-статьясының биринши бөлимине тийкар,сатып алыўшы товар **** усы Кодекстиң ****-статьясына тийкар белгиленген баҳада төлеўи, сондай**** нызамшылық, алды-сатты шәртамасы яки әдетте қойылатуғын талапларға муўапық төлемди әмелге асырыў ушын зәрүр болған ҳәрекетлерди өз есабынан орынлаўы лазым. ПК ****-статьясының биринши ҳәм үшинши бөлимлерине тийкар шәртнаманы орынлағанлық ушын тәреплердиң келисими менен белгиленген баҳада **** төленеди. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер орталарында ****-жыл 4-июнь күни 1-санлы өним жеткерип бериў шәртнамасы дүзилип, усы шәртнамаға муўапық жуўапкер даўагерге пахта таласын жеткерип бериў, даўагер өнимди қабыл етип алыў ҳәм оның **** тѳлеў миннетлемесин алған. Даўагер тәрепинен жуўапкерге ****-жыл 5-июнь күни **** сом алдын ала төлем әмелге асырылған. Шәртнаманың 4.1-бәнтине муўапық, жуўапкер ****-жыл 30-июнь күнине шекем өнимди тапсырыўды әмелге асырыў миннетлемесин алған. ****, жуўапкер тәрепинен даўагерге өнимди тапсырыўды әмелге асырыў миннетлемеси орынланбаған.Нәтийжеде, жуўапкер даўагер алдында **** сом қарыз болған. Бул жағдайлар истеги шәртнама, төлем тапсырықнамасы, талапнама ҳәм исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин менен 3 тастыйықланады. Сонлықтан, судлаў коллегиясы, биринши инстанция суды тәрепинен даўа талабының****сом тийкарғы қарызын қанаатландырыў **** дурыс шешимге келген деп есаплайды. Даўагер даўа арзасында жуўапкерден**** сом пеняөндириўи сораған. ПКниң ****-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек. ПКниӊ ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди. Шәртнаманыӊ 10.1-бәнтине муўапық сатыўшы сатып алыўшыға орынлаў кешиктирилген миннетлемесиниң ҳәр бир күни ушын 0,5 % муғдарында, **** орынланбаған миннетлемениң 15 пайызынан аспаған ҳалда неустойка төлейди. ПКниң ****-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў **** сәйкес емеслиги көринип турса, суд неустойканы кемейтиўге ****. Бунда қарыздар миннетлемени қай дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий аҳўалы, сондай-**** кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының ****-жыл 15-июнь күнги ****-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ****»ғы Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң ****-статьясына муўапық суд қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-**** кредитордың мәпин итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге **** екенлиги түсиндирилген. Сонлықтан, биринши инстанция суды талап етилген пеняны ******** сомға кемейтип өндириў **** дурыс **** келген. Судлаў коллегиясы, апелляциялық шағымда билдирилген ўәжлер менен келисе алмайды. Себеби,тәреплер ортасында дүзилген,өнимди үшинши шахс жеткерип бериўи лазымлығы ******** жыл 3 июнь күнги ****-санлыүш тәреплемешәртнамаүшинши шахс тәрепиненимзаланбаған болып,бул жағдайда усы шәртнама бойынша үшинши шахстың қарыздарлықты төлеп бериў миннетлемеси келип шықпаған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси ****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар,апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****. 4 Жоқарыдағыларға тийкарланып, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды,жуўапкер тәрепинентөленген****сом почта қәрежетиноныңмойнында қалдырыўды лазым табады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****, ****-статьяларын қоллап, апелляция инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 11 сентябрь күнги шешиўши қарары өзгериссиз, апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен **** Республикасы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** коллегия ағзалары: **** ****