← Назад
Решение #2847129 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2304-2504/ХХХ-санлы экономикалық ис
судья З.Хасанова
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ АТЫНАН
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Шымбай районы
2025 жыл 14 ноябрь
Шымбай районлар аралық экономикалық судының судьясы З.Хасанова,
судья жәрдемшиси К.Данияровтын хәткерлигинде, жуўапкер ўәкили ХХХХХ
қатнасыўында, даўагер Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти
раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетиниң
жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен 2 910 857 сомлық ишимлик
суўы тутыныўшыларынан артықша алынған сумманы өндириў ҳаққындағы
даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық
суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Қарақалпақстан Республикасы Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм
тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети (буннан кейин текстте даўагер
деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер "ХХХХХ" акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер
деп жүритиледи)нен 2 910 857 сомлық ишимлик суўы тутыныўшыларынан
артықша алынған сумманы өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мажилисине қатнаспады.
Алдынғы суд мәжилислеринде қатнасқан даўагер ўәкили Ш.Юсуфов
даўа талабын қоллап-қуўатлап, даўа арзадағы талабын тийкарлы екенлигин,
себеби жуўапкер нызамшылық талапларына әмел қылмағанлығы истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынлығын, бирақ жуўапкер тәрепинен
артықша алынған сумманы ықтыярлы төлемегенлигин билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўды сораған.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде даўа талабын толық тән алып, даўа
талабын қанаатландырыўға қарсы емес екенлигин билдирди.
Суд жуўапкер ўәкилиниң түсинигин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди
үйренип шығып, даўа арза талабын қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Бәсекиликти
раўажландырыў
ҳәм
тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети тәрепинен 2025 жыл 26
июньдағы хатына муўапық қурылыс ҳәм коммунал хожалығы тараўында
қадағалаў инспекциясы тәрепинен мәпдар уйымларды тартқан ҳалда
тутыныўшыларға жеткерип берилип атырған ишимлик суўының
санитариялық қағыйдалары ҳәм нормаларына ҳәмде Өзбекстан миллий
стандартында белгиленген нормаларға муўапықлығы бойынша усы жылдың
май айында үйрениўлер өткерилген.
Үйрениўлер даўамында "ХХХХХ" акционерлик жәмийети тәрепинен
жеткерип берилген суў үлгилеринен Элликқала районы Санитарияэпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен
Элликқала районында жайласқан көшелерде санитария-гигиеналық ҳәм
1
бактериологиялық көрсеткишлерине муўапықлығын тексериў ушын ишимлик
суўының үлгилери алынған.
Элликқала районы көшелеринде алынған ишимлик суўы үлгилериниң
нәтийжелери санитариялық-гигиеналық көрсеткишлери Ө’zDST 133:2024
"Ишимлик суўы гигиеналық талаплары ҳәм сапасын қадағалаў" стандарты
талапларына жуўап бермейтуғынлығы анықланған.
"ХХХХХ"
акционерлик
жәмийети
тәрепинен
усынылған
мағлыўматларға қарағанда, 2025 жыл 15 май күни Бостан қаласында
жайласқан “Бостан” МПЖ, “Ибн Сино” МПЖ, “А.Наўайы” МПЖ, “Абай”
МПЖ, “Ташкент” МПЖ, “Қаватқала” МПЖ, “Истиқлол” МПЖ, “Иқбол”
МПЖларына жәми суў өлшегиш үскенелери орнатылған 3 883 абонентке,
соннан 21 359 тутыныўшыларға 458,1 м3 суў, 2025 жыл 19 май күни болса 438,
м3 суў, жәми 2 910 857 = (896,2 м3 * 3 248)= 2 910 857 сомлық мәмлекетлик
стандарт талапларына сәйкес келмейтуғын суў жеткерип берилгенлиги
анықланған.
Өзбекстан Республикасы 1996 жыл 26 апрельдеги "Тутыныўшылардың
ҳуқықларын қорғаў ҳаққында"ғы 221-1-санлы Нызамының 12-статьясының
биринши бөлиминде тутыныўшы өзи сатып алған товар (жумыс, хызмет)
санитариялық-гигиеналық, соның ишинде, радиология, эпидемияға қарсы
талапларға ҳәм әмелдеги басқа да нормалар менен қағыйдаларға бойсынған
ҳалда ислеп шығарылған ямаса орынланған болыўына ҳәм оның өмири,
денсаўлығы, қоршаған орталық ушын қәўипсиз болыўына, сондай-ақ, оның
мүлкине зыян жеткермеўине кепиллик берилиўин талап етиў ҳуқықына ийе
екенлиги белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014 жыл 15
июльдеги 194-санлы қарарына 2-қосымша "Тутыныўшыларға суў тәмийнаты
ҳәм ақаба суўды шығарыў хызметлерин көрсетиў қағыйдалары"ның 130бәнтинде тутыныўшы ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен, оның менен
дүзилген шәртнама тийкарында, ишимлик суўы ҳәм ақаба суўды шығарыў
хызметлериниң үзликсиз әмелге асырылыўын, өзиниң өмири ҳәм
денсаўлығына, мүлкине қәўип туўдырмайтуғын дәрежеде сапалы ҳәм
муғдарда ишимлик суў берилиўин талап етиў; тийисли сапа дәрежесиндеги
ишимлик суўы ҳәм ақаба суў тармақларына хызмет көрсетиў талапларын
орынламағаны ушын ишимлик суўы тәмийнаты шөлкеминен нызамшылықта
ҳәм шәртнама шәртлеринде көрсетилген муғдарда жәрийма (пеня) төлеўди
талап етиў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленген.
2025 жыл 17 июль күни стандарт талапларына жуўап бермеген ҳалда
21 359 тутыныўшыларға жеткерип берилген баҳасы 2 910 857 сомлық
ишимлик суўы тутыныўшыларға ықтыярлы түрде қайта есап-китап етиў
бойынша 3-2-23-2025/7-санлы көрсетпе берилгенлигине қарамастан жуўапкер
тәрепинен көрсетпе бәнтлери орынланбаған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15майдағы 402-санлы қарарына 2-қосымша «Өзбекстан Республикасы
Монополияға қарсы гүресиў комитети жанындағы бюджеттен тысқары
2
Бәсекини раўажландырыўға көмеклесиў қоры қаржыларын қәлиплестириў
ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққында”ғы 2-бап, 3-бәнти бесинши
ҳатбасысында қор қәлиплестирилетуғын дәреклерге тутыныўшылардың
ҳуқықларын қорғаў ҳәм реклама ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны,
баҳалары тәртипке салыныўы белгиленген товарлардың баҳаларын (үстеме
ҳәм тарифлер) арттырғаны ушын өндирилген тийкарсыз алынған дәраматлар
суммасының 100 проценти киретуғынлығы белгиленген.
Бирақ, жуўапкер тәрепинен артықша алынған сумманы ықтыярый
төленбеген.
Бул жағдайда суд даўа арзаны қанаатландырыўды мақул деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерге тийкарланып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына ишимлик суўы тутыныўшыларынан артықша
алынған 2 910 857 сомды, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика
бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң
118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қанаатландырылсын.
"ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен Қарақалпақстан Республикасы
Бәсекиликти раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў
комитети пайдасына ишимлик суўы тутыныўшыларынан артықша алынған 2
910 857 сом ҳәм төленген 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин.
"ХХХХХ" акционерлик жәмийетинен республика бюджетине 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине толғаннан соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар бир айдан күннен кейин нызамлы күшине киреди ҳәм
шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап бир
ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляция
тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте протест
келтириўге ҳақылы.
Судья
З.Хасанова
3