Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2304-2503/317 Дата решения 13.11.2025 Инстанция Кассация Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья XASANOVA ZULFIYA XASANOVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 363b38c4-3d95-4a04-a694-087fd33f4186 Claim ID PDF Hash c7c67568c8f02402... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-****-****/****-санлы экономикалық ис Биринши инстанцияда исти көрген судья–**** Кассация инстанциясында баянатшы судья- **** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ КАССАЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нѳкис қаласы ****-жыл 13-ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясына басшылық етиўши ****, ағзалары****ҳәм**** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, **** Фермерлер кеңеси ўәкили **** (****-жыл 31-октябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында, даўагер фермер хожалығы баслығы ****, жуўапкер ўәкили-адвокат **** (****-жыл9сентябрь күнги****-санлы ордер тийкарында,**** Республикасы салық басқармасы қәнигеси **** (****-жыл 16-октябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, усы күни **** Фермерлер кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкеминиң даўагер “****”фермер хожалығы мәпинде жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 361****,9 сомтийкарғы қарызы ҳәм ****,95 сом пеня өндириўди сорағандаўа арзасы бойынша қабыл етилген **** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 22-апрелькүнги шешиўши қарарына**** Фермерлер кеңеси мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкеминиңнаразы болып берген кассациялық шағымытийкарындаисти,суд имаратындаашық суд мәжилисинде кѳрип шығып,төмендегилерди А Н ЫҚЛ А Д Ы: **** Фермерлер кеңесимәмлекетлик емес коммерциялық шөлкеми(кейинги орынларда – Кеңес деп жүргизиледи)“****” фермер хожалығы(кейинги орынларда – даўагер деп жүргизиледи) мәпинде экономикалық судына даўа арзасы менен мүрәжат етип“****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги орынларда – жуўапкер деп жүргизиледи) ****,9сом тийкарғы қарызы ҳәм ****,95 сом пеня өндириўди сораған. **** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 22-апрель күнги шешиўши қарары менен даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылған, даўагерден Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сом суд қәрежети өндирилген. Кеңес шешиўши қарарына наразы болып кассациялық шағым берген ҳәм де кассациялық шағымында биринши инстанция суды қарар қабылетиўде **** районлараралық экономикалық судының ****-жыл 27-февраль күнги ****санлы шешиўши қарары менен**** сом қарыздарлық өндирилгенлигин есапқа алып Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 73- 2 статьясына тийкарланып даўа қанаатландырыўсыз қалдырғанлығын, **** даўагер тәрепинен жеткерилип берилген пахта өними бойынша ****-жыл 1ноябрь күнги есап-фактурасы жуўапкер тәрепинен ****-жылдың 15-май күни яғный **** районлар аралық судының ****-жыл 27-февраль күнги шешиўши қарары қабыл етилгеннен кейин тастыйықланғанлығын,бул жағдайлар суд тәрепинен **** алынбағанлығын билдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, жаңадан қарар қабыл етиўди сораған. Кеңес ўәкилисуд мәжилисиндекассациялық шағымын қоллапқуўатлап,биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, даўаның тийкарғы қарыз өндириў талабын ****,65 сомғақысманқанаатландырыў ****жаңадан қарар қабыл етиўди сорады. Даўагер ўәкили фермер хожалығы баслығы суд мәжилисинде кассациялық шағымын қоллап-қуўатлап, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, жаңадан қарар қабыл етиўди сорады. Жуўапкер ўәкили суд мәжилисинде биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымын қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады. Кассация инстанциясудлаў коллегиясыис бойыншатәреплер ўәкиллериниң түсиниклерин ҳәм ис бойынша баянатшы судья баянатын тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етиўди, жаңа шешим қабыл етиўди, даўа арзасын қысман қанаатландырыўды, кассациялық шағымды қысман қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси 8,****статьяларына(кейинги орынларда – ПК депжүргизиледи) тийкар миннетлемелершәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелериконтрактация (фьючерс) шәртнамасынан келип шыққан. ПК****-статьясыныңбиринши бөлимине муўапық, контрактация шәртнамасына муўапық аўыл хожалығы өнимин жетистириўши аўыл хожалығы өнимин қайта ислеў ямаса сатыў ушын бундай өнимди сатып алатуғын шахсқа - таярлаўшыға шәртлескен мүддетте тапсырыў (тасып турыў) миннетлемесин алады, таярлаўшы болса бул өнимди қабыл етиў (қабыл етип турыў), оның **** белгиленген баҳада шәртлескен мүддетте төлеў (төлеп турыў) миннетлемесин алады. Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер ортасында****-жылдың 10-март күни “Пахта шийки өнимин жетистириў ҳәм сатып алыў бойынша 22санлы фьючерс шәртнамасы(кейинги орынларда -шәртнама деп жүргизиледи) дүзилген. Шәртнаманың 1.1-1.2-бәнтлерине муўапық даўагер жуўапкерге 40 гектар жер майданынан С**** түрдеги **** тонна пахта шийки өнимин 1-декабрь 4 сәнесине шекем тапсырыў, ал жуўапкер болса жеткерип берилген өнимлери ушын шәртнаманың 4-бөлиминде белгиленген мүддетлерде **** төлеў миннетлемесин алған. 3 Шәртнаманың 4.1-бәнтинде даўагер тәрепинен жуўапкерге жеткерилип берилетуғын пахта шийки өниминиң дәслепки есап-китап баҳасы 1 тонна ушын **** сом етип белгиленгенболып, усы баҳа ****-жылөними пахта шийки ѳниминеқарата усынылған баҳадан кем болмаўылазымлығы, усы белгиленген баҳа соңғы есап-китап етиў **** жәҳән базары баҳалары анализинен келип шығып,қайта есап-китап қылынатуғынлығы, шәртнаманың улыўма баҳасы **** сомды қурайтуғынлығы белгиленген. Усы шәртнама бойынша **** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 27-февраль күнги ****-санлы шешиўши қарары менен Фермерлер кеңесиниң даўагер мәпинде жуўапкерден **** сом тийкарғы қарыз, ****,80 сом аванс төлемлерин кешиктирилгенлик ушын ****,80 сом, тапсырған пахта өними ушын төленбеген сумманы кешиктиргенлик ушын ****,10 сом пеня өндириў **** даўа арзасы қысман қанаатландырылып, жуўапкерден даўагер пайдасына **** сом тийкарғы қарыз, ****,83 сом пеня ҳәмде **** сом почта қәрежети өндирилген. Шешиўши қарарда, даўагер тәрепинен жуўапкерге **** кг пахта өними жеткерилип берилгени, соның менен бирге даўагер тәрепинен жуўапкерге жәми **** **** сом төлеў бойынша ****-жыл 1-ноябрь күнги 1-санлы есапфактурасы жиберилгени, суд тәрепинен даўагер ҳәмде жуўапкерге қайта есап китап жумысларын алып барыў ушын берилгенмүддет ишиндеесап-китап исленип,жуўапкердиң қарызы **** сом екенлиги ҳәмде булқарыздарлық жуўапкер тәрепинен тән алынғанлығы көрсетилген. ****, даўагер тәрепинен жуўапкерге жәми **** кгболған, **** **** сомлық пахта шийки заты жеткерилип берилгенлиги ****1-санлы есап-фактурасы жуўапкер тәрепинен ****-жылдың 15-май күниШымбай районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 27-февраль күнги ****-санлы шешиўши қарарықабыл етилгеннен кейинтастыйықланған. Ис бойынша судлаў коллегиясына усынылған****-жылдың**** айланба мағлыўматына қарағандадаўагерге жуўапкер тәрепинен басқа да қәрежетлери ушын **** сом қаржы өткерилип берилген, **** соның ишинде **** сом ****-жылдың пахта ҳасылы ушын төленген болып,****-жылдың ҳасылы ушын жәми(**** ****=********) ****сом төлеп берилген. ****-жылдың **** айланба мағлыўматына қарағанда даўагер тәрепинен жуўапкерге ****-жылдың 7-январь күни ****-жылдың пахтаҳасылы ушын **** сом, ****-жылдың 15-март күни ****-жыл 27-февраль күнги суд қарарына тийкар **** сом, жәми **** сом қаржы төленип берилген. Буннан тысқары, жуўапкер тәрепинен даўагерге ****-жылдың 9-июль күни ****,50 сомлық минерал төгинлер, ****-жылдың 30-ноябрь күни ****,75 сомлық жанар май жеткерилип берилгенлиги **** есап-фактуралары жуўапкер тәрепинен тастыйықланған. Сондай-****, даўагер тәрепинен жуўапкерге пахта шийки затын тасып жеткергенлиги ушын ****,15 сом, пахта шийки заты туқымлық пахта ушын 4 төленетуғын 10% үстемеге ****,56 сом төлениўи лазымлығы ****жиберилгенесап-фактуралар жуўапкер тәрепинен тастыйықланған. Соның менен бирге, жуўапкер тәрепинен судқа тәреплер ортасында ****-жылдың 7-апрель күни дүзилген шәртнамасына тийкар картошка жеткерилип берилгенлиги ушын даўагер төлеп бериўи лазым болған **** сомлық есап-фактурасы усынылып, бул суммадаўагерге ****-жылдың пахта ҳасылы ушын төленип берилиўи лазым болған суммадан шегирилип қалғанлығы билдирилди. Демек, жоқарыдағылардан келип шығып бүгинги күнде тәреплер ортасында дүзилген фьючерс шәртнамасына тийкар жуўапкердиң даўагер алдындағы қарыздарлығы (******** - ******** - ********,50 - ****,75 – **** – ****39**** = ********,25)(********,25 +********+****,15=********,4) ********,4 сомды қурайды. Себеби, тәреплер ортасында шәртнамаға тийкардаўагер тәрепинен жуўапкергежиберилгенжәми **** **** сом төлеў бойынша ****-жыл 1-ноябрь күнги 1-санлы есап-фактурасыжуўапкер тәрепинен тастыйықланған ҳәм де бүгинги күнде бул есап-фактураға өзгерис киритилмеген. Буннан тысқары, исте қәниге сыпатында қатнастырылған **** Республикасы салық басқармасы қәнигеси тәрепинен усынылған мағлыўматқа қарағанда даўагер тәрепине жуўапкергежиберилген****-жыл 1-ноябрь күнги 1-санлы электрон есап-фактурасы менен **** **** сомлық, соннан **** сом қосымша қун салығы жуўапкердиң ****-жыл ноябрь айының салық есабатларында қосымша қун салығы толық есапқа (зачет) алынғанлығы көрсетилген. Бул жағдайда, судлаў коллегиясы биринши инстанция суды даўагердиң ****,90 сом қарыздарлықты өндириўди сораған талабынтийкарсыздеп есаплапқанаатландырыўсыз қалдырыў**** надурыс шешимге келген деп есаплайды. Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден қарыздарлық өндириў талабы****,4сомға тийкарлы есапланып өндирилиўи лазым болады. Соның менен бирге, даўагер даўа талабында жуўапкерден****,95 сом пеня өндириўдисораған. ПКниң****-статьясы биринши бөлимине муўапық, нызамшылық ямаса шәртнама менен белгиленген, қарыздар миннетлемени орынламаған ямасатийисли дәрежеде орынламаған жағдайда кредиторға төлеўи шәрт болған пул суммасы неустойка есапланады. Шәртнаманың 5.3-бәнтине тийкар “буйрытпашы” - жуўапкер “хожалық”қа - даўагергемүддети өткерилип жиберилген ҳәр бир күн ушын мүддети өткерилип жиберилген төлем суммасының 0,4 пайызы муғдарында, **** мүддети өткерилип жиберилген төлем суммасының 50 пайызынан артық болмаған муғдарды пеня төлейди. Даўаның жуўапкерден****,4сом қарыз өндириў талабы тийкарлы екенлигинен келип шығып, даўаның****,95 сом пеня өндириўди 5 сорағанталабы(****,4*50%=********,7) ********,7сомға тийкарлы есапланады. ПКниң****-статьясына муўапық егер төлениўи керек болған неустойка кредитордың миннетлемесин бузыў **** сәйкес келмейтуғынлығы көринип турса, суд неустойканы азайтыўға ****.Бунда қарыздар миннетлемесинқай дәрежеде орынлағаны,миннетлемедеқатнасып атырған тәреплердиң мүлк жағдайы, сондай-****, кредитордиң мәплери итибарға алыныўы керек. Суд айырым жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа алып, кредиторға төлениўи керек болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе. Сонлықтан, судлаў коллегиясы****,7 сом пеняныңтолық өндирилиўи жуўапкердиңфинанс жағдайына кери тәсирин тийгизиўи мүмкинлигин есапқа алып пеня суммасын ****,9 сомға кемейтиўди лазым табады. ЭПК****-статьясыбиринши бөлиминиң 2-бәнтине муўапықкассацияинстанциясы судыкассациялық шағымын(протестин) көриў нәтийжелери бойыншашешиўшиқарардытолық яки қысман бийкар етиў ҳәм жаңашешимқабыл қылыўға ****. ЭПК****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине муўапықис ушын әҳмийетли жағдайлардыӊ толық анықланбағанлығыбиринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертириў яки бийкар қылыў ушын тийкар болады. ЭПК ****-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Жоқарыдағыларға тийкарланып,кассацияинстанция суды биринши инстанция судыныңшешиўшиқарарынбийкар етиўди,жаңа шешим қабыл етиўди,даўа арзанықысманқанаатландырыўды,жуўапкерден даўагер пайдасына ****,25 сом тийкарғы қарызы,****,9 сом пеня, истиң биринши инстанциясында көрилиўи ушын төленген **** сом, истиң кассация инстанциясында көрилиўи ушын төленген **** сом, жәми **** сом почта қәрежети өндириўди,даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды,жуўапкерденреспублика бюджетинеистиң биринши инстанциясында көрилиўи менен байланыслы **** сом,истиң кассация инстанциясында көрилиўи менен ****,54 сом, жәми****,54 соммәмлекетлик ****, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине истиӊбиринши инстанция судындавидеоконференция байланыс режиминде көрилиўи менен байланыслы****сўм суд қәрежетин өндириўди,кассациялық шағымын қысман қанаатландырыўды,биринши инстанция судыныӊ шешиўши қарарынатийкар даўагерденӨзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине**** сом суд қәрежетин өндириў ********5-жыл10-июнь күни берилгенорынлаў хаты бойынша орынлаўды бийкар етиўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмдеӨзбекстанРеспубликасыЭкономикалықпроцессуаллықкодексиниң ****,****,****-статьяларын басшылыққа алып,кассация инстанциясы суды 6 ҚА Р А Р Е Т Т И: **** районлар аралық экономикалық судының ****5-жыл 22-апрель күнги шешиўши қарары бийкар етилсин. Жаңа шешим қабыл етилсин. Даўа арзасықысман қанаатландырылсын. Жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер “****” фермер хожалығы пайдасына****,25 сом тийкарғы қарызы, ****,9 сом пеня, алдыннан төленген **** сом почта қәрежети өндирилсин. Кассациялық шағымы қанаатландырылсын. Жуўапкер “****” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен: -республика бюджетине****,54 сом мәмлекетлик ****; -Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сўм суд қәрежетиөндирилсин. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. **** районлар аралық экономикалық судының ****5-жыл 22-апрель күнги шешиўши қарарына тийкар ****5-жыл 10-июнь күни берилген орынлаў хаты бойынша орынлаў бийкар етилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен кассация тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылықетиўши: **** ағзалары: **** ****