Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2302-2501/1354 Дата решения 13.11.2025 Инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья KURBANBAEV RUSTAM KURBANBAEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 3b7e2f15-e6fc-4771-b126-6a24095952df Claim ID PDF Hash 0e66e3de8d442b94... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2302-2501/1354-санлы экономикалық ис Биринши инстанция судында исти көрген судья – Р.Курбанбаев Апелляция инстанциясында баянатшы судья – У.Сабиров Ревизия инстанциясында баянатшы судья- Г.Зарипова ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ РЕВИЗИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы 2025 жыл 13 ноябрь Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясы Б.Ктайбеков басшылығында, коллегия ағзалары судьялар Н.Балтабаева ҳәм Г.Зариповалардан ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси А.Ажибековтың хаткерлигинде, даўагер ўәкиллери Т.Т (2025 жыл 10 июль күнги ЖЕ-02-06-1354-санлы исеним хат тийкарында),К.К (2025 жыл 6 март күнги ЖЕ-02-06/395-10-санлы исеним хат тийкарында), С.А (2025 жыл 22 апрель күнги ЖЕ-02-06/129-2-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери-жәмийет баслығы С.Д, А.Ю (2025 жыл 2 октябрь күнги 76/в-санлы исеним хат тийкарында),Е.И (2025 жыл 24 октябрь күнги 88-санлы исеним хат тийкарында), Х.Е (2025 жыл 11 сентябрь күнги 72/В-санлы исеним хат тийкарында), Ш.Ф (2025 жыл 23 октябрь күнги 194-санлы исеним хат тийкарында), адвокат Н.А (2025 жыл 18 июль күнги 255-санлы ордер тийкарында), үшинши шахс “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ўәкиллери Д.А, А.Т ҳәм А.Улар (2025 жыл 4 ноябрь күнги 23/25-141-санлы исеним хат тийкарында), Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили Е.Д (2025 жыл 4 январь күнги И-0116-15-санлы исеним хат тийкарында)дың қатнасыўында, жуўапкер “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының 2025 жыл 9 октябрь күнги қарарына наразы болып берген ревизиялық шағымы ҳәм қосымша усынылған ҳүжжетлерин ис ҳүжжетлери менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы суды имǝратында, ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди а н ы қ л а д ы: Истеги анықланған жағдайларға көре, “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүргизиледи) тәрепинен “ААА” жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүргизиледи)ниң электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдалары үйренилгенде, жуўапкерде ЕХ-518, завод номери 125200553417 болған электр есаплағыш үскенеси орнатылғанлығы, усы үскене ушын электр тәмийнаты шәртнамасы дүзилмегенли, жуўапкер жәми қуўатлылығы 373,4 кВт.ссат болған электр қурылмаларын электр тармағына жалғап өз басымшалық пенен электр энергиясынан пайдаланып отырғанлығы анықланған. 2 Үйрениў нәтийжеси менен 2024 жыл 6 ноябрьде 0023 000411-санлы акт рәсмийлестирилген. Усы актке тийкар даўагер тәрепинен есапқа алынбаған электр энергиясының муғдары есап-китап қылынып, жуўапкерге 2024 жыл 23 июль, яғный электр тармақларына жаңа объектти қосыў ҳаққындағы 251-санлы хызмет бийлиги шығарылған күннен баслап жәми 106 күнге (373,4 кВт*24 саат*106 күн=949.929,6 кВт) 949.929,6 кВт есапланып, белгиленген тарифке үш есе өсиўши коэффицент қолланған ҳалда (949.929,6 кВт* 900 сом*3К=2700 сом=2.564.809.920 сом) 2.564.809.920 сом қарыздарлық есапланған. Есапланған қарыздарлық жуўапкер тәрепинен төленбегенлиги себепли даўагер “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүргизиледи) судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Беруний районлар аралық экономикалық судының 2025 жыл 1 июль күнги уйғарыўы менен “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте үшинши шахс деп жүргизиледи) даўаның предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған. Биринши инстанциясы судының 2025 жыл 8 август күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылған. Апелляция инстанциясы судының 2025 жыл 9 октябрь күнги қарарына тийкар биринши инстанция судының шешиўши қарары бийкар етилип, даўа арзаны толық қанаатландырыў ҳаққында жаңа қарар қабыл қылынған. Апелляция инстанциясы судының қарарына наразы болып жуўапкер ревизия тәртибинде шағым берген. Ревизиялық шағымында апелляция инстанциясы судының қарарын бийкар қылып, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўды сораған. Оған тийкар етип, даўагер менен 2024 жыл 4 июньде дүзилген юридикалық ҳәм физикалық шахсларды электр тармақларына жалғаў бойынша 05-106-санлы шәртнамаға тийкар электро-монтаж ҳәм басқа қурылыс жумыслары бойынша қәрежетлер сметасы тастыйықланғанлығын, жумыслар орынланғанынан соң 2024 жыл 22 июльде қурылыс-монтаж ҳәм орнатып-иске түсириў жумысларын ҳәмде электр қурылмаларын техник көриктен өткериў бойынша 23/350-санлы акт дүзилгенлигин, актке тийкар “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Нөкис қаласы, Қубла санаат зонасында жайласқан жуўапкерге тийисли “Корбонат ангидрид газин ислеп шығарыў цехы”ның электр тәмийнаты ушын монтаж етилген 6 кВт электр узатыў линиясы ҳәм қуўаты 630 кВа трансформатор пункти көриктен өткерилип, орнатылған электр қурылмалар эксплуатация етиўге таяр деген жуўмақ берилгенлигин, усыған муўапық даўагердиң 2024 жыл 23 июль күнги 251-санлы бийлиги қабыл етилип, углекисли газди қайта ислеў цехын электр тармақларына жалғаў бойынша буйыртпа қабылланғанлығын ҳәм даўагер тәрепинен объектке электр есаплағыш үскенеси орнатылып, пломба басылғанлығын, бул бойынша даўагер хызметкерлери қатнасыўында акт дүзилгенлигин, бирақ әмелде пломба толық басылмағанлығы ҳәм нәтийжеде есаплағыш “Биллинг” дәстүрине киргизилместен қалып кеткенлиги анықланғанлығын, даўагердиң хызметкерлери өз хызмет ўазыйпасын толық 3 орынламағанлығын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31 майдағы 319-санлы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў ҳаққында”ғы Қағыйдаларының 42-бәнтинде электр тәмийнаты шәртнамасы 2 нусқада дүзилип, бир нусқасы тутыныўшыға усынылып, екинши нусқасы ҲЕТКда қалатуғынлығы, шәртнаманы рәсмийлестириў ҳәм тутыныўшыға усыныс етиў электр энергиясын жеткерип бериўшиниң миннетлемеси деп көрсетилгенлигин, жуўапкер “Бунёдкор мерос” ЖШЖниң орнына шөлкемлестирилгенлигин, даўагер менен “Бунёдкор мерос” ЖШЖ ортасында шәртнама дүзилгенлигин, жуўапкер усы шәртнамаға тийкар электр энергиясы ушын есап-китапты әмелге асырып келгенлигин, Қағыйданың 139-бәнтинде арнаўлы комиссия тутыныўшының қатнасыўында есапқа алынбаған электр энергиясын есаплаўда, оның ҳақыйқый муғдарын анықлаў мүмкиншилиги болса бул муғдар есапланыўы кереклиги белгиленгенлигин, жуўапкердиң ҳақыйқый пайдаланған электр энергиясының муғдарын анықлаў мүмкиншилиги бар екенлигин келтирген. Судлаў коллегиясының 2025 жыл 4 ноябрь күнги уйғарыўы менен жуўапкердиң ревизиялық шағымға берген қосымшасы өндириске қабыл қылынған. Ревизиялық шағымға қосымшасында 2024 жыл 29 ноябрьде “Энергосаўда” Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен қайта үйрениў өткерилип, 0023-000411-санлы актке тийкар есапланған 2 564 809 920 сом қәте есапланғанлығы анықланғанлығын, электр энергиясының муғдары қайта есапкитап қылыныўы тийис екенлиги билдирилгенлигин, апелляция инстанция суды нызамлы күшке ийе болмаған 0023-000411-санлы актке тийкарланғанлығын келтирген. Суд мәжлисинде жуўапкер жәмийет баслығы ҳәм ўәкиллери ревизиялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, объекттеги көп үскенелер иске түсирилмегенлигине қарамастан тексериўшилер тийкарсыз рәўиште электр үскенелердиң қуўатлылығын 373,4 кВт деп көрсеткенлигин, бүгинги күнде де объектке барып көрилсе үскенелердиң толық жалғанбағанлығы анықланатуғынлығын, даўагердиң шәртнама дүзбестен электр энергиясынан пайдаланғанлығы ҳаққындағы ўәжи тийкарсыз екенлигин, себеби даўагер менен “БББ” ЖШЖ ортасында дүзилген электр тәмийнаты шәртнамасына тийкар пайдаланған электр энергиясының ҳақын төлеп келгенлигин, жуўапкердиң ҳәрекетлеринде жынаят белгилери анықланбағанлығы себепли жынаят исин қозғатыўдан бас тартылғанлығын билдирип, шағымды қанаатландырыўды сорады. Даўагер ўәкиллери ревизиялық шағымда келтирилген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, жуўапкердиң алдынғы юридикалық аты “БББ” ЖШЖ менен 2024 жыл ушын электр тәмийнаты шәртнамасы дүзилгенлигин, усы шәртнаманың қосымшаларында жуўапкерге тийисли трансформатор, электр есаплағышлары, жуўапкерге ажыратылған лимитлер көрсетилгенлигин, жуўапкер жаңа объектке орнатылған электр есаплағыш үскенесин шәртнамаға киргизиў бойынша мүрәжат етпегенлигин, усы объектке ажыратылатуғын электр энергиясының муғдары шәртнамаға киргизилмегенлигин, есаплағыш үскенеси биллинг дәстүрине киргизилмегенлигин, бул жағдай электр энергиясынан шәртнамасыз 4 пайдаланыў деп баҳаланатуғынлығын билдирип, суд қарарын өзгериссиз қалдырыўды сорады. Үшинши шахс ўәкиллери ревизиялық шағымда келтирилген ўәжлерди тийкарсыз деп есаплап, объектти иске түсириўге таярлығы ҳаққында жуўмақ берилгенлиги себепли сол жерде жайласқан үскенелердиң толық қуўатлылығы есапқа алынғанлығын, үскенелер видеокөриниске алынғанлығын, 2024 жыл 29 ноябрьдеги мағлыўматнамаға наразылық билдиретуғынлығын, себеби 319-санлы қарар менен тастыйықланған Қағыйданың 142-бәнтинде қайта есапкитап тек ҳуқық қорғаў органлары яки судтың тапсырмасына тийкар арнаўлы комиссия тәрепинен әмелге асырылатуғынлығын, қайта есап-китап қылған хызметкерлердиң тексериў акти бойынша баҳа бериў ўәкиллиги жоқ екенлигин билдирди. Қәнийге сыпатында қатнасқан К.А суд мәжлисинде Бизнес Омбудсманның тапсырмасына көре жуўапкердиң объектинде жайласқан үскенелерди көзден кеширип, электр энергиясына жалғанған үскенелериниң қуўатлылығы 100,25 кВ екенлиги анықланғанлығын, тексериў актин қайта көрип шықпағанлығын, алдынғы тексериўде қатнаспағанлығын, тексериў акти дүзилген ўақытта қандай үскенелер анықланғанлығынан хабары жоқ екенлигин билдирди. Қәнийге сыпатында қатнасқан М.Ж суд мәжлисинде 2024 жыл 29 ноябрьдеги мағлыўматнамада сол күндеги объекттеги үскенелердиң қуўатлылығы анықланғанлығын, алдынғы тексериўде қандай үскенелер жалғанғанлығын көрмегенлигин билдирди. Қәнийге сыпатында қатнасқан М.Қ суд мәжлисинде 2024 жыл 29 ноябрьдеги мағлыўматнамада сол күндеги объекттеги үскенелердиң қуўатлылығы анықланғанлығын, алдынғы тексериўде қандай үскенелер жалғанғанлығын көрмегенлигин билдирди. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкили суд мәжлисинде акт дүзиўде жуўапкер қатнастырылмағанлығын, жуўапкерге 373,4 кВт қуўатлылықтан тийкарсыз есапланғанлығын, себеби даўагер жуўапкердиң өним ислеп шығарғанлығын көрмегенлигин, 2024 жыл 29 мартта жуўапкердиң электр энергияға жалғанған қуўатлылығы 100,25 кВт екенлиги анықланғанлығын, жуўапкердиң мүрәжатына 2024 жыл 29 ноябрьдеги мағлыўматнамаға тийкар жуўап берилгенлигин билдирди. Судлаў коллегиясы, исте қатнасыўшы тәреплер ўәкиллериниң түсиндирмелерин тыңлап, ревизиялық шағымды ис бойынша топланған ҳүжжетлер менен бирге үйренип шығып, төмендегилерге тийкар апелляция инстанция судының қарарын өзгериссиз қалдырыўды лазым тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 468-статьясына тийкар, энергия тәмийнаты шәртнамасына муўапық энергия менен тәмийнлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке (тутыныўшыға) энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия тутыныў тәртибине әмел етиў, қарамағындағы енергетика шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәм өзи пайдаланатуғын энергия тутыныўшы әсбап-үскенелердиң сазлығын 5 тәмийинлеў миннетлемесин алады. Энергия тәмийнаты шәртнамасында нызам ҳүжжетлерине муўапық басқа да миннетлемелер нәзерде тутылыўы мүмкин. Усы Кодекстиң 470-статьясының биринши бөлимине тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке энергия тәмийнаты шәртнамасында нәзерде тутылған муғдарда ҳәм тәреплер келисилген энергия бериў тәртибине әмел қылған ҳалда энергия бериўи лазым. Энергия менен тәмийинлеўши шөлкем берген ҳәм абонент қабыл қылған энергия муғдары өлшеў әсбаплары көрсеткишлери менен анықланады. Даўагер тәрепинен жуўапкерге Нөкис қаласы, Қубла санаат зонасында жайласқан Углекисли газ ислеп шығарыў заводын электр тармақларына жалғаў ушын 2024 жыл 3 апрельде 05-235-санлы техник шәртлер берилген. Техник шәртлерине муўапық тийкарғы электр тәмийнаты сыпатында углекисли газ ислеп шығарыў заводының ишки ҳәм сыртқы электр тәмийнаты жойбарын ислеў, электр тәминатының дереги етип 110/6 кВ “ЖБИ” подстанциясы 6 кВ секция шинасына КРУН ячейка орнатыў аврқалы алыў, жалғаныў точкасынан объектке шекем 6 кВ электр узатыў линиясын қурыў, кабельдиң ямаса сымның кесе-кесимин жойбар бойынша анықлаў, объектке 6/0,4 кВ ГКТП типиндеги трансформатор пунктин орнатыў, жаңадан қурылған 6/0,4 кВ трансформатор пунктинен объектти 0,4 кВ бөлистириў щитине шекем кабель линиясын тартыў, оның кесе-кесимин жойбар бойынша анықлаў тапсырылған. Техникалық шәрттиң 22-бәнтинде объект “Ўзэнергоинспекция” Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң көригинен өткерилгеннен соң, электр энергиясынан пайдаланыўға шәртнама дүзгеннен кейин электр тармағына жалғаныўы белгиленген. Көрсетилген шәртлер орынланғаннан соң үшинши шахс тәрепинен қурылыс-монтаж ҳәм сазлаў-иске түсириў ислери ҳәмде электр қурылмалары техник көриктен өткерилген ҳәм орнатылған электр қурылмаларының эксплуатация қылыўға таярлығы ҳаққында 2024 жыл 22 июльде 23/359-санлы жуўмағы берилген. Усы жуўмаққа тийкар даўагердиң 2024 жыл 23 июль күнги электр тармақларына жаңа объектти қосыў ҳаққындағы 251-санлы хызмет бийлигине тийкар жуўапкерге тийисли углекисли газ ислеў цехын электр тармақларына жалғаў бойынша буйыртпасы қабылланған. Бирақ, 2024 жыл 6 ноябрьдеги үйрениўде ЕХ-518 маркалы, завод № 125200553417 ток трансформаторы 75/5 ҳәм трансформатор күшлениўи 600/100 В болған, көрсеткишлер актив 1.80-15,58 квт ксапхс, 2.80-27,88 квт ҳе ксапхс, реактив 3.80-4,33 ксапхс, 4.80-53,82 ксапхс көрсетип турғанлығы, электр есаплағыш көлемине ҚР 284808 НУГК номерли тамға басылмағанлығы, “Биллинг” дәстүрине киргизилмегенлиги, қуўатлылығы 250 КВА ҳәм қуўатлылығы 630 КВА трансформаторлар қатламластырылған тарифте есап китап қылынбай келгенлиги, ШС-1-181,4КВТ+ ШС-2-191 КВТ жәми 373,4 КВТ екенлиги анықланған ҳәм 0023-000411-санлы акт рәсмийлестирилген. Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының апелляция инстанциясының 2025 жыл 6 майдағы қарарына тийкар жуўапкердиң 2024 жыл 6 6 ноябрьдеги 0023-000411-санлы актти ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылған. Хорезм ўәлаяты ҳәкимшилик судының 2025 жыл 11 июнь күнги қарары менен бул қарар өзгериссиз қалдырылған. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүргизиледи)ниң 73-статьясының үшинши бөлимине муўапық пуқаралық ислери бойынша судтың яки ҳәкимшилик судтың нызамлы күшине кирген шешиўши қарары басқа исти көрип атырған экономикалық суд ушын пуқаралық ислери бойынша судтың яки ҳәкимшилик судтың шешиўши қарарында анықланған ҳәм исте қатнасыўшы шахсларға тийисли болған жағдайларға байланыслы мәселелер бойынша мәжбүрий есапланады. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024 жыл 31 май күнги “Электр энергиясы ҳәм табығый газден пайдаланыў қағыйдаларын тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан пайдаланыў” Қағыйдалары (бунна кейинги текстте Қағыйда деп жүргизиледи) 133-бәнтиниң “а” киши бәнтинде, электр тәмийнаты шәртнамасын дүзбестен, электр тармағына өзбасымшалық пенен жалғаныў, тутыныўшылар тәрепинен электр энергиясынан пайдаланыў қағыйдаларын бузыў (нызамсыз пайдаланыў) жағдайы деп есапланады. Егер тутыныўшы энергия тәмийнаты кәрханасының хызметкери менен тил бириктирип, жалғаныўда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң талапларын орынламастан, шәртнамасыз ҳәм есаплағышы АЭТКның тийисли программалық тәмийнат базаларына киргизилместен электр тармағына жалғанып, электр энергиясынан пайдаланған жағдайда өзбасымшалық пенен пайдаланыўға теңлестириледи деп белгиленген. Қағыйданың 142-бәнтиниң биринши, екинши ҳәм он биринши хатбасыларына көре, усы Қағыйдалардың 133-бәнтинде нәзерде тутылған қағыйдабузарлықлар анықланғанда, есапқа алынбаған электр энергиясының муғдары даўа мүддетин инабатқа алған ҳалда әмелдеги тариф муғдары (турмыслық тутыныўшыларға әмелдеги базалық шеңберлер ушын белгиленген тарифте) бойынша төмендеги критериялар тийкарында қайта есап-китап қылынады. Бунда 133-бәнтиниң “а” киши бәнтиндеги қағыйдабузарлық жүз бергенде - қағыйдабузарлық анықланған имарат ямаса объектке мүлк ҳуқықы пайда болған ямаса жумыс баслаған күннен ямаса тармаққа жалғанған күннен (тийкарлы ҳүжжетлерге көре) акт рәсмийлестирилген күнге шекем, актте атап өтилген электр қабыллағышлардың улыўма қуўатлылығы бойынша суткасына 24 саат ислеўи есабынан қайта есап-китап қылынады. Усы Қағыйдалардың 133-бәнти “а” ҳәм “з” киши бәнтинде нәзерде тутылған қағыйдабузарлық исленгенлги анықланғанда, есапқа алынбаған электр энергиясының муғдары әмелдеги тарифке үш есе өсиўши коэффицент қолланылған ҳалда қайта есап-китап қылынады. Усыған тийкар даўагер тәрепинен есапқаалынбаған электр энегриясының муғдары әмелдеги тариф 900 сомға үш есе өсиўши коэффицент қоллаған ҳалда 2 564 809 920 сом есаплаған. Биринши инстанция суды тәрепинен ҳәкимшилик судының қарарын итибарға алмастан процессуаллық ҳуқық нормаларының бузылыўына жол қойған. 7 Ҳәкимшилик судының қарары менен тексериў актинде баян етилген жағдайлар тийкарлы деп табылғанлығы себепли даўагер тәрепинен есапланған 2 564 809 920 сом жуўапкерден өндириўге жатады. Сонлықтан, апелляция инстанция суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, даўа арзаны қанаатландырыў ҳаққында дурыс жуўмаққа келген. Судлаў коллегиясы, жуўапкердиң ревизиялық шағымында ҳәм ревизиялық шағымына берген қосымшасында келтирилген ўәжлер менен келисе алмайды. Себеби, қағыйдабузарлық актинде баян етилген жағдайлар ҳәкимшилик суды тәрепинен тийкарлы деп табылған. Ҳәкимшилик судының қарарында анықланған жағдайлар экономикалық суды ушын мәжбүрий есапланғанлығы себепли экономикалық суды электр энергиясынынан пайдаланыў қағыйдаларының бузылғанлығы фактин жаңадан анықламайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы жуўапкер усынған 2024 жыл 29 ноябрьде дүзилген мағлыўматнаманы итибарға алмайды. ЭПКниң 3247-статьясының биринши бөлими 1-бәнтине муўапық, исти ревизия тәртибинде көретуғын суд ревизия тәртибиндеги шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды, қарарды өзгериссиз қалдырыўға ҳақылы. Баян етилгенлерге муўапық, судлаў коллегиясы апелляция инстанциясы судының қарарын өзгериссиз, ревизиялық шағымды қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкердиң ревизиялық шағым бериўде төлеген 25 650 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежетин мойнында қалдырыўды лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы 7 9 Экономикалық процессуаллық кодексиниң 324 , 324 -статьяларын қоллап, ревизия инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы апелляция инстанциясының 2025 жыл 9 октябрь күнги қарары өзгериссиз, ревизиялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы. Басшылық етиўши: Б.Ктайбеков коллегия ағзалары: Н.Балтабаева Г.Зарипова