Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1997 Дата решения 13.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f228c7c0-5ace-43ac-887c-2ce039bd6d24 Claim ID PDF Hash 4d64539244899d13... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1997-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов УЙҒАРЫЎ (даўа арзаны көрместен қалдырыў ҳаққында) Нөкис қаласы 2025-жыл 13-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, ** ўәкили ** (2025-жыл 30-сентябрь күнги 112-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкерден баслық ** қатнасыўында, ** (кейин-**) даўагер Қоңырат районы “**” фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер “**” ЖШЖти ортасында дүзилген 2025жыл 04-июль күнги 1/19/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкар етиў ҳәмде 275 000 000 сом өндириў ҳаққындағы даўа ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: ** даўагер “**” фермер хожалығының мәпинде жуўапкер “**” ЖШЖти ортасында дүзилген 2025-жыл 04-июль күнги 1/19/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкар етиўди ҳәмде 275 000 000 сом өндириўди сораған. Судтың 2025-жыл 03-октябрь күнги уйгарыўы менен Өзбекстан Республикасы “**” акционерлик-коммерциялық банк даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен шағым етпейтуғын үшинши шахс сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде ** ўәкили даўаның талаплары тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисинде даўагердиң даўадан ўаз кешиў ҳаққындағы арзасын усынып, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Даўагер ҳәм үшинши шахс банк ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны тил хатлары менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясына тийкар суд жуўапкер ҳәм үшинши шахс ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, истеги ҳүжжетлерди үйренип шыгып, ** ҳәм жуўапкер ўәкиллериниң түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны көрместен қалдырыўды мақул табады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 04-июль күни дүзилген 1/19/1-санлы кесип алып ислеў (пудрат) шәртнамасы дүзилген. Шәртнамаға көре, жуўапкер қуяш фото электр станцияларын орнатыў ҳәм оларға сервис хызмет көрсетиў миннетлемесин алған. Шәртнама шәртлери лазым дәрежеде орынланбағаны себепли ** тәрепинен даўагер мәпинде судқа берилген даўа арзасында тәреплер ортасында 2025-жыл 04-июль күни дүзилген 1/19/1-санлы пудрат шәртнамасын бийкарлаў ҳәмде 275 000 000 сом өндириў соралған. Бирақ суд мәжилисинде жуўапкер тәрепинен усынылған даўагердиң арзасында даўадан ўаз кешилген. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2019-жыл 24майдағы “Биринши инстанция суды тәрепинен экономикалық процессуал нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында”ғы 13-санлы қарарының 13-бәнтинде даўагер даўасынан қысман яки толық ўаз кешиўге ҳақылы екенлиги бойынша түсиник берилген. Суд истеги ҳүжжетлерге тийкарланып даўагердиң даўадан ўаз кешкенин қабыл етиўди мақул табады. ЭПК 107-статьясы 8-бәнтине көре, даўагердиң мәплерин гөзлеп прокурор, мәмлекет органы ҳәм басқа шахс тәрепинен усынылған даўадан даўагер ўаз кешкен болса, суд даўа арзаны көрместен қалдырады. Бул жағдайда суд даўа талапларын көрместен қалдырыўды мақул табады. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 10-октябрьдеги «Фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкалары искерлигин жәнеде раўажландырыў бойынша шөлкемлестириў ис-иләжлары ҳаққында»ғы ПҚ-3318-санлы қарарының 3-бәнти бесинши хатбасына муўапық фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери мәплерин қорғап судқа мәмлекетлик бажы төлеместен даўа арзалар, мәмлекет ҳәм хожалық басқарыўы органлары, жергиликли ҳәкимияты органларының қарарлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) үстинен наразылық арза усыныў, бунда даўа арзасы қанаатландырыўсыз қалдырылғанда мәпи қорғалып даўа арзасы киритилген фермер, дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелеринен мәмлекетлик бажы өндирилмейди. Төленген почта қәрежети даўагер мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 107109, 195-статьяларын басшылыққа алып, суд У Й Ғ А Р Д Ы: Даўа арза талаплары көрместен қалдырылсын. Уйғарыў бир айдан кейин нызамлы күшине киреди ҳәм уйғарыўға наразы тәреп бир ай мүддет ишинде Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериўге (прокурор протест келтириўге) ҳақылы. Судья Б.Баймуратов