Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2180 Дата решения 13.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID f0acddc5-8b4c-4068-83de-653b9d534529 Claim ID PDF Hash 021bba88507affbb... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2180-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 13-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагер “**” ЖШЖниң шөлкемлестириўшиси **, адвокат ** (2025-жыл 13--ноябрь күнги 52-санлы ордер тийкарында), үшинши шахс банк ўәкили ** (2025-жыл 04ноябрь күнги 2372-санлы исеним хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили ** (2025-жыл 04-ноябрь күнги 830/8-санлы исеним хат тийкарында) қатнасыўында, даўагер “**” ЖШЖниң шөлкемлестириўшиси **тиң жуўапкер “**” ЖШЖниң шөлкемлестириўшилериниң 2019-жыл 31-октябрь күнги жыйналыс баянламасын ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер “**” ЖШЖниң шөлкемлестириўшиси ** жуўапкер “**” ЖШЖниң шөлкемлестириўшилериниң 2019-жыл 31-октябрь күнги жыйналыс баянламасын ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Судтың 2025-жыл 21-октябрь күнги уйғарыўы менен Өзбекстан Республикасы АКБ “**”, “**” ЖШЖти ҳәм ** үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде даўагер - жәмийет шөлкемлестириўшиси пуқара ** ҳәм жуўапкер жәмийет баслығы ** даўаның талабы тийкарлы екенин, себеби жынаят ислери бойынша Хорезм ўәлаяты судлаў коллегиясы ревизия инстанциясының 2024-жыл 06-сентябрьдеги уйғарыўында жынайы режеге көре жәми 1 770 000 000 сомлық кредит пулларының өзлестирилиўине жол қойылғаны анықланғанын, көз боямашылық шәртнамасына нызамлы көринис бериў мақсетинде даўа предмети болған баянлама дүзилгенин билдирип, даўа арза талабын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде даўагер адвокаты даўаның талабы тийкарлы екени истеги ҳүжжетлер менен тастыйықланатуғынын билдирип, даўа талабын қанаатландырыўды сорады. Үшинши шахс банк ўәкили ** суд мәжилисинде даўаның талабы менен келисе алмайтуғынын, себеби даўа предмети гиреў, ипотека шәртнамаларына тәсири жоқ деп есаплайтуғынын билдирип, даўа арзаны қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахс ** ўәкили ** суд мәжилисинде даўа предмети Мәмлекетлик хызметлер орайында есапқа алынатуғын ҳүжжет емеслигин билдирип, даўа талабы бойынша нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Үшинши шахс “**” ЖШЖниң ўәкили суд мәжилисине келмеди. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, ис материалларын үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң пикирлерин, ўәжлерин тыңлап, даўа арзаны қанаатландырмаўды мақул тапты. ЭПК 30-статьясы биринши бөлими 7-бәнтинде юридикалық шахс басқарыў органларының қарарлары үстинен шағым етиў ҳаққындағы даўалар корпоратив ислер болып белгиленген. Өзбекстан Республикасы “Жуўапкершилиги шекленген ҳәмде қосымша жуўапкершилик жәмийетлери ҳаққында”ғы Нызамының (кейинги орынларда Нызам деп жүритиледи) 8-статьясына муўапық, жәмийет қатнасыўшылары усы Нызамда ҳәм жәмийеттиң шөлкемлестириўши ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте жәмийеттиң ислерин басқарыўда қатнасыў ҳуқықы бар. Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, белгиленген тәртипте 2021-жыл 10сентябрь күни 522903-саны менен дизимге алынған “**” ЖШЖниң Уставында, жәмийет шөлкемлестириўшиси ** екенлиги көрсетилген. Бирақ бул жәмийеттиң 2018-жыл 12-сентябрь сәнесинен 2021-жыл 19август сәнесине шекем рәсмий шөлкемлестириўшилери болған ** ҳәм **лар тәрепинен 2019-жыл 31-октябрь күни жәмийет шөлкемлестириўшилериниң жыйналыс протокол қарары қабыл етилген. Усы протоколды даўагер судқа берген даўа арзасында баянлама деп көрсетип, оны ҳақыйқый емес деп табыўды сораған. Суд, даўаның баянламаны ҳақыйқый емес деп табыў талабы менен келисе алмайды. Себеби даўа талабының тийкарлары материаллық ҳуқық нормаларына тийкарланбаған. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң 115-126статьяларында нәзерде тутылған тийкарлар бойынша питимлерди ҳақыйқый емес деп табыўға жол қойылатуғыны ҳаққында Өзбекстан Республикасы Жоқарғы хожалық суды Пленумының 2014-жыл 28-ноябрь күнги «Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындагы пуқаралық нызамшылық нормаларын қоллаўдың айрым мәселелери ҳаққында»ғы 269-санлы қарарының 3-бәнди екинши хатбасында түсиник берилген. Бул жағдайда баянламаны ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы даўа талабы тийкарсыз есапланады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Даўа тийкарсыз табылыўы себепли даўагердиң алдын ала төлеген 4 120 000 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети оның мойнында қалдырылады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўа арза талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов