← Назад
Решение #2847570 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-****-****/****-санлы экономикалық ис
Биринши инстанцияда исти көрген
судья–****
Апелляция
инстанциясында
баянатшы судья- ****
**** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
АПЕЛЛЯЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
****5-жыл13-ноябрь
**** Республикасы судының экономикалық ислери бойынша судлаў
коллегиясы ****ң басшылығында, коллегия ағзалары **** ҳәм ****лардан
ибарат қурамда,судья аға жәрдемшиси****ң хаткерлигинде, даўагер ўәкили
**** (****-жыл 5-ноябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында),жуўапкер
ўәкили-адвокат **** (****-жыл 22-август күнги 29-санлы исеним хат
тийкарында), үшинши шахс **** Республикасы **** министрлиги ўәкили
**** (****-жыл 7-ноябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында), ****
Республикасы Бәсекиликти **** ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў
комитетиниң қәнийгеси**** (****-жыл 6-ноябрь күнги ****-санлы исенми
хат тийкарында)лардыңқатнасыўында,даўагер «****» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң жуўапкер «****» жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен **** сом компенсация пул қәрежетин өндириў **** даўа арзасы
бойынша **** районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 23сентябрь күнги шешиўши қарарына жуўапкер «****» жуўапкершилиги
шекленген жәмийетиниң наразы болып берген апелляциялық шағымы
тийкарында исти суд имаратында,видеоконференция байланыс режиминде,
ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
«****» жуўапкершилиги шекленген жәмийети(кейинги орынларда –
даўагержүргизиледи) судқа даўа арза менен мүрәжат етип, «****»
жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен (кейинги орынларда – жуўапкер
деп жүргизиледи)**** сом компенсация пул қәрежетинөндириўди сораған.
Нөкис районлар аралық экономикалық судының ****-жыл 8-август
күнги уйғарыўы менен **** Республикасы **** министрлиги үшинши шахс
сыпатында иске тартылған, **** Республикасы Бәсекиликти **** ҳәм
тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитетинен иске қәнийге қатнастырыў
белгиленген.
Биринши инстанция судының ****-жыл 23-сентябрь күнги шешиўши
қарары менен даўа арзасы қысман қанаатландырылған, **** сом компенсация
пулы, **** сом мәмлекетлик ****, **** сом почта қәрежети өндирилген,
даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылған, жуўапкерден
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине **** сом суд қәрежети
өндирилген.
Жуўапкер биринши инстанция судының шешиўши қарарына наразы
болып апелляциялық шағымын бергенҳәм шағымдабиринши инстанция суды
ҳуқықбузарлықтың өзгешелигин ҳәм айыптың дәрежесин анықламағанлығын,
2
жуўапкер
лаўазымлы
шахслардың
қарсысына
ҳәкимшилик
ис
қозғатылмағанлығын, олар жуўапкершиликке тартылмағанлығын, ҳеш айыбы
жоқлығын, жуўапкер тәрепинен товарлар **** Республикасынан нызамлы
түрдесатып алынып,рәсмий **** өткизилип алып келинген ҳәм дүканына
сатыўға шығарылғанлығын, **** қалалық әдиллик бөлими тәрепинен бул
өнимлердиң товар белгиси ҳуқықы Ташкент қаласында жайласқан бийтаныс
даўагерге тийисли екенинбилдирмегеншеҳеш ким билмегенлигин, буннан
тысқары мәмлекетлик ****қанаатландырылған даўа талабына пропорционал
рәўиште өндирилиўи лазымлығынбилдирип, шешиўши қарарын бийкар етип,
даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сораған.
Жуўапкер ўәкили суд мәжилисиндеапелляциялық шағымынқоллапқуўатлап, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип, даўа
арзасын қанаатландырыўсыз қалдырыў**** жаңа қарар қабыл етиўди,
апелляциялық шағымды қанаатландырыўды сорады.
Даўагер жәмийет баслығы суд мәжилисиндебиринши инстанция
судының шешиўши қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымын
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Үшинши шахс**** Республикасы **** министрлиги ўәкили суд
мәжилисиндедаўагердиң мүрәжаты бойынша тексериў өткерилгенлигин,
мүрәжатта көрсетилген жағдайлар тастыйықланып, контрафакт өними
анықланғанлығын, тексериў нәтийжеси бойынша бул товарларды саўдадан
алып таслаў бойынша усыныс киритилгенлигин, жуўапкер тәрепинен 3 күн
ишинде жуўап берилгенлигин, бул **** алдыңғы судқа мағлыўматнама
бергенлигин билдирди.
**** Республикасы Бәсекиликти **** ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын
қорғаў комитетиниң қәнийгеси суд мәжилисинде нызамлы шешим қабыл
етиўди сорады.
Судлаў коллегиясы тәреплер ўәкиллериниӊ түсиндирмелерин,
баянатшы судьяның баянатын тыңлап, апелляциялық шағымда
билдирилген ўәжлерди ис ҳүжжетлери менен бирге үйренип шығып,
төмендегилерге тийкар биринши инстанция судының шешиўши
қарарын өзгериссиз, апелляциялық шағымды қанаатландырыўсыз
қалдырыўды лазым тапты.
Өзбекстан Республикасының “Товар белгилери, хызмет көрсетиў
белгилери ҳәм товар келип шыққан орын атамалары туўрысында”ғы
Нызамының (кейинги орынларда Нызам деп жүргизиледи) 3-статьясына
тийкар товар белгиси ҳәм хызмет көрсетиў белгиси (кейинги орынларда товар
белгисидеп жүргизиледи) бул белгиленген тәртипте дизимнен өткерилген,
бир юридикалық ҳәм физикалық шахслардың товарлары ҳәм хызметлерин
(кейинги орынлардатоварлар деп жүргизиледи) басқа юридикалық
ҳәмфизикалық шахслардың усы түрдеги товарларынан **** ушын хызмет
ететуғын белгилер болып табылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң ****-жыл 13-апрель күнги
«Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги искерлигин жәнеде
3
жетилистириўге
байланыслы
шөлкемлестириў
ис-****
****»ғы
ПҚ-****-санлы қарары бойынша интелектуал мүлк тараўында бирден-бир
мәмлекет сыясатын ислеп шығыў, товар белгилери, авторлық ҳуқықы ҳәм
басқа интелектуал мүлк объектилерине болған ҳуқықларын қорғаў ўәкиллиги
Әдиллик министрлигине жүкленген.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда Қубла Корея Республикасының “****
CO.L D” компаниясының Өзбекстан Республикасы **** министрлиги
жанындағы “Интеллектуал мүлк агентлиги” мәмлекетлик мәкемесине ****жыл 4-июль күни берилген хаты менен даўагерге«**** **** **** ****» товар
белгисин дизимнен өткериўге келисим берилген ҳәм усы келисимге тийкар
Өзбекстан Республикасы **** министрлигиниң ****-жыл 18-декабрь күнги
МGU ****-санлы товар белгиси ҳәм хызмет көрсетиў белгисине байланыслы
гүўалығы берилген.
Даўагердиң **** Республикасы **** министрлигине«**** **** ****
****»
товар
белгисине
болғанҳуқықы
бузылып
атырғанлығы
бойыншамүрәжат
еткен
ҳәм****
Республикасы
Әдиллик
министрлигитәрепинен ****-жылдың 3-июль күни жуўапкердиң Нөкис
қаласы, **** көшеси 60-А-үйде жайласқан “****” саўда орайында жайласқан
27-санлы “****” косметика саўда дүканында тексериў өткерилген.
Тексериўде«**** **** **** ****» товар белгисинен ҳуқық ийесиниңдаўагердиң разылығысыз пайдаланылғанлығы анықланып, бул ****қында акт
дүзилген ҳәмде ****-жылдың 4-июль күни даўагерге тийисли ҳуқық
белгисине болған ҳуқықларын бузыўшы барлық ҳәрекетлерди тоқтатыў, усы
товар белгисине болған ҳуқықты бузған ҳалда таярлап қойылған товар белгиси
көринислерин жоқ етиў, жоқ етиўдиң **** болмағандаусы товарларды жоқ
етип таслаў бойынша ****-****-санлы усыныс берилген.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда
ПК деп жүргизиледи)97-статьясына тийкар, усы Кодекс ҳәм басқа нызамларда
белгиленген жағдайларда ҳәм тәртипте интеллектуаллық искерликтиң анық
көрсетилген нәтийжелери ҳәм де юридикалық шахстың усы нәтийжелерге
теңлестирилген өзине тән қураллары, әйне усы ислер яки хызметлерди
орынлап атырған физикалық яки юридикалық шахстың өнимлерине (фирма
атамасы, товар белгиси, хызмет көрсетиў белгиси ҳәм т.б.)болған пуқараның
яки юридикалық шахстың айрықша ҳуқықы тән алынады.
Айрықша ҳуқық объекти болған интеллектуал искерлик нәтийжелери
ҳәм өзине тән қуралларынан үшинши шахслар ҳуқық ийесиниң рухсаты менен
ғана пайдаланыўы мүмкин.
ПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-**** юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде
қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде
қапланыўы лазым.
ПК ****-статьясыныңбиринши бөлиминемуўапықтовар белгисине
болған ҳуқық ийеси өзине тийисли белгиден пайдаланыўда ҳәм басқарыўда
4
айрықшаҳуқыққа ийе. Товар белгисине өзгертиўлер ҳәм қосымшалар
киритиўден ибарат айрықша ҳуқық ҳәм товар белгисине болған ҳуқық ийесине
тийисли.
ПК ****-статьясыныңбиринши бөлиминемуўапықтовар белгисинен
нызамға қайшы түрде пайдаланып атырған шахс қағыйда бузыўшылықты
тоқтатыўы ҳәм товар белгисиниң ийесине жеткерилген зыянды қаплаўы
шәрт.Товар белгисиниң ийеси товар белгисинен нызамға қайшы түрде
пайдаланып атырған шахстан зыянлардың орнын қаплаў орнына нызамда
белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте компенсация төлеўди талап етиўге
****ылы.
Бул жағдайдажуўапкер тәрепинен Нызамның 3-статьясыталапларына
әмел қылынбастан, даўагерге тийисли болған«**** **** **** ****» товар
белгисинен ҳуқық ийесиниң-даўагердиң разылығысыз пайдаланылғанлығы
истеги ҳүжжетлер менен толық тастыйықланадыҳәмдедаўагердиң даўа талабы
тийкарлыболып табылады.
Нызамның 26-статьясы төртинши бөлимине тийкар, товар белгисинен
оның ийесиниң айрықша ҳуқықын бузған ҳалда пайдаланып атырған шахслар
товар белгиси ийесиниң талабынамуўапықжеткерилген зыянлардың орнын
қаплаўы шәрт.Товар белгисиниң ийеси өзиниң айрықша ҳуқықын бузған ҳалда
товар белгисинен пайдаланып атырған шахстан зыянлардың орнын қаплаў
орнына базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен мың есесине шекемги
муғдарда компенсация төлеўди талап етиўи мүмкин.Бунда компенсация зыян
жеткерилиў фактине қарамастан, ҳуқықбузарлықтың өзгешелигинен ҳәм
товар белгиси ийесиниң айрықша ҳуқықын бузған ҳалда товар белгисинен
пайдаланып атырған шахстың айыбының дәрежесинен келип шығып,
исжүзиндеги әдетлери есапқа алынған ҳалда төленеди.Компенсация муғдары
тәреплердиң келисимине муўапық ямаса суд тәрепинен белгиленеди.
Сонлықтан,
судлаў
коллегиясы
биринши
инстанция
суды
жуўапкерденнызам бузыўшылық дәўириндеги әмелде болған базалық есаплаў
муғдарының жигирма есесиндеги **** сом компенсация өндириў**** дурыс
**** келген деп есаплайды.
Буннан тысқары, судлаў коллегиясы жуўапкердиң апелляциялық
шағымындағы суд тәрепинен жуўапкер анықланған нызамбузыўшылық
жағдайы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылмағаны, мәмлекетлик
**** надурыс өндирилгенлиги туўрысындағы ўәжлери менен келиспейди.
Себеби, ****анықланған нызамбузыўшылық ушын нызамбузыўшы
ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғаннан кейин компенсация өндирилиўи
белгиленбеген.
ЭПК ****-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Бул жағдайда даўа талабы толық тийкарлы есапланып, тек ғана
Нызамда компенсация муғдары суд тәрепиненбелгиленетуғынлығы ****
5
нормаға тийкар суд тәрепинен компенсацияәмелде болған базалық есаплаў
муғдарының жигирма есеси **** соммуғдарында өндирилген.
ЭПКниң ****-статьясы 1-бǝнтине муўапық, апелляция инстанциясы
суды апелляциялықшағымды(протестти) көриў нәтийжелери бойынша
шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****.
Баян етилгенлерден келип шығып, апелляциялық судлаў коллегиясы
биринши
инстанция
судының
шешиўши
қарарын
өзгериссиз,
апелляциялықшағымдықанаатландырыўсыз
қалдырыўды,
жуўапкер
тәрепинен шагым бериўде төленген **** сом мәмлекетлик ****, **** сом
почта қәрежетин жуўапкердиңмойнында қалдырыўды, жуўапкерденистиң
видеоконференция байланыс режиминде өткерилиўи менен байланыслы ****
сом суд қәрежетинӨзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине
өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық
процессуаллықкодексиниң****,****,****-статьяларын
қолланып, апелляция инстанция суды
ҚАРАРЕТТИ:
**** районлар аралық экономикалық судының ****5-жыл 23-сентябрь
күнги шешиўши қарары өзгериссизқалдырылсын.
Апелляциялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер «****» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан
Республикасы Жоқарғы суды депозитине****сом суд қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хат берилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен**** Республикасы судының
экономикалық ислери бойынша судлаў коллегиясынаревизиятәртибинде
шағым етиўге (протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
ағзалары:
****
****