← Назад
Решение #2847682 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2168-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 13-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
кәрхана баслығы ***, ўәкили *** (2025-жыл 4-ноябрь күнги исеним хат
тийкарында), жуўапкер ўәкили *** (2025-жыл 30-октябрь күнги 1/620-санлы
исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, даўагер "***" шаңарақлық
кәрханасының жуўапкер ***на қарата тәреплер ортасында 2024-жыл 7-май
күни дүзилген 2024/018-санлы ижара шәртнамасының 5.1-бәнтин ҳақыйқый
емес деп табыў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық
исти суд имаратында, ашық суд мәжлисинде видеоконференция байланыс
режиминде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер "***" шаңарақлық кәрханасы (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) жуўапкер *** (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)на
қарата экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, тәреплер ортасында
2024-жыл 7-май күни дүзилген 2024/018-санлы ижара шәртнамасының 5.1бәнтин ҳақыйқый емес деп табыўды сораған.
Даўагер кәрхана баслығы ҳәм ўәкили суд мәжилисинде даўа арзасын
қоллап-қуўатлап, жуўапкер тийкарсыз түрде шәртнаманы бир тәреплеме
буйрық тийкарында бийкар еткенлигин, ижара шәртнамасы жаңылысыў
тийкарында дүзилген деп есаплаўын, жуўапкер атайлап усындай етип
дүзгенлигин, сонлықтан ПКниң 122-статьясына тийкар шәртнаманың 5.1-бәнти
ҳақыйқый емеслигин, басқа ижарашылар да ижара пулын ўақтында төлемеген
болса да басқа ижарашылар менен шәртнама бийкар етилмегенлигин билдирип,
даўаны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер ўәкили даўаны тән алмастан, ижара
шәртнамасы тәреплердиң өз қәлеўлери менен еркин дүзилгенлигин, ижара
шәртнамасын дүзиў ўақтында ҳеш қандай тартыс болмағанлығын, ижара
шәртнамасы нызамлы дүзилгенлигин билдирип, даўаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды сорады.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин ҳәм
ўәжлерин тыңлап, ис материалларын үйренип шығып, төмендегилерге
тийкар даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл
7-май күни 2024/018-санлы көлди ижараға бериў шәртнамасы (буннан кейин
текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген, усы шәртнамаға тийкар жуўапкер
даўагерге көлди ижараға бериў, ал даўагер болса ижара ҳақысын төлеў
миннетлемесин алған.
Усы шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланған тәреплер орталарында
2025-жыл 7-январь күни 2025/ҚК-55-санлы қосымша келисим дүзилген.
Жуўапкердиң 2025-жыл 29-апрель күнги 15-Б-санлы буйрығы менен
2
тәреплер орталарындағы 2024-жыл 7-май күни 2024/018-санлы көлди ижараға
бериў шәртнамасы бийкар етилген.
Суд даўагердиң тәреплер ортасында 2024-жыл 7-май күни дүзилген
2024/018-санлы ижара шәртнамасының 5.1-бәнтин ҳақыйқый емес деп табыў
ҳаққындағы даўа арза талабы менен келисе алмайды.
Себеби, Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин
текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8-статьясы екинши бөлиминиң 1-бәнтине
муўапық, пуқаралық ҳуқық ҳәм миннетлемелер нызамда нәзерде тутылған
шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден, сондай-ақ, нызамда нәзерде тутылған
болмаса да, лекин оған қайшы болмаған шәртнамалар ҳәм басқа питимлерден
жүзеге келеди.
ПКниң 354-статьясы биринши бѳлимине кѳре, пуқаралар ҳәм
юридикалық шахслар шәртнама дүзиўде еркин есапланады.
ПКниң 364-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер тәреплер
ортасында шәртнаманың барлық әҳмийетли шәртлери жүзесинен сондай
жағдайларда талап қылынатуғын формада келисимге ерисилген болса,
шәртнама дүзилген есапланады.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2014-жыл
28-ноябрь күнги “Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди ҳақыйқый емес
деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызам ҳүжжетлери нормаларын
қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында”ғы 269-санлы қарарының 13бәнтине көре, жаңылысыў тәсиринде дүзилген питим дегенде судлар
тәреплердиң ҳақыйқый ерк-ықрарын сәўлелендирмейтуғын, оны дүзиў
ўақтында тәреплер нәзерде тутқан ҳуқықый ақыбетлерге алып келиўи мүмкин
болмаған питим екенлигин түсиниўлери лазым. Дүзилген питимге
қолланылатуғын нызам нормаларын надурыс талқылаў, ҳуқық ҳәм
миннетлемелер ҳәм де питимниң тийкарғы ҳуқықый ақыбетлери ҳаққында
надурыс түсиник жаңылысыўдың мысалы болыўы мүмкин. Бунда нызамды
билмеўге силтеме берилиўи питимниң усы тийкарда ҳақыйқый емеслигине
алып келмейди.
Жаңылысыў тәсиринде ҳәрекет еткен тәреп жаңылысыў әҳмийетли
екенлигин ҳәм питимниң предмети яки мәнисине тәсир етиўин дәлиллеўи
керек.
Судлар соны нәзерде тутыўы керек, питимди усы тийкар бойынша
ҳақыйқый емес деп табыў ушын жаңылысыў питимди дүзиў ўақтында бар
болыўы ҳәм оның дүзилиўи ушын әҳмийетли әҳмийетке ийе болыўы керек.
Сондай-ақ, жаңылысыў питимниң басқа қатнасыўшыларының қастан
исленген ҳәрекетлериниң нәтийжеси бола алмаўын нәзерде тутиў керек.
Жаңылысыў тәсири астында дүзилген питим алдаў тәсири астында дүзилген
питимнен соның менен парықланады, егер алдаў қастан исленген болса,
жаңылысыў басқа шахстың қастан исленген ҳәрекетлери менен байланыслы
болмайды.
Басқа тәрептиң айыбы итибарсызлық түринде көринген жағдайда ғана
питим алжасыў тәсиринде дүзилген деп есапланады.
ЭПКниң 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы
3
ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлиллеўи керек.
Ал, даўа предмети болған ижара шәртнамасы усы шәртнама
қатнасыўшылары қатнасында дүзилген ҳәмде шәртнама дүзилип атырғанда 5.1бәнтиде жаңылысыў болыў итималын келтирип шығарыўшы түсиниксизликлер
болмаған ҳәм бул бәнттиң ҳуқықый ақыбети бойынша нызамды билмеслик
ПКниң 122-статьясына тийкар шәртнама бәнтин ҳақыйқый емес деп табыўға
тийкар болмайды.
Сонлықтан, суд исте анықланған жағдайларға көре даўагердиң даўасын
тийкарсыз ҳәм өз тастыйығын таппады деп есаплайды ҳәмде тәреплер
ортасында 2024-жыл 7-май күни дүзилген 2024/018-санлы ижара
шәртнамасының 5.1-бәнтин ПКниң 122-статьясына тийкар ҳақыйқый емес деп
табыў ушын тийкар жоқ деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2020-жыл
19-декабрьдеги «Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин өндириў суд
әмелияты ҳаққында»ғы 36-санлы қарарының 6.3-бәнтине муўапық,
экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик субъекти тәрепинен
белгиленген ставканың 50 пайызы муғдарында мәмлекетлик бажы төленген
болып, даўа талаплары қанаатландырылғанда, егер жуўапкер мәмлекетлик
бажыны төлеўден азат етилмеген болса, исти көриў нәтийжеси бойынша оннан
өндирилетуғын мәмлекетлик бажының муғдары даўагер тәрепинен төленген
сумма менен шекленеди.
Мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм
басқа шахслар тәрепинен киши исбилерменлик субъектлериниң мәплерин
гөзлеп
усынылған
даўа
талаплары
қанаатландырылған
ямаса
қанаатландырыўсыз қалдырылған жағдайда мәмлекетлик бажы тәреплерден
улыўма тийкарларда өндириледи.
Егер экономикалық судқа мүрәжат етиўде киши исбилерменлик
субъектине мәмлекетлик бажыны төлеўди кешиктириў ямаса бөлип-бөлип
төлеў ҳуқықы берилген болса, мәмлекетлик бажы исти көриў нәтийжеси
бойынша тийисли тәрептен нызамда белгиленген ставкада өндириледи.
Судтың 2025-жыл 17-октябрь күнги уйғарыўы менен даўагердиң
илтимаснамасына тийкар мәмлекетлик бажыны төлеў кешиктирилген болып,
даўагер киши исбилерменлик субъекти есапланады.
Баян етилгенлерге тийкар, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин өз
мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 2 060 000 сом
мәмлекетлик бажы, истиң видеоконференция байланыс режиминде көрилиўи
менен байланыслы Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды депозитине 103 000
сом суд қәрежетин өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
4
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер "***" шаңарақлық кәрханасынан республика бюджетине 2
060 000 сом мәмлекетлик бажы ѳндирилсин.
Даўагер "***" шаңарақлық кәрханасынан Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы суды депозитине 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши
қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов