← Назад
Решение #2847705 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2154-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 13-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокуратурасының ис үйрениўши жәрдемшиси ***, даўагер ўәкили ***
(2024-жыл 26-декабрь күнги 29-20/2314-санлы исеним хат тийкарында)лардың
қатнасыўында, ***ның даўагер “***” акционерлик жәмийетиниң мәпинде
жуўапкер "***" нан даўагер пайдасына 436 960,22 сом тийкарғы қарыз, 43 696
сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық
исти суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) “***” акционерлик
жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи) мәпинде
экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, "***" (буннан кейин текстте
жуўапкер деп жүритиледи)нан даўагер пайдасына 436 960,22 сом тийкарғы
қарыз, 43 696 сом пеня өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 17-октябрь күнги уйғарыўы менен даўа арза ис
жүритиўге қабыл етилип, экономикалық ис қозғатылған ҳәмде ис
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығыў ушын 2025-жыл 4-ноябрь күнине
тайынланған.
Судтың 2025-жыл 4-ноябрь күнги уйғарыўы менен ис жүритиўдиң улыўма
қағыйдалары бойынша көрип шығыўға өткерилген.
Судтың 2025-жыл 4-ноябрь күнги уйғарыўы менен Қарақалпақстан
Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, Қарақалпақстан
Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы даўа предметине қарата
ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған
ҳәмде суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында Нөкис қаласы прокуратурасы
хабардар етилген.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўаны қоллап-қуўатлап, жуўапкер
менен орталарында дүзилген шәртнамаға тийкар көрсетилген хызмет ҳақысы
төленбегенлигин, соның ушын пеня есапланғанлығын билдирип, даўа арзаны
қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор даўаны қанаатландырыў ҳаққында
пикир билдирди.
Палата, жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны
ҳаққында тийисли тәртипте хабардар етилген болса да, суд мәжилисинде өз
ўәкилиниң қатнасыўын тәмийинлемеди.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар исти Палата, жуўапкер, үшинши шахслар ўәкилиниң қатнасыўысыз
көриўди мақул табады.
2
Суд, исте қатнасыўшы шахстың түсиндирмелерин, прокурор пикирин
тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны
қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте - ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери хызмет көрсетиў ҳаққындағы
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 703-статьясының биринши бөлимине муўапық, ҳақы есесине
хызмет көрсетиў шәртнамасы бойынша орынлаўшы буйыртпашының
тапсырмасы менен затлық формада болмаған хызметти орынлаў (мәлим бир
ҳәрекетлерди ислеў яки мәлим искерликти әмелге асырыў), буйыртпашы болса
ҳақы төлеў миннетлемесин алады.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
керек.
Исте анықланған жағдайларға қарағанда, тәреплер орталарында 2024-жыл
12-январь күни 02/01-0031-санлы почта жөнелтпелерин бирден-бир миллий
системадан пайдаланған ҳалда жоллаў хызметлерин көрсетиў ҳаққындағы
шәртнама (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген, усы
шәртнамаға тийкар даўагер жуўапкерге хызмет көрсетиў, ал жуўапкер болса
ҳақысын төлеў миннетлемесин алған. Шәртнама ғазнашылық бөлиминен
дизимнен өткен.
Даўагер тәрепинен судқа усынылган есапбет-фактурасына қарағанда,
даўагер тәрепинен жуўапкерге 130 000 сомлық хызмет көрсетилгенлиги
тастыйықланады. Лекин, бул көрсетилген хызмет ушын жуўапкер тәрепинен
төлем әмелге асырылмаған.
Сонлықтан, даўагердиң жуўапкерден 130 000 сом тийкарғы қарыз өндириў
талабы тийкарлы есапланады.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Шәртнаманың 6.1-бәнтинде буйыртпашы тәрепинен төлем кешиктирилген
ҳәр бир күн ушын шәртнама баҳасының 0,1 пайызы муғдарында, лекин 10
пайыздан көп болмаған муғдарда пеня төлеўи белгиленген.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, жуўапкер төлем төлеў мүддетин
кешиктирген.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 13 000 сом пеня өндириў талабын
тийкарлы деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши, жетинши бөлимлерине муўапық, суд
қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Мәмлекетлик бажы төлеўден азат етилген мәмлекет уйымлары ҳәмде басқа
шахслар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп
3
берилген даўа талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылған яки олар қысман
қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплери гөзленип даўа
берилген шахслардан даўа талапларының қанаатландырыўсыз қалдырылған
бөлегине сәйкес рәўиште өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қысман
қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер пайдасына 130 000 сом тийкарғы
қарыз, 13 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин, республика
бюджетине жуўапкерден 122 570 сом, даўагерден 289 470 сом мәмлекетлик бажы
өндириўди, даўаның қалған бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды лазым
тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" есабынан даўагер “***” акционерлик жәмийети пайдасына
130 000 сом тийкарғы қарызы, 13 000 сом пеня, төленген 41 200 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер "***" есабынан республика бюджетине 122 570
сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Даўагер “***” акционерлик жәмийети есабынан республика бюджетине
289 470 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде шешиўши
қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов