← Назад
Решение #2847726 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2205-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
судья С.Ниязов
2025-жыл 13-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязов, даўагер
«***» акционерлик жәмийетиниң жуўапкер "***" фермер хожалығынан
1 120 776,73 сом қарызын өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша
қылынған ҳүжжетлери менен бирге әпиўайыластырылған тәртипте көрип
шығып, төмендегилерди
анықлады:
Даўагер “***” акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
"***" фермер хожалығы (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нан
1 120 776,73 сом қарызын өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши бөлимине
муўапық егер даўаның баҳасы юридикалық шахсларға қарата базалық есаплаў
муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге қарата болса
базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар бойынша ислер
әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылады.
ЭПКниң
2034-статьясы
сегизинши
бөлимине
муўапық
суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин еситпестен
көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўа арзаны
қанаатландырыўды мақул тапты.
Тәреплер орталарында 2024-жыл 3-январь күни 053154-санлы электр
энергиясын жеткизип бериў ҳаққындағы шәртнама (буннан кейин текстте
Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген.
Шәртнаманың 1-бәнтине муўапық, даўагер жуўапкерге тутастырылған
тармақ арқалы электр энергиясын жеткерип бериў миннетлемесин алған,
жуўапкер болса қабыл етилген энергия ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Шәртнаманың 3.6-бәнтине муўапық, тутуныӯшыларға электр энергиясын
жеткерип бериӯ алдыннан ҳақы төлеӯ тийкарында әмелге асырылады.
Даўагер жуўапкерге электр энергиясын жеткерип берип, өзиниң
шәртнамадағы миннетлемесин орынлап келген, ал жуўапкер шәртнамаға
муўапық өз ўақтында тийисли төлемлерди әмелге асырмағанлығы ушын
пайдаланылған электр энергиясынан 1 120 776,73 сом қарызы пайда болған.
Өзбекстан Республикасы Пукаралык кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
ПКниң 468-статьясына муўапық, энергия тәмийнаты шәртнамасына
муўапық энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
2
қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ, шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң 2025-жыл 13-октябрь күнги 0206/511-санлы талапнамасы менен жуўапкер ескертилген болса да, төлемлер
әмелге асырылмаған.
Жуўапкердиң шәртнама миннетлемелери орынланбағанлығы истеги
ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден 1 120 776,73 сом қарызын
өндириў талабын тийкарлы ҳәм өндириӯге жатады деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши муўапық, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес
түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 1 120 776,73 сом қарызын, төленген 41 200 сом
почта қәрежетин, республика бюджетине жуўапкерден 412 000 сом мәмлекетлик
бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 2031–2035-статьяларын
басшылыққа алып, суд
қарар
е т т и:
Даўа арза қанаатландырылсын.
"***" фермер хожалығы есабынан «***» акционерлик жәмийети
пайдасына 1 120 776,73 сом қарызы, төленген 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
"***" фермер хожалығы есабынан республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10 (он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляция тәртибинде арза бериўи (прокурор протест
келтириўи) мүмкин.
Судья
С.Ниязов