← Назад
Решение #2847768 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2302-2502/2221-санлы экономикалық ис
судья Б.С.Убайдуллаев
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИӮШИ ҚАРАР
Беруний районы
2025-жыл 13-ноябрь
Беруний
районлар
аралық
экономикалық
судының
судьясы
Б.С.Убайдуллаев, даўагер “Аймақлық электр тармақлары кәрханасы”
акционерлик жәмийетиниң жуўапкер “Тут кўчат етиштириш” фермер
хожалығынан 6 433 094,75 сӯм тийкарғы қарыз өндириўди сораған даўа арзасы
бойынша қозғатылған экономикалық исти судтың өз имәратында
әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
“Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети
(кейинги орынларда даўагер) судқа даўа арза менен мүрәжат етип “Тут кўчат
етиштириш” фермер хожалығынан (кейинги орынларда жуўапкер)
пайдаланылған электр энергиясы ушын 6 433 094,75 сӯм тийкарғы қарыз
өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги
орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 2034-статьясиниң екинши бөлимине көре,
жуўапкер даўа арзасы жүзесинен жазба пикирин даўа арзаны ис жүргизиўге
қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында уйғарыў шығарылған күннен баслап он
бес күнлик мүддетте судқа өзи тийкарланған ҳүжжетлер ҳәм дәлиллерди
қосымша еткен ҳалда усыныўға ҳақлы. Жазба пикирге оның көширме нускасы
даўагерге жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша етиледи.
Усы Кодекстиң 2034-статьясы үшинши бөлимине көре, даўа арзасы
жүзесинен жазба пикир жуўапкер яки онын ўәкили тәрепинен имзаланады.
Ўәкил тәрепинен имзаланған жазба пикирге исеним хат қосымша етиледи. Бирақ
жуўапкер тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмады.
Усы Кодекстиң 2034-статьясы төртинши бөлимине көре даўа арзасының
судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тартипте хабардар етилген жуўапкер
тәрепинен даўа арзасы жүзесинен жазба пикир усынылмағанлығы даўа арзаны
әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығыўға тосқынлық
етпейди.
Усы жағдайда суд усынылған ҳүжжетлер исти мазмуннан көрип шығыў
имканиятин бериўин инабатқа алып, исти әпиўайыластырылған ис жүргизиў
тәртибинде көрип шығыўды лазым деп есаплайди.
Суд истеги ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендеги
жағдайларға тийкарланып даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан
Республикасы
Конституцияси
55-статьясының
биринши-үшинши бөлимлерине көре, ҳәр ким өз ҳуқық ҳәм еркинликлерин
нызамда қадаған етилмеген барлық усыллар менен қорғаўға ҳақылы.
Ҳәр кимге өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў,
мәмлекетлик уйымлардың ҳәм басқа да шөлкемлердиң, олардың лаўазымлы
шахсларының нызамға қайшы шешимлери, ҳәрекетлери ҳәм ҳәрекетсизлиги
үстинен судқа шағым етиў ҳуқықына кепиллик бериледи.
Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)
8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер шәртнамадан, зыян
жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан
келип шығады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде орынланыўы
шәрт.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы болған
жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде орынламағанлығы
ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша тәртип белгиленген
болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери электр энергиясы тәмийнаты
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына тийкар
энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы абонентке
энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл қылынған
энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған энергия
пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 31-май
күнги 319-санли қарары менен тастыйықланған “Электр энергиясынан
пайдаланыў” Қағыйдаларының 76-бәнти 1-хатбасына көре, тиккелей “Өзбекстан
миллий электр тармақлары” АЖ, “Ыссылық электр станциялары” АЖ,
“Аймақлық электр тармақлары” АЖ, “Ўзбекгидроэнерго” АЖ ҳәм електр
энергиясын өндириўши басқа кәрханалардың электр тармақларынан ҳәм де
қарыйдарлар ямаса субтутыныўшылар электр тармақлары арқалы узатылатуғын
электр енергиясы ушын қарыйдарлар менен есап-китаплар белгиленген тәртипте
тастыйықланған тийисли тарифлар бойынша электр тәмийнаты шәртнамасына
муўапық әмелге асырылады.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2019-жыл
4-январь күни дүзилген шәртнаманың I бөлимине муўапық «кәрхана»
«тутыныўшы»ға жалғанған электр тармақлары арқалы электр-энергиясын
жеткизип бериў миннетлемесин, «тутыныўшы» болса пайдаланған электр
энергиясы ҳақысын ѳз ўақтында төлеў миннетлемесин алған.
Жуўапкер 6 433 094,75 сӯм тийкарғы қарызы төленбегенлиги даўагер
мағлыўматнамасы ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
Сонлықтан суд даўагердиң пайдасына жуўапкерден 6 433 094,75 сӯм
тийкарғы қарызын өндириўди лазым тапты.
ЭПК 68-статьясының биринши бөлимине муўапық, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талаплары ҳәм ўәжлерине тийкар етип келтирип атырған
жағдайларды дәлийллеўи керек.
Сол себепли, суд даӯа арзаны толық қанаатландырыўды, жуўапкерден
даўагер пайдасына 6 433 094,75 сӯм тийкарғы қарыз, 41 200 сўм почта қәрежети,
республика бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы ѳндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасының Экономикалық
процессуал кодекси 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даӯа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер “Тут кўчат етиштириш” фермер хожалығынан даўагер
“Аймақлық электр тармақлары кәрханасы” акционерлик жәмийети пайдасына
6 433 094,75 сӯм тийкарғы қарыз, 41 200 сўм почта қәрежети өндирилсин.
Жуўапкер “Тут кўчат етиштириш” фермер хожалығынан республика
бюджетине 412 000 сўм мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиӯши қарары қабыл етилгеннен кейин 10 күн мүддет ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
Шешиӯши қарары нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиӯши қарар қабыл етилген күннен баслап 10 күн мүддет ишинде усы
суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық тәртибинде яки
нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиӯши
қарары үстинен ол нызамлы күшине кирген күннен баслап алты ай ишинде
кассация тәртибинде шағым (прокурор протест) келтириўге ҳақылы.
Судья
Б.С.Убайдуллаев