Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/1443 Дата решения 13.11.2025 Инстанция Апелляция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 42e88bc1-b136-428e-a692-29455a13135b Claim ID PDF Hash a58bef3e669a7ad0... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
****-санлы экономикалық ис Биринши инстанция судында исти көрген судья –**** Апелляцияинстанциясында баянатшы судья–**** **** РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫ ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ АПЕЛЛЯЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ ҚАРАРЫ Нөкис қаласы **** жыл 13 ноябрь **** Республикасы судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясысудья****ң басшылығында, коллегия ағзалары судья **** ҳәм **** ибарат қурамда, судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде, даўагер ўәкили **** (**** жыл 8 январь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында),**** (**** жыл 23 октябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер ўәкиллери жәмийет директоры ****, **** (**** жыл 2 октябрь күнги исеним хат тийкарында) адвокат **** (**** жыл 20 август күнги 52-санлы ордер тийкарында), үшинши шахс **** жеке кәрханасы ўәкили – кәрхана баслығы ****, ϴзбекстан Республикасы Орайлық **** **** Республикасы бас басқармасының кредит шөлкемлерини инспекция қылыў басқармасы баслығы **** (**** жыл 13 ноябрь күнги ****-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасы **** Республикасы басқармасы даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий **** мәпин қорғап, жуўапкер Нөкис қаласы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен ****,42 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын өндириўди сораған даўа арзасы бойынша жүритилген ис жүзесинен қабыл етилген Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 29 август күнги шешиўши қарарына наразы болып жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен берилген апелляциялық тәртибиндеги шағымынсуд имаратында ашық суд мәжилисинде кѳрип шығып, тѳмендегилерди а н ы қ л а д ы: Өзбекстан Саўда-санаат Палатасы **** Республикасы басқармасының (буннан кейин текстте – Палата деп жүритиледи) даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий **** (буннан кейин текстте - даўагер деп жүритиледи)тиң мәпин қорғап, оның пайдасына жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте - жуўапкер деп жүритиледи)нен ****,42 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығын ҳәм төленген **** сом почта қәрежетин өндириў **** даўа арзасы менен экономикалық судқа мүрәжат еткен. Судтың **** жыл 21 август күнги уйғарыўы менен даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатында **** жеке кәрханасы иске тартылған. Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 29 август күнги шешиўши қарары менен даўа арза қанаатландырылып, жуўапкерден даўагер 2 пайдасына ****,42 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы ҳәм **** сом почта қәрежети, республика бюджетине ****,94 сом мәмлекетлик **** өндирилген. Жуўапкер биринши инстация судының қарарына наразы болып апелляциялық шағым берип, шағымында биринши инстанция суды ис ушын әҳмийетли жағдайларды толық анықламағанлығын, даўагер яғний Палата ўәкиллери биринши суд мәжилисине келмегенлигин, исти өзиниң қатнасыўысыз көрип шығыў ушын арза бермегенлигин, бундай жағдайда ис көрместен қалдырылыўы кереклигин, даўа арза **** жеке кәрханасына жиберилмегенлигин, даўагер исбилерменлик субъекти емеслигин сол себепли Палата ағзасы бола алмайтуғылығын, жуўапкерден даўагер пайдасына пайыз ҳәм тийкарғы қарыздарлықты өндириў **** Нөкис районлар аралық экономикалық судының **** жыл 17 январь күнги ****-санлы ҳәм **** жыл 6 май күнги ****-санлы шешиўши қарарларына тийкар өндирилгенлигин, даўа мүддетин қоллаў **** илтимаснамасын итибарсыз қалдырғанлығын, **** жеке кәрханасы суд мәжилисине тийисли тәртипте хабардар қылынбағанлығын, биринши инстанция судының исти көриў мүддети бир айдан өтип көрилгенлигин билдирип, шешиўши қарарды бийкар етиўди сораған. Суд мәжилисинде қатнасқан қәниге судтың уйғарыўына тийкар үйрениў жумысларын алып барғанлығын, үйрениў барысында жуўапкердиң даўагер алдындағы пайыз қарыздарлығы ****,7 сом екенлиги анықланғанлығын ҳәм бул **** акт дүзилгенлигин билдирди. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили апелляциялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, шағымын қанаатландырыўды сорады. Суд мәжилисинде қатнасқан жуўапкер ўәкили адвокат апелляциялық шағымында келтирген ўәжлерди қоллап-қуўатлап, апелляциялық шағымын қанаатландырыўдысорады. Суд мәжилисинде қатнасқан даўагер ўәкиллери апелляциялық шағым тийкарсыз екенлигин билдирди. Палата исти өзиниң қатасыўысыз көриўди сорап арза берген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК депжүргизиледи) ****-статьясының төртинши бөлимине муўапық,апелляцияинстанция судының суд мәжилисине суд додалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған,апелляциялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды. Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти Палатаның қатнасыўысыз көриўди лазым тапты. Судлаў коллегиясы ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар шешиўши қарарды өзгертиўди, апелляциялық шағымды қысман қанаатландырыўдылазым тапты. Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда – ПК жүргизиледи) 8 ҳәм ****-статьяларына муўапық миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. 3 Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери кредит шәртнамасынан келип шыққан. ПКниң ****-статьясында кредит шәртнамасы бойынша бир тәреп - **** яки басқа кредит кәрханасы (кредитор) екинши тәрепке (қарыз алыўшыға) шәртнамада нәзерде тутылған муғдарда ҳәм шәртлер тийкарында пул қаржыларын (кредит) бериў, қарыз алыўшы болса алынған пул суммасын қайтарыў ҳәм оның ушын пайызлар төлеў миннетлемесин алыўы белгиленген. ПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық, егер нызамда яки қарыз шәртнамасында басқаша тәртип нәзерде тутылған болмаса, қарыз бериўши (юридикалық шахс яки пуқара) қарыз алыўшыдан қарыз суммасына шәртнамада белгиленген муғдарда ҳәм тәртипте пайызлар алыў ҳуқықына ийе. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында **** жыл 10 февраль күни қурылыс өнимлерин сатып алыў ****, ****-санлы кредит шәртнамасы дүзилип, оған тийкар, **** тәрепинен жуўапкерге 36 ай мүддетке, 6 ай жеңиллик дәўири менен, жыллық 18% ставкадапайызтөлеў шәрти менен **** сом муғдарында кредит ****. Кредит ҳәм оған есапланылған пайызлар өз **** қайтарылмағанлығы себепли даўагер судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Кредит шәртнамасының 3.10-бәндине тийкар, қарыздар ҳәр айдың 6 сәнесинен кешиктирмеген жағдайда айма-ай белгиленген график бойынша тийкарғы кредит қарыздарлығын оған есапланғанпайызлери менен төлеў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 3.11.-бәндинде қарыздар кредит қарыздарлығын кешиктирген жағдайда, жыллық 21,6% жоқары муғдарында кешиктирген суммағапайызтөлейтуғынлығы көрсетилген. Буннан тысқары даўагер, жуўапкер ҳәм **** жеке кәрханасы орталарында **** жыл 10 февраль күни үш тәреплеме кепиллик шәртнамасы дүзилген. Кепиллик шәртнамасына муўапық, кепил, қарыздар кредит қарыздарлығын сөндирмеген жағдайда қарыздарлықты ҳәм оған есапланғанпайызлерин толығы менен сөндириў миннетлемесин алған. Сондай-**** тәреплер ортасында кредит шәртнамасына **** жыл 9 март күни 1-санлы қосымша келисим дүзилген. Қосымша келисимге муўапық, гиреўге қойылған мүлк сатылған жағдайда, кредит қарыздарлығынпайызлери менен бирге мүддетинен алдын өндириў миннетлемелери белгиленген. ПКниң ****-статьясы ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды ҳәм Жоқарғы хожалық суды Пленумның «Кредит шәртнамаларынан келип шығатуғын мәжбүриятлар орынланыўын тәмийинлеў **** пуқаралық ҳүжжетлеринқолланыўдың айырым мәселелери ****»ғы **** жыл 22 декабрь күнги ****-санлы қарарының 11-бәнтине тийкар, көрсетилгенпайызлар кредит қаржыларының тийисли суммасына ҳәм усы каржылардан пайдаланғанлық ушын пайызлар төленеди деп түсиник берилген. Шәртнама шәртлерин жуўапкер лазым дәрежеде орынламағанлығы себепли, мүддети өткен ****,42 сомпайызқарыздарлығы жүзеге келген. 4 Биринши инстанция суды ис ушын әҳмийетли жағдайларды үйренбестен, даўа талабындағы пайызлар есап-санағынаанықлық киритилместен, даўа арзаны толық қанаатландырып надурыс шешимге келген. Себеби, даўагер тәрепинен судқа усынылған мағлыўматнамаларға қарағанда жуўапкерге кредит **** баслапяғний **** жыл 15 апрель күннен **** жыл 29 июль күнине шекемжәми****,27сом кредит пайызы есапланған. Соннан, **** сомкредит пайызы Нөкис районлар аралық экономикалық судының ****жыл17 январькүнги шешиўши қарары ҳәмусысудтың****1 жыл 6 май күнги шешиўши қарары менен****,17сом кредит пайызыҳәм **** жыл 1 март күнги шешиўши қарары менен **** сом кредит пайызыжәми****,17 сом кредитке есапланған пайызларын өндириў **** қабыл етилген шешиўши қарарлары бүгинги күнде нызамлы күшинде болып, өзгертилмеген ҳәм бийкар етилмеген. Сонлықтан, жуўапкердиң **** жыл 29 июль жағдайына өндириўге қаратылмаған кредитке есапланған пайыз қарыздарлығы ****,7 сомды қурайды. Бул жағдай, **** Республикасы Орайлық **** тәрепинен өткерилген тексериў нәтийжесинде дүзилгенакт пенен тастыйықланады. Соның менен бирге, судлаў коллегиясы жуўапкердиң апелляциялық шағымында келтирилген ўәжлери менен келисе алмайды. Себеби,Палата ўәкиллери биринши суд мәжилисине келмегенлиги, даўа арза **** жеке кәрханасына жиберилмегенлиги, даўагер исбилерменлик субъекти емеслигин сол себепли Палата ағзасы бола алмайтуғылығы, биринши инстанция судының исти көриў мүддети бир айдан өтип көрилгенлигибиринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар тийкар болмайды. Сондай-****, үшинши шахс **** жеке кәрханасы биринши инстанция судының **** жыл 21 август күнги уйғарыўы менен даўа предметине ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс сыпатындатартылған болып, суд мәжилиси өткерилетуғын **** ҳәм орны ****тийисли тәртипте хабардар қылынғанлығыистеги хүжжетлер менен тастыйықланады. Буннан тысқары, ис биринши инстанция судында көрилиўи даўамында даўа мүддетин қоллаў **** арза жуўапкер тәрепинен аўызеки яки жазба түрде берилмеген. ЭПК ****-статьясының 3-бәнтине муўапық, апелляция инстанциясы суды апелляциялық шағымды (протестти) көриў нәтийжелери бойынша шешиўши қарарды өзгертиўге ****. ЭПК ****-статьясының биринши бөлими 1-бǝнтине муўапық, ис ушын ǝҳмийетли жағдайлардыӊ толық анықланбағанлығы биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертиў яки бийкар етиў ушын тийкар болады. ЭПК ****-статьясыныӊ биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Баян етилгенлерден келип шығып,судлаў коллегиясы биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгертиўди,“****,42 сом пайыз”деген сөзлер “****,7 сомпайыз” деп өзгертиўди, апелляциялық шағымды қысман қанаатландырыўды, суд қәрежетлерин қайта бөлистириўди, жуўапкерден 5 республика бюджетине ****,1 сом мәмлекетлик ****, даўагерден республика бюджетине ****,9 сом мәмлекетлик ****, даўагерден жуўапкер пайдасына ****,45 соммәмлекетлик ****өндириўди, жуўапкердиңапелляциялық шағым ушын төлеген**** сом почта қәрежетин оның мойнында қалдырыўды лазым табады. ЭПК ****-статьясының биринши бөлимине муўапық,исти көриў **** мәмлекетлик органның яки басқа органның, юридикалық шахстың, лаўазымлы шахстың яки пуқараның искерлигинде нызамшылық ҳүжжетлери бузылғанлығы анықланған жағдайда, олардың исте қатнасыўына қарамастан, суд айрықша уйғарыў шығарыўға ****. Усы статьяның екинши бөлимине муўапық,суд тийисли органнан яки лаўазымлы шахстан нызамшылық ҳүжжетлериниң бузылыўында айыпдар болған шахсларды жуўапкершиликке тартыў мәселени өзлериниң ўәкиллигине муўапық көрип шығыўды талап етиўи мүмкин. Усы статьяның үшинши бөлимине муўапық,айрықша уйғарыў тийисли мәмлекетлик органларға ҳәм басқа органларға, юридикалық шахсларға, лаўазымлы шахсларға, пуқараларға жибериледи, олар көрилген шаралар туўрысында бир айлық мүддетте судқа хабар қылыўы шәрт. Судлаў коллегиясы, исти көриў барысында даўа арза талабы қысман тийкарлы екенлиги ϴзбекстан Республикасы Орайлық **** **** Республикасы бас басқармасы қәнигеси тәрепинен анықланғанлығы, даўагер тәрепинен даўа талабын тастыйықлаўшы надурыс мағлыўматларды усынған жағдайларын итибарсыз қалдырыўға болмайды деп есаплап, ис бойынша Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий ******** Республикасы бас басқармасы жуўапкершиликли хызметкерлерине айрықша уйғарыў шығарыўды лазым табады. Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****,****,****-статьяларын қоллап, ревизия инстанциясы суды қ а р а р е т т и: Нөкис районлар аралық экономикалық судының ****5 жыл 29 август күнги шешиўши қарары өзгертилсин. Шешиўши қарарындағы **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий **** пайдасына ****,42 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы” деген сөзлер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий **** пайдасына ****,7 сом мүддети өткен пайыз қарыздарлығы” деп өзгертилсин. Суд қәрежетлери қайта бөлистирилсин. Жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика бюджетине ****,1 сом мәмлекетлик ****өндирилсин. Даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий **** ****,9 сом мәмлекетлик **** өндирилсин. 6 Даўагер Өзбекстан Республикасы СЭИ Миллий **** жуўапкер **** жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына ****,45 сом мәмлекетлик **** өндирилсин. Шешиўши қарарының қалған бөлеги өзгериссиз қалдырылсын. Апелляциялық шағым қысман қанаатландырылсын. Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин. Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди. Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ****. Басшылық етиўши: **** ағзалары: **** ****