← Назад
Решение #2847924 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2174-санлы ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Судья С.Ниязов
2025-жыл 13-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, даўагер
ўәкили *** (2025-жыл 3-ноябрь күнги 2174-санлы исеним хат тийкарында)тың
қатнасыўында, ***ның даўагер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң
мәпинде жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер
пайдасына 43 176 380 сом тийкарғы қарызын, 15 543 380 сом пеня өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжлисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы ҚЛ А Д Ы:
*** (буннан кейин текстте Палата деп жүритиледи) даўагер "***"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте
жуўапкер деп жүритиледи)нен даўагер пайдасына 43 176 380 сом тийкарғы
қарызын, 15 543 380 сом пеня өндириўди сораған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде жуўапкер тәреп пенен ортасында
шәртнама дүзилгенлигин, шәртнамаға муўапық кафель ҳәм клей өнимлери
сатылғанлығын ҳәм жуўапкер қабыл етип алғанлығын, бирақ усы күнге шекем
төлем әмелге асырылмағанлығын билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды
сорады.
Палата, жуўапкер тийисли тәртипте хабардар етилген болыўына
қарамастан суд мәжилисине келмеди. Палата өз даўа арзасында исти өз
ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди сораған.
Сонлықтан, суд Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық
кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар исти Палата, жуўапкер ўәкилиниң қатнасыўысыз көриўди мақул табады.
Суд исте қатнасыўшы шахс ўәкилиниң түсиндирмелерин тыңлап ҳәм
ис бойынша топланған ҳүжжетлерге ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге
тийкар даўа арзаны қысман қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК)ниң
8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў
нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип
шығады.
ПК 386-статьясының биринши бөлимине тийкар алды-сатты шәртнамасы
бойынша бир тәреп (сатыўшы) товарды басқа тәреп (сатып алыўшы)ке мүлк
қылып тапсырыў миннетлемесин, сатып алыўшы болса товарды қабыл етиў ҳәм
оның ушын белгиленген пул суммасы (баҳасы)н төлеў миннетлемесин алады.
ПК 421-статьясының биринши бөлимине тийкар алды-сатты
шәртнамасында товар ҳақысын ол сатыўшыға тапсырылғаннан соң мәлим ўақыт
өткен соң төлеў (товарды несийеге сатыў) нәзерде тутылған ҳалларда сатып
алыўшы товар ҳақысын шәртнамада көрсетилген мүддетте, егер шәртнамада
2
бундай мүддет нәзерде тутылған болмаса, усы Кодекстиң 242-статьясына
муўапық белгиленген мүддетте төлеўи лазым.
ПКниң 236-статьясына муўапық миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанда ис қатнасықлары яки әдеттеги қойылатуғын басқа талапларға
муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, бул даўа тәреплер ортасында 2025-жыл 11июль күни дүзилген 85-санлы алды-сатты шәртнамасынан келип шығып,
шәртнаманың 1.1-бөлимине муўапық, даўагер тәрепинен жуўапкерге баҳасы
жәми 43 176 380 сомлық кафель ҳәм клей өнимлери сатылған, жуўапкер болса
төлемлерди әмелге асырмаған. Бул истеги шәртнама, есапбет-фактура,
талапнама, салыстырма акт, қарызды тән алыў хаты ҳәм суд мәжилисиндеги
тәреп ўәкилиниң түсиндирмелери менен тастыйықланады.
Шәртнаманың 3.2-бәнтине көре, қарыйдар өнимниң баҳасын 100 процент
алдын ала төлеўи лазым.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге жиберилген 2025-жыл 24-сентябрь күнги
талапнама жуўапсыз қалдырылған, төлем әмелге асырылмаған.
Бул жағдайда, даўагердиң жуўапкерден 43 176 380 сом қарызын өндириў
талабы тийкарлы есапланады.
ПКниӊ 333-статьясының биринши бөлимине муўапық, қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламағанлығы яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги “Хожалық
жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый базасы
ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири шәртнама
миннетлемелерин орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған жағдайда
екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп бериўи
белгиленген.
Шәртнаманыӊ 4.1-бәнтине муўапық, қарыйдар сатыўшыға төлемлер
кешиктирилген ҳәр бир күн ушын кешиктирилген төлемниң 0,4 % муғдарында,
бирақ кешиктирилген төлем баҳасының 50 пайызынан аспаған ҳалда пеня
төлейди.
Даўагер тәрепинен жуўапкерге кешиктирилген төлем суммасына жәми
15 543 380 сом пеня есаплап өндириў соралған.
Суд, жуўапкер тәрепинен төлем кешиктирилгенлиги себепли даўагер
пайдасына 15 543 380 сом пеня өндириў талабын тийкарлы деп есаплайды.
ПКниң 326-статьясына муўапық, егер төлениўи лазым болған неустойка
кредитордың миннетлемесин бузыў ақыбетлерине сәйкес емеслиги көринип
турса, суд неустойканы кемейтиўге ҳақылы. Бунда қарыздар миннетлемени қай
дәрежеде орынлағанлығы, миннетлемеде қатнасып атырған тәреплердиң мүлкий
аҳўалы, сондай-ақ кредитордың мәплери итибарға алыныўы керек.
Суд айрықша жағдайларда қарыздар ҳәм кредитордың мәплерин есапқа
алып, кредиторға төлениўи лазым болған неустойканы кемейтиў ҳуқықына ийе.
Өзбекстан Республикасы Жокары хожалық суды Пленумының 2007-жыл
15-июнь күнги 163-санлы «Миннетлемелерди орынламағанлығы яки лазым
3
дәрежеде орынламағанлығы ушын мүлкий жуўапкершилик туўрысындағы
пуқаралық нызам ҳүжжетлерин қоллаўдың айырым мәселелери ҳаққында»ғы
Қарарының 4-бәнтинде, пуқаралық кодексиниң 326-статьясына муўапық суд
қарыздар тәрепинен миннетлемелердиң орынлаў дәрежесин, миннетлемеде
қатнасыўшы тәреплердиң мүлкий аўҳалын, сондай-ақ кредитордың мәпин
итибарға алып, неустойка муғдарын кемейтиўге ҳақылы екенлиги
түсиндирилген.
Сонлықтан, суд пеняның толық муғдарда өндирилиўи жуўапкердиң
мүлкий аўҳалына кери тәсирин тигизиўин ҳәм кредитор мәплерин итибарға
алып, пеня муғдарын кемейтириўди ҳәм 3 110 000 сом пеня өндириўди мақул
табады.
ЭПКниң 118-статьясының биринши бѳлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
муўапық түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерге көре, суд даўа арзаны қысман қанаатландырыўды,
жуўапкерден даўагер пайдасына 43 176 380 сом тийкарғы қарызын, 3 110 000
сом пеня, төленген 41 200 сом почта қәрежетин ѳндириўди, даўаның қалған
бөлегин қанаатландырыўсыз қалдырыўды, жуўапкерден республика бюджетине
1 174 396 сом мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза қысман қанаатландырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен даўагер "***"
жуўапкершилиги шекленген жәмийети пайдасына 43 176 380 сом тийкарғы
қарызы, 3 110 000 сом пеня, 41 200 сом почта қәрежети ѳндирилсин.
Даўаның қалған бөлеги қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Жуўапкер "***" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен республика
бюджетине 1 174 396 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп қарар үстинен ол қабыл етилген күннен
баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов