← Назад
Решение #2847943 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2402/1804-санлы ис
Исти биринши инстанция судында
көрген судья Б.Баймуратов
Кассация инстанциясында
баянатшы судья – Г.Зарипова
ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ СУДЫНЫҢ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕРИ БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
КАССАЦИЯ ИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
2025 жыл 13 ноябрь
Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық ислер бойынша
судлаў коллегиясы судья Г.Зарипованың басшылығында, коллегия ағзалары
У.Сабиров ҳәм А.Аяповлардан ибарат қурамда, А.Ажибековтың хаткерлигинде,
арза бериўши ўәкили Б.Т (2025 жыл 28 октябрь күнги 3391-санлы исеним хат
тийкарында), жуўапкер фх баслығы П.И, ўәкили-адвокат Н.А (2024 жыл 25
сентябрьдеги 9-санлы ордер тийкарында), үшинши шахс Хожели районы Аўыл
хожалығы
бөлиминиң
ўәкили
А.С
(2025
жыл
30 октябрь күнги 02/02-255-санлы исеним хат тийкарында), Хожели районы
ҳәкимлигиниң ўәкили Р.С (2025 жыл 4 март күнги 701-03/01-санлы исеним хат
тийкарында) қатнасыўында, арза бериўши Суў хожалығы министрлиги
қасындағы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды
бақлаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жуўапкер
“БББ” фермер хожалығына 25 948 800 сом жәрийма қоллаўды ҳәм өндириўди
сораған арзасы бойынша жүритилген ис жүзесинен шығарылған Нөкис районлар
аралық экономикалық судының 2024 жыл 20 ноябрьдеги шешиўши қарарына
жуўапкер “БББ” фермер хожалығының берген кассациялық шағымын ис
ҳүжжетлери менен бирге Қарақалпақстан Республикасы судының имаратында
ашық суд мәжилисинде кѳрип шығып, тѳмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Суў хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы объектлери
қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды бақлаў инспекциясы Қарақалпақстан
Республикасы басқармасы (буннан кейин текстте арза бериўши деп
жүргизиледи)ның 2024 жыл 19 июльдеги 612-ur-санлы буйрығына тийкар 2024
жыл 22 июльден 31 июльге шекем “БББ” фермер хожалығы (буннан кейин
текстте жуўапкер деп жүргизиледи) тәрепинен суўдан пайдаланыў қағыйдалары
үйренилген.
Үйрениўде жуўапкер салы егинин егиўге рухсат берилмегенлигине
қарамастан 6 гектар жер майданына салы егинин егип, Өзбекстан Республикасы
Министрлер Кабинетиниң 2013 жыл 19 марттағы 82-санлы қарары менен
тастыйықланған “Өзбекстан Республикасында суўдан пайдаланыў ҳәм суў
тутыныўы ҳаққында”ғы Режениң 51-бәнтиниң талапларына қайшы рәўиште 25
440м.3 суўдан ѳзбасымшалық пенен пайдаланғанлығы анықланған. Тексериў
нәтийжеси менен 2024 жыл 29 июльде акт дүзилген.
Буннан алдын жуўапкерде өткерилген тексериўде жуўапкер 2024 жыл
6 март күни өзине тийисли СНП 500/10 насос агрегаты арқалы 2 саат даўамында
2
талон алмастан өзбасымшалық пенен 3600м.3 суўдан пайдаланғанлығы
анықланып, 2024 жыл 14 мартта акт дүзилген.
Жуўапкер тәрепинен бир жыл даўамында суўдан пайдаланыў ҳәм суў
тутыныўы тәртиби тәкраран бузылғанлығы себепли есапланған 25 440м.3 суў
ушын есапланған 2 594 880 сом жәрийма санкциясының он есеси муғдарында
25 948 800 сом жәрийма есапланған.
Жуўапкер есапланған жәрийманы төлемегенлиги себепли арза бериўши
судқа арза менен мүрәжат етип жуўапкерге 25 948 800 сом жәрийманы қоллаўды
ҳәм қолланылған жәрийманы өндириўди сораған.
Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 31 октябрь
күнги уйғарыўы менен иске “Su nli” ирригация дизими басқармасы, Хожели
районы “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мекемеси, Хожели районы
Аўыл хожалығы бөлими даўаның предметине ғәрезсиз талаплар менен арз
қылмайтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған.
Судтың 2024 жыл 20 ноябрь күнги уйғарыўы менен арза бериўшиниң
арзадағы жуўапкер тәрепинен 4 гектар салы егип 16960 м.3 суў алғанлығы
ҳаққындағы тийкарын 6 гектар салы ҳәм 25 440 м.3 деп өзгертиўди сораған
арзасы өндириске қабылланған.
Биринши инстанция судының 2024 жыл 20 ноябрь күнги шешиўши қарары
менен арза қанаатландырылған.
Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы кассация инстанциясы судының 2025 жыл 3 апрель күнги қарары
менен биринши инстанциясы судының қарары өзгериссиз қалдырылған.
Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы ревизия инстанциясы судының 2025 жыл 10 июнь күнги қарарына
тийкар биринши ҳәм кассация инстанциясы судларының қарарлары өзгериссиз
қалдырылған.
Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының экономикалық ислер
бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясы судының 2025 жыл
30 сентябрь күнги қарарына тийкар кассация ҳәм ревизия инстанция судларының
қарарлары бийкар етилип, ис жаңадан кассация инстанциясы судында көриў
ушын Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясына жиберилген.
Қарақалпақстан Республикасы суды экономикалық ислер бойынша судлаў
коллегиясы кассация инстанциясының 2025 жыл 30 октябрь күнги уйғарыўына
тийкар исти биринши инстанция судында ис жүргизиў қағыйдалары бойынша
көриўге өтилген ҳәм иске Хожели районы ҳәкимлиги даўаның предметине
ғәрезсиз талап билдирмейтуғын үшинши шахс сыпатында тартылған.
Суд мәжлисинде жуўапкер ФХ баслығы ҳәм ўәкили кассациялық
шағымында келтирген ўәжлерин қоллап-қуўатлап, тексериў өткерилмегенлигин,
түсиник хатын инспекцияның имаратында жазғанлығын, салы егинин
еккенлигин, бирақ суўдан пайдаланыў ушын талапнама бергенлигин, 2024 жыл
июль айының биринши декасында суў алыў ушын берген талапнамасында салы
егинин басқа егин деп көрсеткенлигин, суў өлшегиш үскенеси
орнатылғанлығын, бирақ тексериўши бул үскенени итибарға алмағанлығын,
3
кейиншелик салы егинин мәжбүрий буздыртып таслағанлығын билдирип,
кассациялық шағымын қанаатландырыўды сорады.
Арза бериўши ўәкили кассациялық шағымда келтирилген ўәжлерди
тийкарсыз деп есаплап, шешиўши қарарды өзгериссиз қалдырыўды сорады.
Үшинши шахс Хожели районы Аўыл ҳәм суў хожалығы бөлими ўәкили
2024 жылда салы егинин егиўге тек Мойнақ ҳәм Қоңырат районларына рухсат
етилгенлигин, жуўапкер 2024 жылда егиўи керек болған егинлердиң ишинде
салы егини көрсетилмегенлигин, жуўапкер өзбасымшалық пенен салы егинин
еккенлигин билдирди.
Үшинши шахс Хожели районы ҳәкимлиги ўәкили район ҳәкиминиң
қарарында салы егини көрсетилмегенлигин билдирди.
Үшинши шахслар “Su nli” ирригация дизими басқармасы, Хожели районы
“Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мекемеси суд мәжлисиниң ўақты
ҳәм орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылып шақыртылғанлығына
қарамастан суд мәжлисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (кейинги
орынларда - ЭПК деп жүргизиледи)ниң 297-статьясының төртинши бөлимине
муўапық, кассация инстанция судының суд мәжилисине суд долалаўын өткериў
ўақты ҳәм орны ҳаққында тийисли тәризде хабардар қылынған, кассациялық
шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа шахслардың
келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық қылмайды.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы исти усы үшинши шахслардың
қатнасыўысыз қараўды лазым тапты.
Кассация инстанциясы суды исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң
түсиниклерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди көрип шығып, төмендегилерге
тийкарланып биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар етип,
арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыў ҳаққында жаңа қарар қабыллаўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023 жыл
27 сентябрьдеги 500-санлы қарары менен тастыйықланған “Өзбекстан
Республикасы Суў хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы
объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы
ҳаққында”ы Реже (буннан кейин текстте Реже деп жүргизиледи)ниң 2-бәнтине
муўапық инспекция Өзбекстан Республикасындағы ең әҳмийетли гидротехника
қурылмаларының қәўипсизлиги ҳәмде жер үсти суўлары объектлеринде суўдың
ақылға уғрас басқарылыўын, суўдан пайдаланыў ҳәм суў тутыныўы
қағыйдаларын қадағалаўшы орган болып есапланады.
Режениң 16-бәнти он екинши хатбасысына көре, аймақлық
басқармалардың тийкарғы функцияларының бири суўдан пайдаланыў ҳәм суў
тутыныўы бойынша белгиленген тәртипке суў хожалығы шөлкемлери ҳәм басқа
суўдан пайдаланыўшылар, сондай-ақ, фермер ҳәм дийхан хожалықлары ҳәм
басқа суў тутыныўшылары тәрепинен қатаң әмел қылыўын бақлаў болып
табылады.
Тексериў дәстүриниң 2-бәнтиниң сегизинши хатбасысында тексериўшиге
суў алыўға рухсат етилмеген орынлардан суўдан рухсатсыз, өзбасымшалық
4
пенен алған жағдайын үйрениў ўазыйпасы жүклетилген.
Бирақ, арза бериўши тәрепинен бул жағдайлар үйренилмеген. Тексериўши
тәрепинен жуўапкердиң салы егинин еккен жер майданларына барылмаған,
ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған яки болмағанлығы ҳәм оның исленгенлиги
факти анықланбаған, тексериў акти тек ғана суў жеткерип бериў хызметиниң
берген мағлыўматына тийкар рәсмийлестирилген.
ЭПКниң 221-статьясының екинши бөлимине муўапық, суд ҳуқықый тәсир
шарасын қоллаў ҳаққындағы ис көрип шығылып атырғанда суд мәжилисинде:
ҳуқықбузарлық ҳәдийсеси болған-болмағанлығын ҳәм оның исленгенлиги
фактин, тексериў ушын ҳәм тексериў нәтийжлери бойынша акт яки басқа ҳүжжет
дүзиў ушын тийкарлар ҳәм қадағалаўшы органның ўәкилликлери бар-жоқлығын,
усы ҳуқықбузарлықты ислегенлик ушын нызамшылықта жуўапкершилик
нәзерде тутылған-тутылмағанлығын ҳәм ҳуқықый тәсир шарасын қоллаў ушын
тийкарлар бар-жоқлығын анықлайды.
Қарар истиң жағдайлары ҳаққындағы болжаўларға тийкарланған болыўы
мүмкин емес.
Биринши инстанция суды бул жағдайларды толық анықламастан, арзаны
қанаатландырыў ҳаққында надурыс шешимге келген.
ЭПКниң 301-статьясының биринши бөлиминиң 2-бәнтине муўапық,
кассация инстанция суды кассациялық шағымды (протестин) көриў нәтийжелери
бойынша шешиўши қарарын толық яки қысман бийкар етиўге ҳәм жаңа қарар
қабыл қылыўға ҳақылы.
ЭПКниң 302-статьясының биринши бөлимине муўапық ис ушын
әҳмийетли жағдайлардың толық анықланбағанлығы, суд анықланған деп
есаплаған, ис ушын әҳмийетли болған жағдайлардың тастыйықланбағанлығы,
шешиўши қарарда баян қылынған жуўмақлардың истиң жағдайларына муўапық
емеслиги, материаллық ҳәм (яки) процессуаллық ҳуқық нормаларының
бузылғанлығы ямаса надурыс қолланылғанлығы биринши инстанциясы
судының шешиўши қарарын өзгертиў яки бийкар қылыў ушын тийкар болады.
Жоқарыдағыларға тийкар, судлаў коллегиясы шешиўши қарарды бийкар
етип, жаңа қарар қабыллаўды, арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды,
кассациялық шағымды қанаатландырыўды лазым табады.
ЭПКниң 118-статьясы жетинши бөлимине тийкар мәмлекетлик бажы
төлеўден азат етилген мәмлекетлик органлары ҳәм басқа шахслар тәрепинен
юридик шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп берген даўа таллаплары
қанаатландырыўсыз қалдырылған яки олар қысман қанаатландырылған
жағдайда, мәмлекетлик бажы мәплери гөзленип даўа берилген шахслардан даўа
талапларының қанаатландырыўсыз қалдырылған бөлегине тең рәўиште
өндириледи.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы жуўапкердиң кассациялық, ревизиялық
шағымлар бериўде ҳәр бир инстанция судларына 259 488 сомнан төлеген жәми
778 464 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 37 500 сомнан төлеген жәми 112 500 сом
почта қәрежетин өндириўди, арза бериўшиден Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы судының депозит есабына Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының
экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы ревизия инстанциясында исти
5
видеоконференция байланыс режиминде көриў менен байланыслы 103 000 сом
суд қәрежетин өндириўди лазым табады.
Усы жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118,301,303- статьяларын қоллап,
кассация инстанция суды
қ а р а р е т т и:
Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2024 жыл 20 ноябрь күнги
шешиўши қарары бийкар етилсин, жаңа қарар қабыллансын.
Арза бериўши Суў хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы
объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасының арзасы қанаатландырыўсыз
қалдырылсын.
Кассациялық шағым қанаатландырылсын.
Арза бериўши Суў хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы
объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан жуўапкер “БББ” фермер
хожалығының пайдасына 778 464 сом мәмлекетлик бажы ҳәм 112 500 сом почта
қәрежети өндирилсин.
Арза бериўши Суў хожалығы министрлиги қасындағы Суў хожалығы
объектлери қәўипсизлигин ҳәм суўдан пайдаланыўды қадағалаў инспекциясы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасынан Өзбекстан Республикасы
Жоқарғы судының депозит есабына 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин.
Қарарға тийкар орынлаў хатлар берилсин.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен Қарақалпақстан Республикасы судына
ревизия тәртибинде шағым етиўге (протест келтириўге) ҳақылы.
Басшылық етиўши:
Г.Зарипова
ағзалары:
У.Сабиров
А.Аяпов