← Назад
Решение #2848428 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
****501/****-санлы экономикалық ис
Биринши инстанцияда исти
көрген судья–****
Апелляция инстанциясында
баянатшы судья-****
**** **** СУДЫ
ЭКОНОМИКАЛЫҚ ИСЛЕР БОЙЫНША СУДЛАЎ КОЛЛЕГИЯСЫ
КАССАЦИЯИНСТАНЦИЯСЫНЫҢ
ҚАРАРЫ
Нөкис қаласы
**** 5 жыл 12 ноябрь
**** судының экономикалық ислер бойынша судлаў коллегиясы судья
****ның басшылығында, коллегия ағзалары **** ҳәм **** ибарат қурамда,
судья аға жәрдемшиси ****ң хаткерлигинде,**** Республикасы прокуратурасы
бөлим прокурори ****, даўагер ўәкили– жәмийет баслығы****, ўәкили - адвокат
**** (**** жыл 26 июль күнги ордер тийкарында), жуўапкер ўәкили – **** (****
жыл 30 октябрь күнги исеним хат тийкарында),қосымша жуўапкер **** районы
әдиллик бөлими Юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы ****(**** жыл
29
октябрь
күнги
****-санлы
исеним
хат
тийкарында)лардың
қатнасыўында,даўагер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң
жуўапкер **** районы медициналық бирлеспеси, қосымша жуўапкер ****
районы әдиллик бөлимине қарата даўагер ҳәм жуўапкер ортасында **** жыл
10 февраль күни дүзилген аутсорсинг хызмети бойынша 1-санлы шәртнамаға
муўапық рәсмийлестирилген 1-санлы қосымша келисимди **** деп табыўды
сораған даўа арзасы бойынша қабыл етилген **** районлар аралық
экономикалық судының ****5 жыл 26 августкүнги шешиўши қарарына даўагер
"****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң берген кассациялық шағымын
ис ҳүжжетлери менен бирге **** Республикасы судының имәратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
Даўагер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин
текстте даўагер деп жүритиледи) жуўапкер **** районы медициналық
бирлеспеси (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи), қосымша
жуўапкер **** районы әдиллик бөлимине қарата экономикалық судқа даўа арза
менен мүрәжат етип, даўагер ҳәм жуўапкер ортасында **** жыл 10 февраль күни
дүзилген аутсорсинг хызмети бойынша 1-санлы шәртнамаға муўапық
рәсмийлестирилген 1-санлы қосымша келисимди **** деп табыўды сораған.
**** районлар аралық экономикалық судының****5 жыл 4 август күнги
уйғарыўы менен**** Республикасы Әдиллик министрлиги қосымша жуўапкер
сыпатында, **** Республикасы Экономика ҳәм финанс министрлиги, ****
Республикасы Ғазнашылық хызмети басқармасы (буннан кейин текстте үшинши
шахслардеп жүритиледи) даўа предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз
етпейтуғын үшинши шахс сыпатында искетартылған.
Биринши инстанциясудының ****5 жыл 26 август күнги шешиўши қарары
менен даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылып, даўагерден Республика
бюджетине **** сом мәмлекетлик ****өндириў белгиленген,даўаның****
районы әдиллик бөлимине қарата бөлеги өндиристен қысқартылған.
Даўагер шешиўши қарарға наразы болып кассация тәртибинде шағым
берген. Кассациялық шағымында биринши инстанция суды келтирген ўәжлерин
толық көрип шықпағанлығын,**** жыл 10 февраль күни 1-санлы аутсорсинг
хызмети бойынша шәртнама дүзилип, усы шәртнамаға **** жыл 26 апрель күни,
**** жыл 12 сентябрь күни, **** жыл 30 январь күни ҳәм **** жыл 14 май
күнлери қосымша келисимлер дүзилип, оларға **** районы әдиллик бөлими
тәрепинен нызамға муўапықлығы бойынша **** берилип, жуўапкер тәрепинен
даўагерге усы шәртнама ҳәм қосымша келисимлер әмелде болған дәўирде усы
шәртнама ҳәм қосымша келисимлерге тийкарланып ****-жыллар даўамында
хызмет көрсетип келингенлигин, шәртнаманың әмел етиўи **** жыл 31
декабрьде тамамланып, **** жыл 10 февраль күнги 1-санлы шәртнамаға
қосымша келисим жойбары таярланып, юридикалық **** алыў ушын ****
районы әдиллик бөлимине жолланғанлығын,**** районы әдиллик бөлими
тәрепинен қосымша келисим нызамға муўапық емеслиги бойынша ****
берилгенлигин, Министрлер Кабинетиниң қарарына тийкар тәреплердиң
келисимине көре шәртнама мүддетинәўбеттеги календар жыл ушын
узайтырылыўы мүмкинлигин көрсетип, биринши инстанция судының шешиўши
қарарын бийкар етиўди ҳәм даўа талабын қанаатландырыўды сораған.
Суд мәжилисинде қатнасқандаўагер жәмийет баслығы кассация шағымында
келтирилген ўәжлерин тәкирарлап,жуўапкер менен орталарында ****-жыл 10февраль күни аутсорсинг хызмети бойынша 1-санлы шәртнама дүзилгенлигин,
****-жыллар даўамында **** млн.сом инвестиция киритилгенлигин,
нызамшылыққа көре шәртнама мүддети узайтырылыўы мүмкинлигин, басқа
медицина мәкемелери менен машқаласыз ҳәр жылы қосымша келисим менен
шәртнама мүддети созылып 2 киятырғанлығын, тек **** районы әдиллик
бөлими нызамсыз түрде қосымша келисим дүзилиўине тосқынлық етип
отырғанлығын, жуўапкер болса қосымша келисим дүзилиўине, оған унамлы
**** берилиўине ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўине қарсылық етип
атырмағанлығын, буған Әдиллик бөлими қарсылық етип атырғанлығын, сол
себепли қосымша келисим тек жойбар сыпатында имзаланбай турғанлығын,
соған
қарамастан
жуўапкерге
хызмет
көрсетилип
атырғанлығын
билдирипбилдирип, биринши инстанция судының шешиўши қарарын бийкар
етип, даўа арзаны қанаатландырып жуўапкерден жеткизилген зыянларды
өндириў **** қарар қабыл етиўди сорады.
Даўагер ўәкили адвокат****суд мәжилисинде, биринши инстанция
судының қарарына наразы екенлигин,себеби қосымша келисим тәреплер
ортасында имзаланбағанлығы яғный шәртлер орынланбаған ҳалда дүзилгенлиги
ол нотариал тастыйқлаў талап етилетуғын питимге **** деп табыў мүмкин деп
судтың шешиўши қарарында көрсетилгенлигин, қосымша келисим жойбары
районлық Медицина бирлеспеси тәрепинен хуқықый экспертиза алыў **** ****
районы юридикалық бөлимине юридикалық система арқалы жиберилгенлигин,
бул жойбарды көриўден бас тартылғанлығын, тәреплер ортасында шәртнама
имзаланбағанлығы белгиленгенлигин, шәртнама ПҚ-**** бойынша шәртнама
жойбары бул **** юридикалық**** алғаннан кейин еки тәреп қол
коятуғынлығын, биринши нәўбетте жойбары жиберилип, ол ****
2
қанаатландырарлы болғаннан кейин еки тәреп қол қойыўға ўәкиллиги
болатуғынлығын, ҳәзирги дәўирде қосымша келисим тийкарында медицина
бирлеспесине хызмет көрсетилип атырғанлығын, яғный шәртнама шәртлери
толық орынланып атырғанлығын, қосымша келисим экспертизадан өтпегенлиги
себепли күшинде емесекенлигин билдирип, биринши инстанция судының
шешиўши қарарын бийкар етиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқанжуўапкер **** районлық медицина бирлеспеси
ўәкили ****,**** районлық медицина бирлеспеси усыдаўагермененортасында
дүзилгеншәртнама юридикалық хызметлер бөлиминен тастыйқланбағанлығы
себепли пул өткериў имканияты болмай атырғанлығын, б****бирлеспеге
даўагер**** жылдан берли хызмет көрсетип киятырғанлығын билдирип,
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан қосымша жуўапкер ўәкили **** районы
әдиллик бөлими Юридикалық хызмет көрсетиў орайы баслығы ****, биринши
инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз, кассациялық шағымды
қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Прокурор суд мәжилисинде кассациялық шағымды қанаатландырыўсыз
қалдырып, биринши инстанция судының шешиўши қарарын өзгериссиз
қалдырыўды сорады.
Үшинши шахсларсуд мәжилисиниң **** ҳәм орны **** тийисли тәртипте
хабарландырылғанлығына қарамастан суд мәжилисине қатнаспады.
****, судқа илтимаснама менен мүрәжат етип, суд мәжилисин өзлериниң
ўәкиллериниң қатнасыўсыз көрип шығыўды сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси (буннан
кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң ****-статьясының төртинши
бөлимине муўапық, кассация инстанция судының суд мәжилисине суд
долалаўын өткериў **** ҳәм орны **** тийисли тәризде хабардар қылынған,
кассациялық шағымын (протестти) берген шахстың ҳәм исте қатнасыўшы басқа
шахслардың келмегенлиги исти олардың қатнасыўысыз көриўге тосқынлық
қылмайды.
Сонлықтан, судлаў коллегиясы истиүшинши шахсўәкиллериниң
қатнасыўысыз қараўды лазым тапты.
Судлаў коллегиясыисте қатнасыўшы шахсларҳәм прокурордыңпикирлерин
тыңлап, ис бойынша топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге
тийкаршешиўши қарарынөзгериссиз қалдырыўды лазым тапты.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер менен жуўапкер орталарында
****жыл 10 февраль күни 1-санлы аутсорсинг хызмети бойынша шәртнама
дүзилип, усы шәртнамаға **** жыл 26 апрель күни, **** жыл 12сентябрь күни,
**** жыл 30 январь күни ҳәм **** жыл 14 май күнлери қосымша келисимлер
дүзилип, оларға **** районы әдиллик бөлими тәрепинен нызамға муўапықлығы
бойынша **** берилип, жуўапкер тәрепинен даўагерге усышәртнама ҳәм
қосымша келисимлер әмелде болған дәўирде усы шәртнама ҳәм қосымша
келисимлерге тийкарланып **** жыллар даўамында хызмет көрсетип келинген.
Шәртнаманың әмел етиўи **** жыл 31 декабрьде тамамланып, **** жыл
10-февраль күнги 1-санлы шәртнамаға қосымша келисим жойбары таярланып,
3
юридикалық **** алыў ушын **** районы әдиллик бөлимине жолланған.
**** районы әдиллик бөлими тәрепинен **** жыл 29 апрель күни қосымша
келисим нызамға муўапық емеслиги бойынша **** берилген.
Сонлықтан, даўагер қосымша жуўапкер тәрепинен қосымша келисимди
тийкарсыз түрде нызамлы деп **** бермегенлигине наразылығын, елеге шекем
жуўапкерге хызмет көрсетип киятырғанлығын билдирип, Пуқаралық
кодексиниң ****-статьясына тийкар қосымша келисимди **** деп табыўды
сорап судқа даўа арза берген.
Өзбекстан Республикасы Бюджет кодексиниң ****-статьясына көре,
юридикалық миннетлемелер экономикалық классификация кодлары бойынша
бюджеттен **** қаржылар шеңберинде бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет
қаржылары алыўшылар тәрепинен қабыл етиледи және ғазнашылық бөлимлери
тәрепинен дизимнен өткериледи.
Бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары есабынан
орынланыўы керек болған юридикалық миннетлемелер ғазнашылық бөлимлери
тәрепинен есапқа алынады.
Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржыларын алыўшылар юридикалық
миннетлемелер жүзеге келиўин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди ғазнашылық
бөлимлеринде дизимнен өткериў ушын ағымдағы қаржы жылының
25-декабринен кешиктирмей усынады.
Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының товарларды
(жумысларды, хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары
ағымдағы қаржы жылы шеңберинде әмел етиў мүддети менен дүзилиўи керек,
капитал қойылмалар бойынша шәртнамалар ҳәмде нызамшылықта нәзерде
тутылған әмел етиў мүддети бир неше жылды қураўы мүмкин болған жағдайлар
буған кирмейди.Шәртнаманың әмел етиў мүддети тамам болғаннан соң, егер
шәртнаманың әмел етиў мүддетин созыў **** қосымша келисим дүзилмеген
болса, жеткерип бериўши (жумысларды, хызметлерди) жеткерип бериў бойынша
юридикалық миннетлемелерди орынлаў тоқтатылады.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң **** жыл 29 июнь күнги
“Мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлерине юридикалық хызмет көрсетиў
искерлигин және де жетилистириў ис-иләжлары ****”ғы ПҚ-****-санлы
қарарының 6-бәнтинде ҳәм усы қарар менен тастыйықланған “Юридикалық
хызмет көрсетиў орайлары ****”ғы Режениң 12-бәнтинде,юридикалық хызмет
көрсетиў орайлары тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилиўи белгиленген
шөлкемлер тәрепинен Орайлар менен келисилмеген ҳалда юридикалық
әҳмийетке ийе ҳүжжетлер қабыл етилиўине жол қойылмайды ҳәм бул ҳүжжетлер
юридикалық күшке ийе емес ҳәмде олар қабыл етилген **** баслап ҳеш қандай
ҳуқықый **** келтирип шығармайды делинген.
Режениң 14-бәнтине көре, Орай юридикалық хызмет көрсетилетуғын
шөлкемлердиң басшылығына усынылатуғын буйрықлар, бийликлер,
шәртнамалар ҳәм юридикалық характердеги басқа да ҳүжжетлер жойбарларын
олардың нызамшылыққа муўапықлығы бойынша ҳуқықый экспертизадан
өткереди ҳәм олар бойынша пикир-усыныслар болмаса, виза қояды.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң ****-статьясы екинши,
4
үшинши бөлимлерине муўапық, егер тәреплерден бири нотариал
тастыйықланыўы талап етилетуғын питимди толық яки қысман орынлаған болса,
екинши тәреп болса - питимни нотариал рәсмийлестириўден бас тартса, суд
питимди орынлаған тәрептиң талабы бойынша оны **** деп есаплаўға ****.Бул
жағдайда питимди кейиншелик нотариал рәсмийлестириў талап етилмейди.
Егер мәмлекетлик дизимнен өткериў талап етилетуғын питим керекли
формада дүзилген болып, **** тәреплерден бири оны дизимнен өткериўден бас
тартса, суд басқа тәрептиң талабы менен питимди дизимнен өткериў туўрысында
қарар шығарыўға ****.Бундай ҳалда питим суд қарарына муўапық дизимнен
өткериледи.
Даўагер**** деп табыўды сораған қосымша келисимнотариал
тастыйықланыўы талап етилмейтуғынпитим болып есапланады.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң (кейин
ЭПК деп жүритиледи) 68-статьясының биринши бөлимине тийкар, исте
қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабын ҳәм наразылығына тийкар қылып
келтиретуғын жағдайларды дәлиллеўи керек.
Сонлықтан биринши инстанция судыдаўаны қанаатландырыўсыз
қалдырыў****дурыс **** келген.
ЭПК ****-статьясыбиринши бөлиминиң1-бәнтинетийкар,ис экономикалық
судқа, пуқаралық ислери бойынша судқа яки ҳәкимшилик судқа тийисли
болмаса, суд ис жүритиўди қысқартады.
Даўагер тәрепинен даўа арза қосымша жуўапкер **** районы әдиллик
бөлимине қарата да берилген болып, бөлим юридикалық шахс есапланбайды.
Сонлықтан,судлаў коллегиясыбиринши инстанция судытәрепинендаўаның
қосымша жуўапкер **** районы әдиллик бөлимине қарата бѳлегинис
жүритиўден қысқартыў **** дурыс шешимге келгендеп есаплайды.
ЭПКниң****-статьясының
екинши
бөлимине
тийкар,
кассация
инстанциясы суды биринши инстанция судының шешиўши қарарын толық
көлемде тексериўи шәрт.
ЭПКниң****-статьясы биринши бөлиминиң 1-бәнтине тийкар, кассация
инстанциясы суды кассациялық шағымды (протестти) көрип шығыў
нәтийжелери бойынша шешиўши қарарын өзгериссиз қалдырыўға ****.
ЭПКниң ****-статьясыбиринши бөлимине тийкар, суд қәрежетлери исте
қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына
пропорционал түрде олардың мойнына жүкленеди.
Жоқарыда айтылғанлардан келип шығып, судлаў коллегиясы биринши
инстанция
судының
шешиўши
қарарын
өзгериссиз
қалдырыўды,
кассациялықшағымдықанаатландырыўсыз
қалдырыўды,төленгенсуд
қәрежетлериндаўагердиң мойнында қалдырыўды лазым табады.
Усы жоқарыдағыларға тийкарланыпҳәм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң ****, ****, ****-статьяларын
қолланып, судлаў коллегиясы
қ а р а р е т т и:
**** районлар аралық экономикалық судының ****5 жыл 26 август күнги
шешиўши қарары өзгериссиз қалдырылсын.
5
Кассациялық шағым қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Қарар қабыл етилген күннен баслап нызамлы күшине киреди.
Қарарға наразы тәреп қарар үстинен ревизия тәртибинде шағым етиўге
(протест келтириўге) ****.
Басшылық етиўши:
****
коллегия ағзалары:
****
****
6