← Назад
Решение #2848456 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2151-санлы ис
Нөкис қаласы
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Судья С.Ниязов
2025-жыл 11-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде, Нөкис
қаласы прокуроры жәрдемшиси ***, даўагер ўәкили *** (2024-жыл 26-декабрь
күнги 29-20/2314-санлы исеним хат тийкарында), жуўапкер *** ўәкили ***
(2025-жыл 11-ноябрь күнги 40-95964-санлы исеним хат тийкарында)лардың
қатнасыўында, ***ның даўагер “***” акционерлик жәмийетиниң мәпинде
жуўапкерлер *** ҳәм ***на қарата даўагер пайдасына 40 151 300 сом
тийкарғы қарызын, 20 075 650 сом пеня өндириў ҳаққындағы даўа арзасы
бойынша қозғатылған экономикалық исти суд имаратында ашық суд
мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
а н ы қ л а д ы:
*** (буннан кейин текстте *** деп жүритиледи) даўагер “***”
акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте даўагер деп жүритиледи)
мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкерлер ***
ҳәм ***на қарата даўагер пайдасына 40 151 300 сом тийкарғы қарызын, 20
075 650 сом пеня өндириўди сораған.
Судтың 2025-жыл 17-октябрь күнги уйғарыўы менен ***, *** даўа
предметине қарата ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахс
сыпатында иске тартылған.
Даўагер ўәкили суд мәжилисинде даўа арзаны қоллап-қуўатлап, даўа
арзаны қанаатландырыўды сорады.
Жуўапкер *** ўәкили даўаны қысман тән алмаслығын, бухгалтерия
бөлими салық инспекцияларынан басқармаға өткенлигин, лекин ол ўақытта
инспекцияның даўагерден бундай қарызы бар екенлиги бойынша мағлыўмат
тапсырылмағанлығын, пеня төлеўге қарсы екенлигин, қарыздарлықларды
төлеў ушын бюджеттен пул ажыратылса ғана төлеў мүмкиншилиги бар
екенлигин билдирип, нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Суд мәжилисинде қатнасқан прокурор тәреплер орталарындағы
шәртнамалар ғазнашылықтан дизимнен өтпегенлиги себепли бул
шәртнамалар тийкарында қарыз өндириў талабы тийкарсыз екенлиги, даўаны
қанаатландырыўсыз қалдырыў лазымлығы ҳаққында пикир билдирди.
Суд мәжилисиниң ўақты ҳәм орны ҳаққында хабардар етилген жуўапкер
***, үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди.
Сонлықтан, суд исти Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодекси (буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128,
170-статьяларына тийкар жуўапкер, үшинши шахслар ўәкиллери
қатнасыўысыз көриўди лазым тапты.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин,
прокурор пикирин тыңлап ҳәм ис бойынша топланған ҳүжжетлерге
2
ҳуқықый баҳа берип, төмендегилерге тийкар даўа арзаны
қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул тапты.
Ис ҳүжжетлерине қарағанда, тәреплер орталарында 20.11.2013-жыл 36санлы, 04.06.2024-жыл 8-санлы, 21.06.2024-жыл 5-санлы, 18.07.2024-жыл 9санлы, 15.11.2024-жыл 14-санлы, 14.12.2024-жыл 19-санлы алды-сатты
шәртнамалары (буннан кейин текстте Шәртнама деп жүритиледи) дүзилген,
усы шәртнамаларға тийкар даўагер жуўапкерге конверт, марка сатыў, ал
жуўапкер болса ҳақысын төлеў миннетлемесин алған.
Лекин, истеги ***ның 2025-жыл 28-октябрь күнги 01-35-243/31-0133/179-санлы хатына қарағанда, тәреплер орталарындағы шәртнамалар
ғазнашылық бөлиминен дизимнен өтпеген.
Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексиниң 122-статьясы
биринши-үшинши бөлимлерине көре, юридикалық миннетлемелер
экономикалық классификация кодлары бойынша бюджеттен ажыратылатуғын
қаржылар шеңберинде бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары
алыўшылар тәрепинен қабыл етиледи және ғазнашылық бөлимлери тәрепинен
дизимнен өткериледи.
Бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорлары есабынан
орынланыўы керек болған юридикалық миннетлемелер ғазнашылық
бөлимлери тәрепинен есапқа алынады.
Бюджет шөлкемлери ҳәм бюджет қаржылары алыўшыларының
бюджеттен ажыратылатуғын қаржылар бойынша товарларды (жумысларды,
хызметлерди) жеткерип бериўшилер менен дүзген шәртнамалары, сондай-ақ
оларға киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар олар ғазнашылық
бөлимлеринде дизимнен өткерилгеннен кейин күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2007-жыл 28-февральдағы
"Мәмлекетлик бюджеттиң ғазна атқарыў системасын буннан былай да
раўажландырыў ис-иләжлары ҳаққында"ғы ПҚ-594-санлы қарарының 6бәнтинде, бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан товарлар
(жумыслар, хызметлер) жеткерип бериўшилер менен шәртнамалары, сондайақ, буйыртпашылардың бюджет системасы бюджетлери қаржылары есабынан
капитал қурылысқа байланыслы шәртнамалары мәжбүрий тәртипте
Ғазнашылықта дизимнен өткерилиўи шәрт екенлиги ҳәм тек ғана ол әмелге
асырылғаннан кейин күшке кириўи белгиленген.
Өзбекстан Республикасы Жоқары хожалық суды Пленумының 2014жыл 28-ноябрь күнги "Экономикалық судлар тәрепинен питимлерди
ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы пуқаралық нызамшылық нормаларын
қолланыўдың айырым мәселелери ҳаққында"ғы 269-санлы қарарының 11бәнтинде, шәртнама Өзбекстан Республикасының Бюджет кодексиниң 122статьясының үшинши бөлиминде белгиленген тәртипте дизимнен
өткерилмегенлиги шәртнама дүзилмеген деп есапланыўы ҳаққында
түсиндирилген.
3
Бул жағдайда, тәреплер арасында дүзилген шәртнамалар дүзилмеген
деп есапланғанлығы себепли дүзилмеген шәртнамалар тийкарында
қарыздарлықты, пеняны өндириўге тийкар жоқ.
Сонлықтан, суд даўагердиң жуўапкерден Шәртнамаларға тийкар қарыз
ҳәм пеня өндириў талабын тийкарсыз деп есаплайды.
ЭПКниң 118-статьясыныӊ биринши, жетинши бөлимлерине муўапық,
суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа
талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар ҳәм
басқа шахслар тәрепинен юридикалық шахслар ҳәм пуқаралардың мәплерин
гөзлеп усынылған даўа талаплары қанаатландырыўсыз қалдырылған ямаса
олардың бир бөлеги қанаатландырылған жағдайда, мәмлекетлик бажы
мәплерин гөзлеп даўа усынылған шахслардан даўа талапларының
қанаатландырыўсыз қалдырылған бөлегине сәйкес муғдарда өндириледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин өз
мойнында қалдырыўды, даўагерден республика бюджетине 1 204 539 сом
мәмлекетлик бажы өндириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәмде Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
Қ А Р А Р Е Т Т И:
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Даўагер “***” акционерлик жәмийетинен республика бюджетине
1 204 539 сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хат берилсин.
Шешиўши қарарға наразы тәреп усы қарар қабыл етилген күннен баслап
бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына
апелляция тәртибинде арза бериўге, прокурор нызамда белгиленген тәртипте
протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов