Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2503/2159 Дата решения 11.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья ARZIEVA GULMIRA AYNAZAROVNA Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 183a5e53-1d1d-49a6-ae18-49ff7bffedbc Claim ID PDF Hash 73c177497fe0e6bb... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2159-санлы экономикалық ис судья Г.Арзиева Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025 жыл 11 ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева басшылығында, судья жәрдемшиси Қ.Пердебаевтың хаткерлигинде, Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси ўәкиллери **** (2025 жыл 11 ноябрь күнги 126-санлы исеним хат тийкарында) **** (2025 жыл 24 октябрь күнги 118санлы исеним хат тийкарында), тийкарғы даўагер ўәкили хожалық баслығы ****, жуўапкерден баслық **** (2025 жыл 4 март күнги 6-санлы бүйрық тийкарында), ўәкиллери **** (2025 жыл 11 март күнги 03-25/4-санлы исеним хат тийкарында), **** (2025 жыл 20 октябрь күнги 10-25/10-санлы исеним хатлар тийкарында)лардың қатнасыўында, Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси тийкарғы даўагер Хожели районы "****" фермер хожалығының мәпин қорғап, жуўапкер Хожели районы "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен 51 186 200 сом келтирилген зыян ҳәм 41 200 сом почта қәрежетлерин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Қарақалпақстан фермерлер Кеңеси (буннан кейин тестте – Кеңес деп жүритиледи) тийкарғы даўагер районы "****" фермер хожалығы (буннан кейин текстте – даўагер деп жүритиледи)ниң мәпин қорғап, жуўапкер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийети (буннан кейин текстте – жуўапкер деп жүритиледи)нен 51 186 200 сом келтирилген зыян ҳәм 41 200 сом почта қәрежетлерин өндириўди сорап, экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат еткен. Судтың 2025 жыл 17 октябрь ҳәм 31 октябрь күнги уйғарыўлары менен уйғарыўлары менен *****, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайы, даўа предметине шағым етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске тартылған. Суд мәжилисинде Фермерлер кеңеси ўәкили даўаның талабы тийкарлы екенин билдирип, даўаны қанаатландырыўды сорады Суд мәжилисинде даўагер фермер хожалығы баслығы даўаның талабы тийкарлы екенин, себеби истеги ҳүжжетлер менен жуўапкердиң муўапықлық сертификатысыз шигит өнимлерин тарқатқаны тастыйықланатуғынын, бул өз гезегинде шигит өнип шықпай қалыўына себеп болғанын, нәтийжеде жуўапкер тәрепинен рәсмий ҳүжжетлерге бола 51 186 200 сом зыян келтирилгенин, зыян мәселеси жүзесинен бир неше рет жуўапкерге барған болса да, мәселе үнамлы шешилмегени себепли судқа мүрәжат етилгенин билдирип, судтан нызамлы шешим қабыл етиўди сорады. Жуўапкер тәреп даўаның талабы тийкарсыз екени ўәкилликли шахс болған Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайының мағлыўматы менен тастыйықланатуғынын, яғный тарқатылған шигит өнимлерине сертификат 2025 жыл 10 июнь күни берилгенин, жынаят ислери бойынша Хожели районы судының 2025 жыл 12 июнь күнги қарарында ҳуқықбузар **** ҳәкимшилик жәриймасы қолланылғанын, бул қарарда сыпатсыз туқымлық шигит өнимлери тарқатылғаны көрсетилмегенин, жәмийеттиң ҳеш қандай айыбы жоқ деп есаплайтуғынын, себеби тарқатылған шигит өнимлерине сертификат кеш берилгенин, сертификатсыз шигит өнимлери тарқатылғаны ушын жуўапкершилик белгиленбегенин билдирип, даўа талабын қанаатландырмаўды сорады. Үшинши шахслар ўәкиллери суд мәжилисине келмеди. Истиң усы күни көрилетуғынлығы ҳақкында хабарландырылғанлығы почта ҳүжжетлери менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан кейин текстте - ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд үшинши шахслар ўәкиллериниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, исте қатнасыўшы шахсларлардың түсиниклерин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырмаўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. ПК 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы (ҳақыйқый зыян), сондай-ақ, бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай қалған дәраматлары тусиниледи. ПК 985-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген зыян, сондай-ақ, юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым. Даўаның талабы келтирилген зыян өндириў болып табылады. Анықланыўынша, истеги тәреплер ортасында 2025 жыл 26 февраль күни 55690-санлы ҳәм 2025 жыл 9 март күни 74089-санлы фьючерс шәртнамалары дүзилген. Шәртнамаларға көре даўагер жуўапкерге 340 329 600 сомлық, 85 082 400 сомлық пахта шийки затын жеткизип бериў миннетлемелерин алған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Фьючерс шәртнамаларының шәртлерин орынлаў мақсетинде даўагер жуўапкерден 2025-жыл апрель май айларында жәми 550 кг болған С-4727сортлы R2 әўлады туқымлық шигит, 1 320 кг болған Султан сортлы R2 әўлады туқымлық шигит жәми 1 870 кг өнимлерин алғаны товар-транспорт жүк хаты менен тастыйықланады. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Хожели районы бөлими тәрепинен өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде, истеги даўагердиң пахта майданларына 2025-жыл апрель май айларында егилген шигит өнимлеринен қысман өнгенлиги анықланғаны бойынша 2025 жыл 22 май күни акт дүзилген. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Хожели районы бөлими хызметкери ****, жуўапкер **** қатнасында 2025 жыл 22 май күни дүзилген акт мазмунында, “****” ЖШЖнен жуўапкерге келтирилген С-4727-сортлы R2 әўладының 550 кг туқымлық шигит партиясының муўапықлық сертификаты болмаған туқымлық шигитлери фермерлерге тарқатылғаны анықланған. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 1042-статьясы биринши бөлимине көре, аўыл хожалық өнимлерин ҳәм туқымлықларды қабыллаў, саклаў қайта ислеў ҳәмде олардан пайдаланыў тәртибин, сондай-ақ, агросаноат комплекси тараўында технологиялық процесслер талапларын бузыў - базалық есаплаў муғдарының он бес барабарынан жигирма барабары муғдарында жәрийма салыўға себеп болады. Сертификаты болмаған туқымлық шигит өнимлери фермерлерге тарқатылған жағдайы бойынша жынаят ислери бойынша Хожели районы судының 2025 жыл 12 июнь күнги 3-2307-2502/779(3-2307-2502/749)-санлы қарары менен истеги жуўапкер "****" жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы - ҳуқықбузар ****қа Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 74-статьясы екинши ҳәм 1042-статьясы биринши бөлимлерине тийкар ҳәкимшилик жәриймасы қолланылған. Тарқатылған туқымлық шигитлерин егин майданларына егиў ушын даўагер тәрепинен жәми 51 186 200 сомлық қәрежет сарпланғаны, нәтийжеде өнимдарлық қысман өнгенлиги себепли Кеңес зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасын судқа берген. ЭПК 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын жағдайларды дәлийллеўи керек. Өзбекстан Республикасы «Туқымшылық ҳаққында»ғы Нызамның 23статьясы биринши, үшинши бөлимлерине муўапық, егиў ушын пайдаланатуғын туқымлар сертификатластырылыўы лазым ҳәмде туқымларды сертификатластырыў техникалық жақтан тәртипке салыў тараўындағы норматив ҳүжжетлер тийкарында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады. Усы Нызамның 26-статьясы биринши бөлимине көре, туқымлықларды реализациялаўға олардың генетикалық (сорт) ҳәм егислик сапалары көрсетилген муўапықлық сертификаты бар болған жағдайда жол қойылады. Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы Аўыл хожалығы өнимлерин сыпатын баҳалаў орайының С-4727-сортлы R2 әўладына тухымлық шигитлериниң муўапықлық сертификаты рәсмийлестирилгени тастыйықланады. Даўагердиң жуўапкер тәрепинен белгиленген тәртипте рәсмийлестирилмеген тухымлық шигит өнимлериниң тарқатқаны ушын келтирилген зыянды өндириў лазымлығы ҳаққындағы ўәжлери менен суд келиспейди. Себеби, даўагерге жуўапкер тәрепинен берилген тухымлық шигитиниң жарамсызлығы, сол себепли өнимлери өспей зыян көргенлиги ҳеш бир ҳүжжет пенен тастыйықланбады. Бул жағдайда, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады. ЭПКниң 118-статьясы биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи. Сонлықтан, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды, даўа арза берерде даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, даўа Кеңес тәрепинен берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги себепли ис бойынша мәмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты. Жоқарыдағыларға ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176-179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ : Даўаның талабы қанаатландырыўсыз қалдырылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат(лар) берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириўи) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириўи) мүмкин. Судья Г.Арзиева