← Назад
Решение #2848502 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2503/2210-санлы экономикалық ис
судья Г.Арзиева
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Нөкис қаласы
2025 жыл 11 ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Г.Арзиева
басшылығында, даўагер «****» акционерлик жәмийети жуўапкер Нөкис
районы “****” фермер хожалығынан 1 701 272,38 сом тийкарғы қарыз,
182 008,87 сом пеня ҳәм почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын
ҳәм қосымша қылынған ҳүжжетлери менен әпиўайыластырылған тәртипте
көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «****» акционерлик жәмийети (буннан кейин текстте – даўагер
деп жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер “****” фермер хожалығы (буннан кейин текстте – жуўапкер деп
жүритиледи)нен 1 701 272,38 сом тийкарғы қарыз, 182 008,87 сом пеня ҳәм
почта қәрежетин өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (буннан
кейин текстте – ЭПК деп жүритиледи)ниң 2032-статьясының биринши
бөлимине муўапық, егер даўаның баҳасы юридик шахсларға қарата базалық
есаплаў муғдарының жигирма есесинен жеке тәртиптеги исбилерменлерге
қарата болса – базалық есаплаў муғдарының бес есесинен аспаса, даўа арзалар
бойынша ислер әпиўайыластырылған тәртипте көрип шығылыўы лазым.
ЭПКниң 2034-статьясы сегизинши бөлимине муўапық суд
әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртибиндеги исти суд додалаўын
өткерместен, тәреплерди шақыртпастан ҳәм олардың түсиниклерин
еситпестен көрип шығады.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шыгып, даўа арзаны
қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте –
ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына муўапық миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПКниң 236-статьясына муўапық, миннетлемелер миннетлеме
шәртлерине ҳәм нызам хүжжетлери талапларына муўапық лазым дәрежеде
орынланыўы керек.
Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, тәреплер ортасында 2024 жыл 26
декабрь күни 054622-санлы электр энергиясын көтере тутыныўшыларға
жеткерип бериў ҳәм қабыл қылыў ҳаққында шәртнама дүзилген.
Бул жағдайда тәреплерд ң м ннетлемелер электр энерг ясын
жеткер п бер ў ҳәм қабыл қылыў шәртнамасынан кел п шыққан.
Өзбекстан Республикасы “Электр энергиясы ҳаққында”ғы Нызамныӊ
24-статьясында “Электр тәмийнаты шәртнамасына көре **** кәрханасы яки
оныӊ электр тәмийнаты кәрханасы тутыныўшыға электр энергиясын
жалғанған тармақ аркалы жеткерип бериў миннетлемесин алады, тутыныўшы
болса пайдаланылған электр энергиясы ушын ҳақыны өз ўақтында төлеў,
электр энергиясын тутыныўдыӊ шәртнамада нәзерде тутылған режимине
бойсыныў, өзи пайдаланып атырған электр тармақларыныӊ, электр энергиясы
тутыныўы менен байланыслы әсбап ҳәм ускенелердиӊ лазым дәрежедеги
техник жағдайын ҳәмде қәўипсизлигин тәмийнлеў миннетлемесин алады” деп
көрсетилген.
Даўагер тәрепинен шәртнама миннетлемелери лазым дәрежеде
орынланып, электр тармақлары арқалы тутыныўшының келисилген
буйыртпасы бойынша электр энергиясы жеткерип берилген, бул стег
шәртнама,
актлер
ҳәм
баскада
хүжжетлер
менен
толық
тастыйыкланады.
Бырақ, жуўапкер тәрепинен пайдаланылған электр энергиясы ушын өз
ўақтында төлемлер әмелге асырылмаған. Нәтийжеде жуўапкердиң даўагер
алдында 2025 жылдың 1 октябрь жағдайына 3 485 304,25 сом қарызы пайда
болған.
Қарыздарлықты ықтыярый рәўиште төлеў ушын жуўапкерге
жиберилген 2025 жыл 13 октябрь күнги 02-06/504-санлы талапнамасы
жуўапсыз қалдырылған.
Шәртнаманың
3.12-бәндинде
қарыздарлықты
мүддетинде
төлемегенлиги себепли, тутыныўшыларға пеня есапланатуғынлыгы
белгиленген, сонлықтан даўагер 1 701 272,38 сом тийкарғы қарыз ҳәм
182 008,87 сом пеня өндириў талабы менен даўа арза тийкарында судқа
мүрәжат еткен.
Сонлықтан даўагер қарыздарлықты ҳәм пеня өндириу бойынша даўа
талабы менен судқа мүрәжат еткен.
ПКниң 333-статьясының биринши бөлимине тийкарланып қарыздар
айыбы болған жағдайда мәжбуриятты орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада басқаша
тәртип белгиленбеген болса, жуўап береди деп көрсетилген.
Өзбекстан Республикасыныӊ 1998-жыл 29-август күнги 670-I-санлы
“Хожалық жүритиўши субъектлер искерлигиниӊ шәртнамалық-ҳуқықый
базасы ҳаққында”ғы Нызамыныӊ 24-статьясында тәреплердиӊ бири
шәртнама мәжбүриятларын орынламаған яки лазым дәрежеде орынламаған
жағдайда екинши тәреп жеткерилген зыянды зыян көрген тәрепке төлеп
береди деп түсиник берилген.
ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы айыпкер шахстан
өндирилиўи лазым.
Сол себепли, суд даўа арзаны қанаатландырыўды, жуўапкерден даўагер
пайдасына 1 701 272,38 сом тийкарғы қарызын, 182 008,87 сом пеня ҳәм 41
200 сом почта қарежетин, республика бюджети пайдасына 412 000 сом
мәмлекетлик бажы өдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм ЭПКниң 2032, 2034, 118, 176-179статьяларын басшылыққа алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза талабы қанаатландырылсын.
“****” фермер хожалығынан даўагер «****» акционерлик жәмийетиниң
пайдасына 1 701 272,38 сом тийкарғы қарызы, 182 008,87 сом пеня ҳәм 41 200
сом почта қарежети өндирилсин.
“****” фермер хожалығынан республика бюджети пайдасына 412 000
сом мәмлекетлик бажы өндирилсин.
Шешиўши қарары нызамлы күшине киргеннен кейин орынлаў хат
берилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен кейин 10(он) күн өтип нызамлы
күшине киреди ҳәм қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртибинде арза бериўи (прокурор
протест келтириўи) мүмкин.
Судья
Г.Арзиева