Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/2211 Дата решения 11.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 9607f4ec-efd1-4f41-b9a7-282fee21e87c Claim ID PDF Hash 3bb1c33a2514f50f... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/2211-санлы экономикалық ис Нөкис қаласы судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР 2025-жыл 11-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, даўагерден баслық ** қатнасыўында, даўагер Нөкис қаласы “” ЖШЖниң жуўапкер “**” АЖнен 43 435 000 сом қарыз, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириў ҳаққындағы даўа арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди А Н Ы Қ Л А Д Ы: Даўагер “” ЖШЖти жуўапкер “**” АЖнен 43 435 000 сом қарыз, төленген мәмлекетлик бажы, почта қәрежетин өндириўди сораған. Суд мәжилисинде даўагер даўаның талабы тийкарлы болыўы себепли оны қанаатландырыўды сорады. Жуўапкер суд мәжилисине келмеди. Истиң көрилетуғыны ҳаққында хабарланғаны почта ҳүжжети менен тастыйықланады. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 170-статьясы үшинши бөлиминде исти көриў ўақты ҳәм болатуғын орны ҳаққында тийисли тәртипте хабарландырылған жуўапкер, үшинши шахслар суд мәжилисине келмесе, даўа олардың жоқлығында шешилиўи мүмкинлиги белгиленген. Сонлықтан суд исти көрип шығыўды мақул табады. Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, даўагердиң түсинигин ҳәм ўәжлерин тыңлап, даўаның талабын қанаатландырыўды мақул тапты. Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (кейинги орынларда ПК деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар миннетлемелер шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте кѳрсетилген басқа тийкарлардан келип шығады. Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери товар жеткизип бериў шәртнамасынан келип шыққан. ПК 437-статьясына көре, өним жеткизип бериў шәртнамасына муўапық, исбилерменлик искерлиги менен шуғылланып атырған өним жеткизип бериўши сатыўшы шәртлескен мүддет яки мүддетлерде өзи ислеп шығаратуғын ямаса сатып алатуғын товарларды сатып алыўшыға исбилерменлик искерлигинде пайдаланыў ушын яки жеке, шаңарақлық мақсетлерде, хожалықта ҳәм соған уқсас басқа мақсетлерде пайдаланыў менен байланыслы болмаған басқа мақсетлерде пайдаланыў ушын тапсырыў, сатып алыўшы болса товарларды қабыллаў ҳәм олардың ҳақысын төлеў миннетлемесин алады. Истеги ҳүжжетлерге қарағанда, даўагер ҳәм жуўапкер орталарында 2025жыл 10-июнь күни 11-санлы, 2025-жыл 24-июнь күни 7-санлы ҳәм 2025-жыл 15август күни 14-санлы шәртнамалар дузилген. 11-санлы шәртнаманың предметинде даўагер жуўапкерге жәми 10 450 000 сомлық бланклар (канцелярия реңли қағазлары) жеткизип бериў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 2.1-бәнтинде товарларды жеткизиў тәртиби шешилген. Шәртнаманың 2.2-бәнтинде алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. 7-санлы шәртнаманың предметинде даўагер жуўапкерге жәми 30 960 000 сомлық бланклар жеткизип бериў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 2.1бәнтинде товарларды жеткизиў тәртиби шешилген. Шәртнаманың 2.2-бәнтинде алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. 14-санлы шәртнаманың предметинде даўагер жуўапкерге жәми 2 025 000 сомлық бланклар жеткизип бериў миннетлемесин алған. Шәртнаманың 2.1бәнтинде товарларды жеткизиў тәртиби шешилген. Шәртнаманың 2.2-бәнтинде алдын ала 100% төлемниң әмелге асырылыўы нәзерде тутылған. ЭПК 72-статьясында нызамшылыққа муўапық анық дәлийллер менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлийллер менен тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген. Иске қосылған электрон есапбет-фактураларда даўагердиң жуўапкерге 10 450 000 сомлық, 30 960 000 сомлық, 2 025 000 сомлық жәми 43 435 000 сомлық бланкларды жеткизип бергени тастыйықланады. Сонлықтан истеги ҳүжжетлер менен қарыздың талап қылынғаны тийкарлы табылады. Себеби қарызды төлеў ҳаққындағы даўагердиң ескертиў хаты жуўапсыз қалған ягный, жуўапкер төлемлерди әмелге асырмаған. Жоқарыдағылар есапқа алынғанда даўаның талабы тийкарлы болып, жуўапкерден даўагер пайдасына 43 435 000 сом қарыз, 41 200 сом почта қәрежети өндирилиўи мақул табылады. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы жуўапкер шахстан өндирилиўи лазым. Жеңиллик тийкарында алдын ала төленген 434 350 сом мәмлекетлик бажы жуўапкерден даўагер пайдасына өндириледи. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 118, 176179-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР ЕТТИ: Даўаның талабы қанаатландырылсын. “**” АЖнен Нөкис қаласы “” ЖШЖниң пайдасына 43 435 000 сом қарыз, 434 350 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети өндирилсин. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар нызамлы күшине кириўден соң орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов