← Назад
Решение #2848550 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2301-2504/2164-санлы экономикалық ис
Нөкис қаласы
судья С.Ниязов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
2025-жыл 11-ноябрь
Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы С.Ниязовтың
басшылығында, судья жәрдемшиси П.Шыныбековтың хаткерлигинде,
Фермерлер кеңеси ўәкили *** (2025-жыл 30-октябрь күнги 120-санлы исеним
хат тийкарында), даўагер фермер хожалығы баслығы ***, жуўапкер ЖШЖ
баслығы ***, ўәкили *** (2025-жыл 20-октябрьдеги 10-25/10-санлы исеним
хат тийкарында), үшинши шахс ўәкили *** (2025-жыл 20-октябрь күнги 7/253400-санлы исеним хат тийкарында)лардың қатнасыўында, ***ниң
даўагер "***" фермер хожалығының мәпинде жуўапкер "***" ЖШЖнен
даўагер пайдасына 21 790 452,50 сом келтирилген зыянды өндириў
ҳаққындағы даўа арзасы бойынша қозғатылған экономикалық исти суд
имаратында ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
*** (буннан кейин текстте Фермерлер кеңеси деп жүритиледи)
даўагер "***" фермер хожалығы (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип,
жуўапкер "***" ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп жүритиледи)нен
даўагер пайдасына 21 790 452,50 сом келтирилген зыянды өндириўди
сораған.
Судтың 2025-жыл 30-октябрь күнги уйғарыўы менен “***” ЖШЖ,
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы ***, Өзбекстан
Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы *** даўа предметине қарата
ғәрезсиз талаплар менен арыз етпейтуғын үшинши шахслар сыпатында иске
тартылған.
Суд мәжилисинде Фермерлер кеңеси ўәкили даўаның талабы тийкарлы
екенин билдирип, даўаны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде даўагер фермер хожалығы баслығы даўаның талабы
тийкарлы екенин, себеби истеги ҳүжжетлер менен жуўапкердиң муўапықлық
сертификатсыз шигит өнимлерин тарқатқаны тастыйықланатуғынын, бул өз
гезегинде шигит өнип шықпай қалыўына себеп болғанын, нәтийжеде
жуўапкер тәрепинен ҳүжжетлер бойынша 21 790 452,50 сом зыян
келтирилгенин, ал негизинде болса оннан да көп шығындар болғанын
билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўды сорады.
Суд мәжилисинде жуўапкер ЖШЖ баслығы ҳәм ўәкили даўаның
талабы тийкарсыз екени ўәкилликли шахс болған ***ның мағлыўматы менен
тастыйықланатуғынын, яғный даўагерге "***" ЖШЖдан алынған 2023жылғы партиядан сертификатқа ийе шигит берилгенлигин, “***” ЖШЖдан
алынған шигиттиң де 2025-жыл 10-июнь күнги сертификаты бар екенлигин,
даўагерге сыпатсыз тухымлық шигит өнимлери тарқатылмағанлығын
билдирип, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды сорады.
Суд мәжилисинде үшинши шахс ўәкили *** жанындағы *** бөлим
2
баслығы ***, жуўапкер тәрепинен тарқатылған шигитлер бойынша
сертификатлары бар екенлигин, жуўапкер тәрепинен даўагерге берилип,
жарамсыз шигитлер анықланыў жағдайы жүз бермегенлигин билдирип,
нызамлы шешим қабыл етиўди сорады.
Үшинши шахс “***” ЖШЖ ўәкили суд мәжилисине келмеди.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына
тийкар суд үшинши шахс ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым
тапты.
Суд исте қатнасыўшы шахслар ўәкиллериниң түсиндирмелерин,
ўәжлерин тыңлап, истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендеги
тийкарларға көре даўаны қанаатландырыўсыз қалдырыўды мақул
тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкар, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
ПКниң 14-статьясы екинши бөлимине тийкар, зыян дегенде ҳуқықы
бузылған шахстыӊ бузылған ҳуқықын тиклеў ушын қылған яки қылыўы
лазым болған қәрежетлер, оныӊ мал-мүлки жоқлығы ямаса зыянланыўы
(ҳақыйқый зыян), сондай-ақ бул шахс өз ҳуқықлары бузылмағанында
пуқаралық қатнасық шараятында алыўы мүмкин болған, бирақ алалмай
қалған дәраматлары түсиниледи.
ПКниң 985-статьясы биринши бөлимине тийкар, нызамсыз ҳәрекет
(ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мал-мүлкине келтирилген
зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа келтирилген зыян, соның ишинде
қолдан берилген пайда зыянды келтирген шахс тәрепинен толық көлемде
қапланыўы лазым.
Даўаның талабы келтирилген зыянды өндириў болып табылады.
Анықланыўынша, истеги тәреплер орталарында 2025-жыл 26-февраль
күни 55267-санлы, 2025-жыл 11-март күни 79228-санлы фьючерс
шәртнамалары дүзилген. Шәртнамаларға көре даўагер жуўапкерге 226 075
200 сомлық, 56 518 800 сомлық пахта шийки затын жеткизип бериў
миннетлемелерин алған.
ЭПКниң 72-статьясында нызамшылыққа муўапық, анық дәлиллер
менен тастыйықланыўы керек болған ис жағдайлары басқа дәлиллер менен
тастыйықланыўы мүмкин емес деп белгиленген.
Фьючерс шәртнамаларының шәртлерин орынлаў мақсетинде даўагер
жуўапкерден 2025-жыл 21-25-май күнлери жәми 510 кг болған С-4727сортлы R2 әўлады тухымлық шигит өнимлерин алғаны товар-транспорт жүк
хаты менен тастыйықланады.
*** Хожели районы бөлими хызметкери ***, жуўапкер *** қатнасында
2025-жыл 22-май күни дүзилген акт мазмунында, “***” ЖШЖнен
жуўапкерге келтирилген С-4727-сортлы R2 әўладының 61,360 тонна
3
тухымлық шигит партиясының муўапықлық сертификаты болмаған
тухымлық шигитлери фермерлерге тарқатылғаны анықланған.
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодексиниң 1042-статьясы биринши бөлимине көре, аўыл хожалық
өнимлерин ҳәм тухымлықларды қабыллаў, саклаў қайта ислеў ҳәмде олардан
пайдаланыў тәртибин, сондай-ақ, агросаноат комплекси тараўында
технологиялық процесслер талапларын бузыў - базалық есаплаў муғдарының
он бес барабарынан жигирма барабары муғдарында жәрийма салыўға себеп
болады.
Сертификаты болмаған тухымлық шигит өнимлери фермерлерге
тарқатылған жағдайы бойынша жынаят ислери бойынша Хожели районы
судының 2025-жыл 12-июнь күнги 3-2307-2502/779(3-2307-2502/749)-санлы
қарары менен истеги жуўапкер "***" ЖШЖниң баслығы - ҳуқықбузар ***қа
Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы
кодексиниң 74-статьясы екинши ҳәм 1042-статьясы биринши бөлимлерине
тийкар ҳәкимшилик жәриймасы қолланылған.
Тарқатылған тухымлық шигитлерин егин майданларына егиў ушын
даўагер тәрепинен жәми 21 790 452,50 сомлық қәрежет сарпланғаны,
нәтийжеде өнимдарлық шықпағаны себепли Фермерлер кеңеси даўагер
мәпинде зыян өндириў ҳаққындағы даўа арзасын судқа берген.
ЭПКниң 68-статьясы биринши бөлимине тийкар, исте қатнасыўшы ҳәр
бир шахс өз талабына ҳәм наразылығына тийкар қылып келтиретуғын
жағдайларды дәлиллеўи керек.
Өзбекстан Республикасы «Туқымшылық ҳаққында»ғы Нызамның 23статьясы биринши, үшинши бөлимлерине муўапық, егиў ушын
пайдаланатуғын
тухымлар
сертификатластырылыўы
лазым
ҳәмде
тухымларды сертификатластырыў техникалық жақтан тәртипке салыў
тараўындағы норматив ҳүжжетлер тийкарында Өзбекстан Республикасы
Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Агросанаат комплекси үстинен
қадағалаў инспекциясы тәрепинен әмелге асырылады.
Усы Нызамның 26-статьясы биринши бөлимине көре, туқымлықларды
реализациялаўға олардың генетикалық (сорт) ҳәм егислик сапалары
көрсетилген муўапықлық сертификаты бар болған жағдайда жол қойылады.
Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жанындағы
***ның суд мәжилисинде усынған мағлыўматында жуўапкерге “***” ЖШЖ"
ҳәм «***» ЖШЖ тәрепинен алынған С-4727-сортлы R2 әўладына тухымлық
шигитлериниң
муўапықлық
сертификаты
рәсмийлестирилгени
тастыйықланады.
Даўагердиң
жуўапкер
тәрепинен
белгиленген
тәртипте
рәсмийлестирилмеген тухымлық шигит өнимлериниң тарқатқаны ушын
келтирилген зыянды өндириў лазымлығы ҳаққындағы ўәжлери менен суд
келиспейди. Себеби, даўагерге жуўапкер тәрепинен берилген тухымлық
шигитиниң жарамсызлығы, сол себепли өнимлери өспей зыян көргенлиги
ҳеш бир ҳүжжет пенен тастыйықланбады.
4
Бул жағдайда, даўа арзаны қанаатландырыўсыз қалдырыўға жатады.
ЭПКниң 118-статьясы биринши бөлимине муўапық, суд қәрежетлери
исте қатнасыўшы шахслардың қанаатландырылған даўа талаплары
муғдарына сәйкес түрде олардың мойнына жүклетиледи.
Баян етилгенлерден келип шығып, суд даўа арзаны қанаатландырыўсыз
қалдырыўды, даўа арза берерде даўагер тәрепинен төленген 41 200 сом почта
қәрежетин даўагердиң мойнында қалдырыўды, даўа Кеңес тәрепинен
берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажыдан азат етилгенлиги себепли ис
бойынша мәмлекетлик бажы өндирмеўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы
Экономикалық процессуаллық кодексиниң 118, 176-179-статьяларын
басшылыққа алып, суд
ҚАРАР
ЕТТИ :
Даўа арза қанаатландырыўсыз қалдырылсын.
Шешиўши қарар қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде
шешиўши қарарға наразы тәреп усы суд арқалы Қарақалпақстан
Республикасы судына апелляциялық тәртипте арза бериўге, прокурор
нызамда белгиленген тәртипте протест келтириўге ҳақылы.
Судья
С.Ниязов