← Назад
Решение #2848594 Экономические
Судебный акт
Реквизиты
Стороны
Текст решения
Оригинал (узб.)
4-2303-2501/1225-санлы экономикалық ис
судья Қ.О.Хожамуратов
Өзбекстан Республикасы атынан
ШЕШИЎШИ ҚАРАР
Қоңырат районы
2025-жыл 11-ноябрь
Қоңырат районлар аралық экономикалық судының судьясы
Қ.О.Хожамуратов усы күни даўагер «А*** э*** т***» акционерлик
жәмийетиниң жуўапкер «H***-B***-K***» жуўапкершилиги шекленген
жәмийетинен 237 612,27 сом тийкарғы қарызын өндириўди сораған даўа
арзасына тийкар қозғатылған экономикалық исти әпиўайыластырылған ис
жүритиў тәртибинде көрип шығып, төмендегилерди
А Н Ы Қ Л А Д Ы:
Даўагер «А*** э*** т***» АЖ (буннан кейин текстте даўагер деп
жүритиледи) экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер
«H***-B***-K***» ЖШЖ (буннан кейин текстте жуўапкер деп
жүритиледи)нен 237 612,27 сом тийкарғы қарызын өндириўди сораған.
Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодекси
(буннан кейин текстте ЭПК деп жүритиледи) 2034-статьясының екинши ҳәм
төртинши бөлимлерине муўапық жуўапкер даўа арза бойынша жазба
пикирин даўа арзасын ѳндириске қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққындағы
уйғарыў шығарылған күннен баслап он бес күнлик мүддет ишинде судқа өзи
тийкарланып атырған ҳүжжетлер ҳәм дәлийллерди қосымша қылған ҳалда
усыныўға ҳақылы. Жазба пикирге оның көширме нусқасы даўагерге
жиберилгенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжет қосымша қылынады.
Даўа арзасының судқа жиберилиўи ҳаққында тийисли тәртипте
хабардар қылынған жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша жазба пикир
усынылмағанлығы даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў тәртиби
бойынша көрип шығыўға тосқынлық қылмайды.
Суд жуўапкер тәрепинен даўа арза бойынша ҳеш қандай қарсы пикир
усынылмағанлығы себепли даўа арзаны әпиўайыластырылған ис жүритиў
тәртиби бойынша көрип шығыў мүмкин деген жуўмаққа келди.
Суд истеги ҳүжжетлерди үйренип шығып, төмендегилерге тийкар
даўа арзаны толық қанаатландырыўды мақул тапты.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодекси (буннан кейин текстте ПК
деп жүритиледи)ниң 8 ҳәм 234-статьяларына тийкарланып, миннетлемелер
шәртнамадан, зыян жеткизиў нәтийжесинде ҳәмде усы Кодексте көрсетилген
басқа тийкарлардан келип шығады.
Бул жағдайда тәреплердиң миннетлемелери э*** энергиясы тәмийнаты
шәртнамасынан келип шыққан.
ПКниң 468-статьясына муўапық энергия тәмийнаты шәртнамасына
тийкар энергия менен тәмийинлеўши шөлкем тутастырылған тармақ арқалы
2
абонентке энергия берип турыў миннетлемесин алады, абонент болса қабыл
қылынған энергия ҳақысын төлеў, сондай-ақ шәртнамада нәзерде тутылған
энергия пайдаланыў тәртибине әмел қылыў, пайдаланыўындағы энергетика
шақапшаларынан пайдаланыў қәўипсизлигин ҳәмде өзи пайдаланатуғын
энергиядан пайдаланыў әсбап ҳәм үскенелериниң сазлығын тәмийинлеў
миннетлемесин алады.
Ѳзбекстан
Республикасы
«Э***
энергетикасы
ҳаққында»ғы
Нызамының 27-статьясына муўапық, тутыныўшы э*** тәмийнаты
шәртнамасы шәртлеринде белгиленген э*** энергиясынан пайдаланыў
режимине әмел етиўи, пайдаланылған э*** энергиясы ушын ҳақыны э***
тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде ѳз ўақтында тѳлеўи
лазым.
Истеги ҳүжжетлерден анықланыўынша, тәреплер ортасында 2024-жыл
21-май күни көтере тутыныўшыларға э*** энергиясын жеткизип бериў
ҳаққында 025448-санлы шәртнама дүзилген болып, оның I бөлимине
муўапық даўагер жуўапкерге э*** энергиясын тутасқан тармақ арқалы
жеткизип бериў ҳәм жуўапкер болса пайдаланылған э*** энергиясы ушын ѳз
ўақтында ҳақы төлеў миннетлемелерин алған.
Шәртнамаға муўапық тутыныўшы менен кәрхана ортасындағы ѳз-ара
есап-китаплар ушын есап-китап дәўири бир айды қурайтуғынлығы
көрсетилген ҳәм тутыныўшыға ѳзиниң пайдаланған э*** энергиясы ушын ѳз
ўақтында есап-китап қылып барыў миннетлемеси жүклетилген.
Шәртнаманың 3.6-бәндинде ЭЕАҚАСқа жалғанған яки алдыннан ҳақы
төлеў қурылмасы ҳәм есапқа алыў приборына ийе болған тутыныўшыларға
э*** энергиясын жеткизип бериў алдыннан төленген төлем шеңберинде
әмелге асырылады.
Тутыныўшыларға э*** энергиясын жеткизип бериў кеминде 50 пайыз
алдыннан ҳақы тѳлеў тийкарында әмелге асырылатуғынлығы, э***
тәмийнаты шәртнамасында белгиленген мүддетлерде алдыннан ҳақы
төлемеген тутыныўшыларға э*** т***нан толық үзиўге шекемги болған
шаралар көрилетуғынлығы белгилеп қойылған.
ПКниң 236-статьясына тийкар миннетлемелер миннетлеме шәртлерине
ҳәм нызам ҳүжжетлери талапларына муўапық, бундай шәртлер ҳәм талаплар
болмағанда ис-қатнасықлары әдетлерине яки әдетте қойылатуғын басқа
талапларға муўапық лазым дәрежеде орынланыўы керек.
ПК 333-статьясының биринши бөлимине муўапық қарыздар айыбы
болған жағдайда миннетлемени орынламаған яки лазым дәрежеде
орынламағанлығы ушын, егер нызам ҳүжжетлеринде яки шәртнамада
басқаша тәртип белгиленген болмаса, жуўап береди деп көрсетилген.
Жуўапкер шәртнама миннетлемесин лазым дарежеде орынламағанлығы
себепли 2025-жыл 1-октябрь ҳалатына оның жәми 237 612,27 сом мүддети
өткен тийкарғы қарызы пайда болған ҳәм бул қарыздарлық бүгинги күнге
дейин төленбеген.
Бул жағдайлар истеги шәртнама, салыстырыў акти, талапнама,
мағлыўматнама ҳәм басқа да ҳүжжетлер менен тастыйықланады.
3
Сонлықтан, суд даўа талапларын толық қанаатландырыўды лазым
тапты.
Буннан тысқары, ЭПК 118-статьясының биринши ҳәм екинши
бѳлимлерине муўапық суд қәрежетлери исте қатнасыўшы шахслардың
қанаатландырылған даўа талаплары муғдарына муўапық түрде олардың
мойнына жүклетиледи.
Шешиўши қарар ѳз пайдасына шығарылған тәрепке ис бойынша
қылынған барлық суд қәрежетлериниң орны, ҳәттеки басқа тәреп
мәмлекетлик бажыны тѳлеўден азат етилген болса да усы басқа тәреп
есабынан қапланады.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы
Нызамына
қосымша
қылынған
Мәмлекетлик
бажы
ставкалары
муғдарларының 2-бәнди «а» киши бәндинде мүлкий түске ийе даўа арзалар
ушын даўа баҳасының 2 пайызы муғдарында, бирақ базалық есаплаў
муғдарының 1 есесинен кем болмаған муғдарда мәмлекетлик бажы ҳәм
Ѳзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Президиумының 2024-жыл
29-февральдағы РС-08-24-санлы қарарында барлық ислер бойынша базалық
есаплаў муғдарының 10 пайызы муғдарында почта қәрежети
тѳленетуғынлығы кѳрсетилген.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 2-июньдеги
«Ис ҳақи, пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар муғдарын асырыў
ҳаққында»ғы ПФ-91-санлы Пәрманына тийкар 2025-жыл 1-августтен баслап
базалық есаплаў муғдары 412 000 сом етип белгиленген.
Даўагер тәрепинен ис бойынша алдыннан 2025-жыл 5-сентябрь күни
хабар системасы арқалы автоматик рәўиште жаратылған 252484997415инвойс рақамлы квитанция арқалы 41 200 сом почта қәрежети тѳленген.
Сол себепли, суд жуўапкерден республика бюджетине 412 000 сом
мәмлекетлик бажы ҳәм даўагер пайдасына 41 200 сом почта қәрежетин
ѳдириўди лазым тапты.
Жоқарыдағыларға тийкар ҳәм Өзбекстан Республикасы Экономикалық
процессуаллық кодексиниң 118, 176-179, 2031-2035-статьяларын басшылыққа
алып, суд
ҚАРАР ЕТТИ:
Даўа арза толық қанаатландырылсын.
Жуўапкер
«H***-B***-K***»
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен даўагер «А*** э*** т***» акционерлик жәмийетиниң
пайдасына 237 612,27 сом тийкарғы қарызы ҳәм 41 200 сом почта қәрежети
өндирилсин.
Жуўапкер
«H***-B***-K***»
жуўапкершилиги
шекленген
жәмийетинен республика бюджетине 412 000 сом мәмлекетлик бажы
өндирилсин.
Шешиўши қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ѳткеннен соң
нызамлы күшине киреди.
4
Шешиўши қарар нызамлы күшине киргеннен соң орынлаў хатлар
берилсин.
Шешиўши қарар үстинен ол қабыл қылынған күннен кейин он күн
ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық
тәртипте арза (прокурор протест) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция
тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшине кирген
күннен баслап алты ай ишинде кассациялық тәртипте арза (прокурор
протест) келтириў мүмкин.
Судья
Қ.О.Хожамуратов