Реквизиты
Категория Экономические Номер дела 4-2301-2502/1912 Дата решения 11.11.2025 Инстанция Первая инстанция Тип документа Суд Нукусский межрайонный экономический суд Судья BAYMURATOV BERDIMURAT AMANGELDIEVICH Язык
Стороны
Истец / Обвинение Ответчик / Подсудимый
Source ID 7814ad06-d844-4470-8068-6f2520afdb3b Claim ID PDF Hash 79e354130dcc1fe2... Загружено 10.04.2026 17:06 PDF
Текст решения Оригинал (узб.)
4-2301-2502/1912-санлы экономикалық ис судья Б.Баймуратов Өзбекстан Республикасы атынан ШЕШИЎШИ ҚАРАР Нөкис қаласы 2025-жыл 11-ноябрь Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьясы Б.Баймуратов басшылығында, судья жәрдемшиси С.Опаеваның хаткерлигинде, арза бериўши ўәкили ** (2025-жыл 13-январь күнги 08-санлы исеним хат тийкарында), ўақтынша бақлаўшы ** қатнасыўында, арза бериўши Самарқанд ўәлаяты “**” ЖШЖти қоспа кәрханасының қарыздар Нөкис қаласы “**” ЖШЖтин төлеўге қәбилийетсиз деп табыў ҳаққындағы арзасын ҳәм қосымша ҳүжжетлерин суд имаратында, видеоконференция байланыс режими арқалы өткерилген ашық суд мәжилисинде көрип шығып, төмендегилерди АНЫҚЛАДЫ: “**” ЖШЖти қоспа кәрханасы (кейинги орынларда арза бериўши банк деп жүритиледи) экономикалық судына арзасы тийкарында мүрәжат етип, “**” ЖШЖтин (кейинги орынларда қарыздар деп жүритиледи) төлеўге қәбилетсизбанкрот деп табыўды сораған. Суд мәжилисинде арза бериўши ўәкили арза талабы тийкарлы болыўы себепли қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сорады. Ўақтынша бақлаўшы суд мәжилисинде қарыздардың мүлклери жоқ екенин, бирақ салық органы, банк алдында қарызлары ҳаққындағы есабатын усынып, оны төлеўге қәбилетсиз деп табыўды сорады. Қарыздар суд мәжилисине келмеди. Иске қосылған ** мағлыўматында қарыздардың рәсмий мәнзили болған **нда пуқара ** жасамайтуғыны көрсетилген. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодекси (кейинги орынларда ЭПК деп жүритиледи)ниң 128, 170-статьяларына тийкар суд қарыздар ўәкилиниң қатнасыўысыз исти көриўди лазым тапты. Суд, арза бериўши ўәкилиниң, ўақтынша бақлаўшының түсиниклерин, ўәжлерин тыңлап, топланған ҳүжжетлерди үйренип шығып, арзаны қанаатландырыўды мақул тапты. Усынылған ҳүжжетлерге қарағанда, арза бериўши ҳәм қарыздар орталарында 2021-жыл 01-апрель күни дүзилген 16-санлы дистрибьютерлик шәртнамасы бойынша 12 053 411,21 сомлық қарыздарлық жүзеге келген. Нөкис районлар аралық экономикалық судының 2022-жыл 25-март күнги 4-2301-2204/185-санлы шешиўши қарарында истеги қарыздар есабынан арза бериўши пайдасына 12 053 411,21 сом қарыз, 4 000 000 сом пеня, 2 100 265,62 сом процент, 747 163,85 сом мәмлекетлик бажы, 21 600 сом почта қәрежетин өндириў белгиленген. Шешиўши қарарына тийкар судтың 2022-жыл 26-апрель 1 күни орынлаў хаты (ижро варақа) берилген. Мәжбурий орынлаў бюросы Нөкис қаласы бөлиминиң 2025-жыл 03январь күнги қарарында Өзбекстан Республикасының «Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа органлар ҳүжжетлерин орынлаў туўрысында»ғы Нызамының 40-статьясы биринши бөлими 3-бәнтине тийкар судтың орынлаў хаты қайтарылған. Қарыздарлық белгиленген мүддет ҳәм муғдарда сөндирилмегени себепли арза бериўши судқа арзасы тийкарында мүрәжат еткен. Өзбекстан Республикасы «Төлеўге қәбилетсизлик ҳаққында»ғы Нызамының (кейинги орынларда Нызам деп жүритиледи) 5-статьясы биринши бөлимине тийкар, төлеўге қәбилетсизлик белгилери төмендегилерден ибарат: ўақтынша төлеўге қәбилетсизлик-егер тийисли миннетлемелер жүзеге келген сәнеден үш ай ишинде қарыздар тәрепинен орынланбаған болса, қаланы қураўшы кәрхана ҳәмде оған теңлестирилген кәрханалар тәрепинен болса-алты ай ишинде орынланбаған болса, судқа мүрәжат етиў сәнесинде қарыздардың пул миннетлемелери бойынша кредиторлар талапларын қанаатландырыўға ҳәм (яки) салық ҳәм жыйымлар бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин емеслиги; мүдамы төлеўге қәбилетсизлик-егер судқа арза бериў сәнесиндеги ҳәм арза берилген жылдың басындағы есабат дәўиринде, егерде арза жылдың биринши шерегинде берилген болса, өткен жылдың басындағы есабат дәўиринде қарыздардың миннетлемелери оның активлери баҳасынан асып кеткен болса деп белгиленген. Нызамның 37-статьясы биринши, бесинши бөлимлерине көре, төлеўге қәбилетсизлик ҳаққындағы ис усы Нызамның 5-статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған белгилер бар болғанда суд тәрепинен қозғатылыўы мүмкин, буннан усы Нызамда нәзерде тутылған жағдайлар тысқары деп белгиленген. Кредитордың қарыздарға қарата төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққында ис қозғатыў ҳәмде оны банкрот деп табыў, сондай-ақ сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы арза менен судқа мүрәжат етиўи ушын кредитор талапларының тийкарлылығын тастыйықлаўшы дәлийллер, атап айтқанда судтың нызамлы күшке кирген қарары, бул талаплар қарыздар тәрепинен тән алынғанлығын тастыйықлаўшы дәлийллер, нотариустың орынлаў хаты тийкар болады. Нызам 52-статьясының биринши ҳәм екинши бөлимлерине муўапық, төлеўге қәбилийетсизликке байланыслы тиклеў процедураларынан бирин енгизиў, келисим питимин тастыйықлаў яки төлеўге қәбилийетсизлик ҳаққындағы исти өндиристен қысқартыў ушын тийкарлар бар болмағанда судтың қарыздар юридикалық шахсты банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы қарары усы Нызамның 5статьясы биринши бөлиминде нәзерде тутылған төлеўге қәбилийетсизлик белгилери анықланған жағдайларда қабыл қылынады. Судтың қарыздар юридикалық шахсты банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди баслаў ҳаққындағы қарарында қарыздарды банкрот деп табыў ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиўди 2 баслаў, сапластырыў басқарыўшысын тайынлаў ҳәм оған ҳақы төлеў ҳаққындағы көрсетпе сәўлелендирилиўи керек. Нызамның 26-статьясы биринши бөлимине көре, суд басқарыўшысына ўазыйпаларын атқарғанлығы ушын ҳақы төлеў муғдары ҳәм тәртиби орынланған ислер көлеминен келип шыққан ҳалда кредиторлардың жыйналысы тәрепинен белгиленеди, суд тәрепинен тастыйықланады ҳәмде, егер кредиторлар менен дүзилген питимде басқаша қағыйда нәзерде тутылған болмаса, қарыздардың мал-мүлки есабынан төленеди. Қарыздардың арза бериуши алдындағы қарызы 18 922 440,68 сомды қурайды. Бул қарызлар сөндирилмеген. Бақлаў процедурасы дәўринде қарыздардың суд басқарыўшысы ис ҳақысына 13 184 000 сом, оған есапланған социалық салық төлеми бойынша 131 840 сом, дағаза ушын 391 000 сом, арза бериўши алдында 18 922 441 сом сом жәми 32 629 281 сом қарызлары бар екенлиги анықланған. Сондай-ақ, кредиторлар жыйналысының 2025-жыл 05-ноябрь күнги шешиминде қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыў, сапластырыў басқарыўшысы етип ** кандидатурасын тастыйықлаў ҳәм оған базалық есаплаў муғдарының 20-есесиндеги айлық ис ҳақы белгиленген. Суд, қарыздардың төлемлер бойынша өз миннетлемелерин орынлаўға мүмкин емеслиги себепли арза талабын қанаатландырыўды, қарыздарды төлеўге қәбилетсиз деп табыўды ҳәм сапластырыўға байланыслы ис жүритиў процедурасын қоллаўды лазым тапты. ЭПК 118-статьясына тийкар, мәмлекетлик бажы қарыздардан өндириледи. Базалық есаплаў муғдарының үш есесиндеги мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети ҳәм видеоконференция байланысы ушын 103 000 сом суд қәрежети қарыздардан арза бериўши пайдасына өндирилиўи лазым. Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуал кодексиниң 36, 118, 176-179, 210-статьяларын басшылыққа алып, суд ҚАРАР T T И: Арза бериўшиниӊ талабы қанаатландырылсын. Нөкис қаласы “**” ЖШЖти (СТИН:**) банкротлықтыӊ улыўма процедурасы бойынша төлеўге қәбийлетсиз-банкрот деп табылсын, сапластырыў өндириси ашылсын. Сапластырыў басқарыўшысы етип ** тайынлансын ҳәм айлық ис ҳақысы базалық есаплаў муғдарының 20-есесинде белгиленсин. Сапластырыў басқарыўшысына қарыздар банкрот деп табылғанлығы ҳаққында рәсмий газетада жәриялаў, белгиленген тәртипте сапластырыў жумысларын алып барыў, қарыздарға тийисли барлық дөнгелек мөр ҳәм штамплар (печать) рәсмийлестирилип алынсын, сапластырыў режесин дүзиў, қарыздардыӊ мал-мүлкин анықлаў ҳәм өзиниӊ басқарыўына алыў, экономикалық судыныӊ талабына тийкар мағлыўматлар берип барыў ҳәм сапластырыў өндириси бойынша жуўмақлаўшы жазба түрдеги есабатыӊ 20263 жыл 11-февраль күнине шекем Нөкис районлар аралық экономикалық судына усыныў жүкленсин. “**” ЖШЖти есабынан “**” ЖШЖти қоспа кәрханасының пайдасына 1 236 000 сом мәмлекетлик бажы, 41 200 сом почта қәрежети, 103 000 сом суд қәрежети өндирилсин. Орынлаў хат берилсин. Шешиўши қарары дархал орынлаўға қаратылсын. Шешиўши қарар қабыл етилген күннен бир айдан кейин нызамлы күшине киреди. Шешиўши қарар үстинен ол қабыл етилген күннен баслап бир ай ишинде усы суд арқалы Қарақалпақстан Республикасы судына апелляциялық арза бериў (прокурор протест келтириў) яки нызамлы күшине кирген ҳәм апелляция тәртибинде көрилмеген шешиўши қарар үстинен ол нызамлы күшке кирген күннен баслап алты ай ишинде кассация тәртибинде арза бериў (прокурор протест келтириў) мүмкин. Судья Б.Баймуратов 4